Төрт ўәлаяттан келген
қәнигелер Нөкистеги мәмлекетлик тилде жумыс жүритиўге қәнигелескен бөлим
жумысын үйренди
Ҳүкиметлик қарар тийкарында Мәмлекетлик тилде ис жүритиў тийкарларын оқытыў ҳәм билимлерди жетилистириў орайы шөлкемлестирилген еди. Ҳәзирде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда бул орайдың аймақлық бөлимлери жумыс алып бармақта.
25-26 июнь күнлери орайдың
Наўайы, Жиззах, Сурхандәрья, Сирдәрья ўәлаятларының аймақлық бөлим баслықлары
Нөкистеги мәмлекетлик тилде ис жүритиўге қәнигелескен бөлимниң жумысы менен танысты.
Мийнманлар дәслеп Нөкистеги семинарда қатнасты. Бул жерде жәми 6 модул тийкарында семинар шөлкемлестирилген. Бул бөлимде министрлик, мәкеме, ҳүкимет ҳәм хожалық бирлеспелери хызметкерлерине шәртнама тийкарында өзбек ҳәм қарақалпақ көркем әдебиятына байланыслы тил нормалары, латын жазыўына тийкарланған өзбек ҳәм қарақалпақ әлиппеси ҳәм орфографиясы, мәмлекетлик тилде ис жүритиў тийкарлары пәнлери бойынша семинарлар алып барылмақта.
Буннан соң мийманлар
тәжирийбе алмасыў мақсетинде нөкисли кәсиплеслери менен пикирлести. Онда
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының мәмлекетлик тил
мәселелери бойынша мәслаҳәтшиси Пердеғалый Дабилов ҳәм Бөлим баслығы Фарҳод
Бабажонов қатнасты. Ушырасыўда мәмлекетлик тил, латын жазыўына тийкарланған
өзбек ҳәм қарақалпақ әлиппесин мәмлекетлик шөлкемлер ислейтуғын хызметкерлерге
оператив түрде үйретиў бойынша пикир алмасылды.
Сондай-ақ, күнниң екинши
ярымында бөлимниң май айындағы питкериўшилерине сертификат тапсырыў мәресими
болып өтти.
Үлгили искерлиги ушын Мәмлекетлик тилде жумыс
жүритиў тийкарларын оқытыў ҳәм билимлерин жетилистириў орайы Қарақалпақстан
Республикасы аймақлық бөлими баслығы Фарҳод Бабажонов Министрлер Кеңеси
тәрепинен арнаўлы алғыснама менен сыйлықланды.