30.12.2024, Дүйшемби

Мүрәжаатларды көрип шығыў

  1. "Фуқароларнинг мурожаатларини кориб чиқиш" хизмат-регламенти (pdf 253 KB)

  2. 1. Министрлер Кеңесиниң аппаратында пуқаралардың аўызша, жазба түрдеги арза ямаса електрон (хат менен arza@karakalpakstan.uz електрон почтаға ямаса «Мүрәжат етиў» сайт бөлиминен), усыныс ҳәм шағымлар менен ислеў және пуқараларды қабыллаў Өзбекстан Республикасының «Пуқаралардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Нызамы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы «Пуқаралардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Нызамы тийкарында әмелге асырылады.

    2. Пуқаралардың мүрәжатлары менен ислеў ушын жуўапкершилик Министрлер Кеңесиниң Баслығы, орынбасарлары, улыўма бөлим, топар ҳәм басқарма басшылары, секретарият баслықларына жукленген.

    3. Министрлер Кеңесинде пуқаралар Министрлер Кеңесиниң Баслығы, Баслық орынбасарлары, Министрлер Кеңесиниң секретариятлары, бөлим, басқарма ҳәм топар басшылары тәрепинен пуқараларды қабыллаў ханасында қабыл етиледи. Қабылллаў белгиленген кесте тийкарында әмелге асырылады. Қабыллаў кестеси пуқараларға жәрияланады.

    4. Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм оның орынбасарлары тәрепинен п аймақларда болып өтетуғын көшпели қабыллаўлар арнаўлы кесте тийкарында избе-из әмелге асырылады.

    5. Ҳәр бир пуқараның қабыллаўынан соң қабыллаў бойынша ҳүжжетлер рәсмийлестиреледи. Онда қабыллаўда болған пуқараның фамилиясы, аты, әкесиниң аисми, анық жасайтуғын мәнзили ҳәм мүрәжаттың қысқаша мазмуны жазып қойылады. Қабыллаў бойынша жазылған бетлер улыўма бөлимнен дизимнен өткериледи. Қабыллаўда көтерилген машқала шешилиўи ушын тийисли орынлаўшыларға жиберилидеи ҳәм ол Министрлер Кеңеси аппаратының тийисли бөлим әне улыўма бөлими баслықлары тәрепинен жеке қадағалаўға алынады.

     6. Пуқаралар қабыллаўын шөлкемлестириў ушын жуўапкершилик Министрлер Кеңесиниң Ислер басқарыўшысына ҳәм улыўма бөлимниң баслығына жүкленеди.

    7. Улыўма бөлимниң баслығы Министрлер Кеңесине пуқаралардан келген мүрәжатларды қабыл етип алады, мазмунына қарап Министрлер Кеңеси Баслығы тапсырмасын жойбарын таярлайды ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығы жеке көрип шығыўы ушын усыныс етеди. Министрлер Кеңесиниң Баслығы тәрепинен мүрәжатты үрениў бойынша берилген тапсырма улыўма бөлимде дизимнен өткериледи ҳәм тийисли орынлаўшыларға жибериледи. Бул процесс улыўма бөлимниң баслығы тәрепинен қадағалаўға алынады. Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары ямаса Министрлер Кеңеси аппаратының улыўма бөлими, топар ҳәм басқарма баслықлары, секретарият баслықларының атына келген мүрәжатлар да улыўма бөлимниң баслығы тәрепинен әйне усы тәртипте рәсмийлестириледи ҳәм қадағалаўға алынады.

    8. Пуқаралардың мүрәжатларын үйренип шығыў ушын Министрлер Кеңесиниң Баслығы яки усы мүрәжатты көрип шығыў ушын жиберилген Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары тәрепинен тийисли қәнигелерден ибарат жумысшы топар дүзилиўи мүмкин.

    9. Пуқаралардың усынслары келип түскен күннен баслап бир айға шекемги болған мүддет ишинде көрип шығылады, қосымша үрениў талап етилетуғын усыныслар буған кирмейди ҳәм бул ҳаққында усыныс киргизген шахсқа он күнлик мүддет ишинде мәлим етиледи.

    10. Арза ҳәм шағымлар Министрлер Кеңесине келип түскен күннен баслап бир айға шекемги болған мүддет ишинде, қосымша үрениўди ҳәм тексериўлерди талап етпейтуғын арзалар менен шағымлар болса, он бес күннен кешиктирилмей көрип шығылады.

     11. Арза ҳәм шағымды көрип шығыў ушын тексериў өткериў, қосымша материаллларды талап етип алыў яки басқа да илажлар көриў зәрүр болған жағдайларда, арза ҳәм шағымды көрип шығыў мүддети Министрлер Кеңесиниң Баслығы тәрепиненбурынғыдан өзгеше түрде узағы менен бир айға узайтылыўы мүмкин ҳәм бул туўралы арза ямаса шағым берген шахсқа мағлыўмат бериледи.

     12. Министрлер Кеңесиниң қабыллаўына келген пуқараларға олардың мүрәжатлары бойынша сол ўақытта түсиник бериледи, мәселениң мазмунына қарап оның көрип шығылыў нәтийжелери ҳаққында мүрәжат ийелерине жазба түрде мағлыўмат берилиўи де мүмкин.

    13. Пуқараның фамилиясы (аты, әкесиниң аты), жасаў мәнзили ҳаққындағы мағлыўматлар көрсетилмеген яки бул туўралы надурыс мағлыўматлар көрсетилгенде, сондай-ақ, қол қойылмаған мүрәжатлар аноним деп есапланады ҳәм ол көрип шығылмайды.

    14.Пуқаралардың мүрәжатларында көтерилген мәселелерди шешиў Министрлер Кеңесиниң ўәкиллигине кирмейтуғын болса, узағы менен бес күнлик мүддет ишинде тийисли органларға жибериледи ҳәм бул туўралы пуқараға хабар етиледи.

    15. Улыўма бөлимниң баслығы ҳәр жумыс күниниң жуўмағында пуқаралардың мүрәжатларын дизимнен өткериў ҳәм олар менен алып барылған жумысларды талқылайды, нызам бузылыў жағдайларына жол қоймаў шараларын көреди. Ай жуўмақлары бойынша Министрлер Кеңесине пуқалалардан келип түскен мүрәжатларды улыўмастырып, олардың мазмуны бойынша анализленген мағлыўмат киргизеди.

    Пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша жуўапкер шахс:

    Аметов Джандос Сарсенбаевич

     

    Министрлер Кеңеси аппараты улыўма бөлиминиң жетекши қәнигеси

    Усы ўазыйпада 2018-жылдан берли ислеп келмекте

    Вазирлар Кенгаши аппарати умумий бўлимининг етакчи мутахассиси Мазкур вазифада 2012 йилдан буён фаолият кўрсатади.

    Мәнзил: Нөкис қаласы, Ғәрезсизлик көшеси, 50-жай

    Телефон: 0 (361) 222 26 14

    Е-маил: arza@karakalpakstan.uz