ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ
КОНСТИТУЦИЯСЫ
ОН ЕКИНШИ ШАҚЫРЫҚ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ СОВЕТИНИҢ ОН ЕКИНШИ СЕССИЯСЫНДА 1993-жыл
9-апрельде ҚАБЫЛ ЕТИЛГЕН
(1994-жылдың 26-февралында он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он бесинши ҳәм 1995-жылдың 31-октябрь, 1997-жылдың
15-декабриндеги биринши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң төртинши, он үшинши сессиялары, 2003-жыл 12-ноябрь Екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он екинши сессиясында, 2014-жыл 27-июнь он бесинши сессиясында ҳәмде 2019-жыл 29-июньдағы жигирма алтыншы сессиясында өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди)
А Л Ғ Ы С Ө З
Қарақалпақстан Республикасының халқы, адам ҳуқықларын ҳәм мәмлекетлик суверенитет принциплерин өзиниң жақлайтуғынлығын салтанатлы түрде жәриялай отырып,
ҳәзирги ҳәм келешек әўладлар алдында жоқары жуўапкершиликти сезе отырып,
Қарақалпақстан мәмлекетлилигин раўажландырыўдың тарийхый тәжирийбесине сүйене отырып,
демократия ҳәм социаллық әдиллик идеяларына өзиниң садықлығын тастыйықлай отырып,
халық аралық ҳуқықтың ғалаба тән алынған нормаларының артықмашлығын мойынлай отырып,
республика пуқараларына ылайықлы турмысты тәмийинлеўге умтыла отырып,
адамгершиликли, демократиялық ҳуқықый мәмлекет дүзиўди ўазыйпа етип қоя отырып,
пуқаралық парахатшылықты ҳәм миллий келисимди тәмийинлеў мақсетинде,
өзиниң толық ҳуқықлы ўәкиллери арқалы Қарақалпақстан Республикасының усы Конституциясын қабыл етеди.
БИРИНШИ ТАРАЎ
ТИЙКАРҒЫ ПРИНЦИПЛЕР
I БАП
МӘМЛЕКЕТЛИК СУВЕРЕНИТЕТ
1-статья. Қарақалпақстан - Өзбекстан Республикасының қурамына киретуғын суверенли демократиялық республика. Мәмлекеттиң «Қарақалпақстан Республикасы» ҳәм «Қарақалпақстан» атамасы тең мәнили.
Өзбекстан Республикасының ҳәм Қарақалпақстан Республикасының өз-ара қатнасықлары Өзбекстан Республикасы Конституциясы көлеминде Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасы арасында дүзилген шәртнамалар және келисимлер арқалы тәртиплестириледи.
Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстан Республикасының қурамынан Қарақалпақстан халқының ғалаба халықлық референдумы тийкарында шығыў ҳуқықына ийе.
2-статья. Мәмлекет халықтың ерк-ықрарын билдиреди, оның мәплерине хызмет етеди. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы адамлар жәмийеттиң ҳәм пуқаралардың алдында жуўапкерли.
3-статья. Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик аймақлық дүзилиси мәселелерин өзинше шешеди, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының системасын белгилейди, Өзбекстан Республикасы сиясатына үйлесимли сиясатты жүргизеди.
Қарақалпақстан Республикасының аймағына ҳәм шегараларына қол қатылмайды, өзгертилиўи ҳәм бөлиниўи мүмкин емес.
4-статья. Қарақалпақ тили ҳәм өзбек тили Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили болып табылады.
Қарақалпақстан Республикасы өз аймағында жасаўшы миллетлердиң ҳәм халықлардың тиллерине, үрп-әдетлерине ҳәм дәстүрлерине ҳүрмет пенен қараўды, олардың раўажланыўы ушын жағдайлар дүзиўди тәмийинлейди.
5-статья. Қарақалпақстан Республикасы өзиниң нызам арқалы тастыйықланатуғын мәмлекетлик нышанларына - байрағына, гербине, гимнине ийе.
6-статья. Қарақалпақстан Республикасының пайтахты Нөкис қаласы.
II БАП
ХАЛЫҚ ҲӘКИМИЯТЫ
7-статья. Халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дәреги болып табылады.
Қарақалпақстан Республикасында мәмлекетлик ҳәкимият халықтың мәпи ушын Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы арқалы және соның тийкарында қабыл етилген нызамлар арқалы тек буған ўәкиллик берилген уйымлар тәрепинен ғана әмелге асырылады.
Мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликлерин өзлестирип алыў, Конституцияда нәзерде тутылмаған тәртипте ҳәкимият уйымларының жумысын иркиў ямаса тоқтатыў, ҳәкимияттың жаңа ҳәм параллель дүзилислерин дөретиў Конституцияға қарсы ҳәрекетлер болып табылады, ол нызам бойынша жуўапкершиликке алып келеди.
8-статья. Қарақалпақстан аймағында жасаўшы Өзбекстан Республикасы пуқаралары Қарақалпақстан Республикасының пуқараларын қурайды.
9-статья. Жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың анағурлым әҳмийетли мәселелери халықтың додалаўына шығарылады, халықлық даўысқа (референдумға) қойылады. Референдумды өткериў тәртиби нызам менен белгиленеди.
10-статья. Қарақалпақстан халқы атынан тек ғана ол сайлаған республиканың Жоқарғы Кеңеси ҳәрекет ете алады.
Жәмийеттиң ҳеш бир бөлеги, сиясий партия, жәмийетлик бирлеспе, ҳәрекет ямаса айырым адам Қарақалпақстан халқының атынан ҳәрекет ете алмайды.
11-статья. Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик ҳәкимият системасы - ҳәкимияттың нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд ҳәкимиятларына бөлиниў принципине тийкарланады.
12-статья. Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик турмыс сиясий институтлардың, идеологиялардың ҳәм пикирлердиң көп түрлилиги тийкарында раўажланады.
Ҳеш қандай идеология мәмлекетлик рәсмий идеология сыпатында белгилене алмайды.
13-статья. Қарақалпақстан Республикасында демократия улыўма адамгершилик принциплерине тийкарланады, буларға муўапық инсан, оның турмысы, еркинлиги, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да ажыралмас ҳуқықлары ең жоқары байлық болып табылады.
Демократиялық ҳуқықлар ҳәм еркинликлер Конституция ҳәм нызамлар менен қорғалады.
14-статья. Мәмлекет өзиниң жумысын инсанның ҳәм жәмийеттиң абаданлығы мәплерин гөзлеп, социаллық әдиллик ҳәм нызамлылық принциплеринде қурады.
III БАП
КОНСТИТУЦИЯНЫҢ ҲӘМ НЫЗАМНЫҢ ҮСТИНЛИГИ
15-статья. Қарақалпақстан Республикасында Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасы Конституцияларының ҳәм нызамларының сөзсиз үстинлиги мойынланады.
Мәмлекет, оның уйымлары, лаўазымлы адамлар, жәмийетлик бирлеспелер, пуқаралар Конституцияға ҳәм нызамларға муўапық ҳәрекет етеди.
16-статья. Усы Конституциядағы режелердиң бирде биреўи Қарақалпақстан Республикасының ҳуқықларына ҳәм мәплерине зәлел келетуғындай етип түсиндирилмейди.
Бир де нызам ямаса басқа да нормативлик ҳуқық акти Конституцияның нормаларына ҳәм принциплерине қайшы келиўи мүмкин емес.
IV БАП
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ХАЛЫҚ АРАЛЫҚ ҲӘМ СЫРТҚЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ҚАТНАСЫҚЛАРЫ
17-статья. Қарақалпақстан Республикасының халық аралық илимий, мәдений ҳәм сыртқы экономикалық қатнасықлары Өзбекстан Республикасының ҳәм Қарақалпақстан Республикасының нызамларына муўапық әмелге асырылады.
ЕКИНШИ ТАРАЎ
АДАМНЫҢ ҲӘМ ПУҚАРАНЫҢ ТИЙКАРҒЫ ҲУҚЫҚЛАРЫ, ЕРКИНЛИКЛЕРИ ҲӘМ МИННЕТЛЕРИ
V БАП
УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР
18-статья. Қарақалпақстан Республикасының барлық пуқаралары бирдей ҳуқықларға және еркинликлерге ийе болып, жынысының, расасының, миллетиниң, тилиниң, дининиң, социаллық шығысының, исенимлериниң, жеке ҳәм жәмийетлик аўҳалының айырмашылығына қарамастан нызам алдында тең.
Жеңилликлер тек нызам менен белгилениўи мүмкин ҳәм социаллық әдиллик принциплерине сәйкес келиўи тийис.
19-статья. Қарақалпақстан Республикасының пуқарасы ҳәм мәмлекет өз-ара ҳуқықлар ҳәм өз-ара жуўапкершилик пенен байланысады. Пуқаралардың Конституцияда ҳәм нызамларда бекитилген ҳуқықлары менен еркинликлерине қол қатылмайды ҳәм судтың шешимисиз булардан айырыўға ямаса шеклеўге ҳеш кимниң ҳақысы жоқ.
20-статья. Пуқараның өз ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин әмелге асырыўы басқа адамлардың, мәмлекеттиң ҳәм жәмийеттиң нызамлы мәплерин, еркинликлерин бузбаўы тийис.
VI БАП
ПУҚАРАЛЫҚ
21-статья. Өзбекстан Республикасында бирден-бир пуқаралықтың белгилениўине муўапық Қарақалпақстан Республикасының ҳәр бир пуқарасы Өзбекстан Республикасының пуқарасы болып табылады.
Пуқаралыққа ерисиў ҳәм оннан айырылып қалыў тийкарлары ҳәм тәртиби Өзбекстан Республикасының пуқаралық ҳаққындағы нызамы менен белгиленеди.
Қарақалпақстан Республикасының аймағында болып атырған сырт елли пуқараларға ҳәм пуқаралыққа ийе емес адамларға халық аралық ҳуқық нормаларына муўапық ҳуқықлар менен еркинликлер тәмийинленеди. Олар Қарақалпақстан Республикасының Конституциясында ҳәм нызамларында және Өзбекстан Республикасының халық аралық шәртнамаларында белгиленген миннетлерди атқарады.
VII БАП
ЖЕКЕ ҲУҚЫҚЛАР ҲӘМ ЕРКИНЛИКЛЕР
22-статья. Жасаў ҳуқықы ҳәр бир адамның ажыралмас ҳуқықы болып табылады. Оған қол қатыў ең аўыр жынаят есапланады.
23-статья. Ҳәр бир адам еркинлик ҳәм жеке қол қатылмаслық ҳуқықына ийе. Нызамға тийкарланбай турып ҳеш ким қамаққа алынбайды ямаса қамақта сақланбайды.
24-статья. Жынаят ислеўде айыпланған ҳәр бир адам айыбы судта жәриялылық жолы менен қаралмағанша ҳәм нызамлы тәртипте анықланбағанша айыпсыз есапланады, онда оған өзин қорғаўы ушын мүмкиншиликлер жаратылады.
Ҳеш ким қыйнаўларға, күш жумсаўға, басқа да аяўсыз ҳәрекетке ямаса адамның ар-намысына тийетуғын қатнасықларға дуўшар етилиўи мүмкин емес.
Өзиниң келисимиз ҳеш ким медициналық ямаса илимий тәжирийбелерге тартылмайды.
25-статья. Ҳәр бир адам өзиниң ар-намысына ҳәм қәдир-қымбатына қол қатыўдан, өзиниң жеке турмысына араласыўдан қорғаныўға ҳақылы, өзиниң турақ жайына қол қатылмаслық ҳуқықына ийе.
Нызам менен нәзерде тутылған жағдайдан ҳәм тәртиптен басқа пайытларда ҳеш ким турақ жайға кириўге, онда тинтиў жүргизиўге ямаса көзден өткериўге, хат жазысыў ҳәм телефон арқалы сөйлесиў сырын бузыўға ҳақылы емес.
26-статья. Қарақалпақстан Республикасының пуқарасы Өзбекстан Республикасының пуқарасы болыў менен нызамда белгиленген шеклеўлерден тысқары жағдайларда Өзбекстан Республикасы аймағында еркин жүриўге, Өзбекстан Республикасына кириўге ҳәм оннан шығып кетиўге ҳақылы.
27-статья. Ҳәр бир адам ой-пикир, сөз ҳәм исеним еркинлигине ийе.
Ҳәр бир адам ҳәзирги конституциялық дүзимге қарсы бағдарланған ҳәм нызам менен нәзерде тутылған басқа да шеклеўлерден тысқары ҳәр қандай мәлимлемени излестириўге, алыўға ҳәм таратыўға ҳақылы.
Пикирлер ҳәм оларды билдириў еркинлиги мәмлекетлик ямаса басқа да қупыялар бойынша нызам менен шеклениўи мүмкин.
28-статья. Қарақалпақстан Республикасының барлық мәмлекетлик уйымлары, жәмийетлик бирлеспелери ҳәм лаўазымлы шахслары пуқараларға олардың ҳуқықларына және мәплерине тийисли болған ҳүжжетлер, шешимлер ҳәм басқа да материаллар менен танысыў мүмкиншилигин тәмийинлеўге миннетли.
29-статья. Ҳәмме ушын ҳүждан еркинлигине кепиллик бериледи, ҳәр ким ҳәр қандай динге исениўге ямаса ҳеш қайсысына исенбеўге ҳақылы. Диний көз-қарасларды мәжбүрий түрде таңыўға жол қойылмайды.
VIII БАП
СИЯСИЙ ҲУҚЫҚЛАР
30-статья. Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары жәмийеттиң ҳәм мәмлекеттиң ислерин басқарыўға тиккелей, сондай-ақ өзлериниң ўәкиллери арқалы қатнасыў ҳуқықына ийе. Бундай қатнасыў өзин-өзи басқарыў, референдумлар өткериў ҳәм мәмлекетлик уйымларды демократиялық түрде қәлиплестириў, сондай-ақ мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды раўажландырыў ҳәм жетилистириў арқалы әмелге асырылады.
Мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды раўажландырыў ҳәм жетилистириў арқалы әмелге асырылады.
31-статья. Пуқаралар өзлериниң жәмийетлик белсендилигин митинглер, жыйналыслар ҳәм демонстрациялар түринде Қарақалпақстан Республикасының нызамларына муўапық әмелге асырыў ҳуқықына ийе. Ҳәкимият уйымлары тек ғана қәўипсизлик себеплерге бола усы илажларды тоқтатыў ямаса олардың өткерилиўине тыйым салыў ҳуқықына ийе.
32-статья. Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары кәсиплик аўқамларға, сиясий партияларға ҳәм басқа да жәмийетлик бирлеспелерге бирлесиў, ғалаба ҳәрекетлерге қатнасыў ҳуқықына ийе.
Сиясий партияларда, жәмийетлик бирлеспелерде, ғалаба ҳәрекетлерде, сондай-ақ ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларында оппозициялық азшылықты қурайтуғын адамлардың ҳуқықларын, еркинликлерин ҳәм қәдир-қымбатын ҳеш ким кемсите алмайды.
33-статья. Ҳәр бир адам өз алдына, сондай-ақ басқа адамлар менен бирлесип, тийисли мәмлекетлик уйымларға, мәкемелерге ямаса халық ўәкиллерине арзалар бериў, усыныслар көрсетиў ҳәм шағымлар етиў ҳуқықына ийе.
Арзалар, усыныслар ямаса шағымлар нызам менен белгиленген тәртипте ҳәм мүддетлерде қарап шығылыўы тийис.
IХ БАП
ЭКОНОМИКАЛЫҚ ҲӘМ СОЦИАЛЛЫҚ ҲУҚЫҚЛАР
34-статья. Ҳәр бир адам меншик ҳуқықына ийе. Банк аманатларының сыр сақланыўына ҳәм мийраслылық ҳуқықына нызам менен кепиллик бериледи.
35-статья. Ҳәр бир адам мийнет етиў, жумысты еркин таңлап алыў, әдил мийнет жағдайларында ислеў ҳәм нызамда көрсетилген тәртипте жумыссызлықтан қорғаныў ҳуқықына ийе.
Судтың ҳүкими менен тайынланған жазаны өтеў тәртибинен ямаса нызамда көрсетилген тәртиптен басқа жағдайларда мәжбүрий мийнет қадаған етиледи.
36-статья. Жалланып ислеўши адамлар ҳақы төленетуғын дем алыс ҳуқықына ийе болады. Жумыс ўақтының, ҳақы төленетуғын мийнет дем алысының мүддети нызам менен белгиленеди.
37-статья. Ҳәр бир адам қартайғанда, мийнет етиў уқыбынан айырылғанда, сондай-ақ асыраўшысынан айырылғанда ҳәм нызам менен нәзерде тутылған басқа да жағдайларда социаллық жақтан тәмийинлениў ҳуқықына ийе.
Пенсиялар, напақалар, социаллық жәрдемниң басқа да түрлери рәсмий түрде белгиленген күнелтиў зәрүрлигиниң ең кем муғдарынан аз болыўы мүмкин емес.
38-статья. Ҳәр бир адам қәнигели медициналық хызметтен пайдаланыў ҳуқықына ийе.
39-статья. Ҳәр бир адам билим алыў ҳуқықына ийе. Бийпул улыўма билим алыўға мәмлекет тәрепинен кепиллик бериледи. Мектеп иси мәмлекеттиң бақлаўында болады.
40-статья. Ҳәр бир адамға илимий ҳәм техникалық дөретиўшилик еркинлиги, мәденияттың жетискенликлеринен пайдаланыў ҳуқықына кепиллик бериледи.
Мәмлекет жәмийеттиң мәдений, илимий ҳәм техникалық раўажланыўына ғамхорлық етеди.
Х БАП
ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫНЫҢ ҲӘМ ЕРКИНЛИКЛЕРИНИҢ КЕПИЛЛИКЛЕРИ
41-статья. Мәмлекет пуқаралардың Конституция ҳәм нызамлар менен бекитилген ҳуқықларын және еркинликлерин тәмийинлейди.
42-статья. Ҳәр бир инсанға өзиниң ҳуқықлары менен еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың, лаўазымлы шахслардың, жәмийетлик бирлеспелердиң нызамсыз ҳәрекетлери жөнинде судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи.
43-статья. Жас өспиримлердиң, мийнетке жарамсыз ҳәм жалғыз баслы қартайған адамлардың ҳуқықлары мәмлекет тәрепинен қорғалады.
44-статья. Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар теңдей ҳуқықларға ийе.
ХI БАП
ПУҚАРАЛАРДЫҢ МИННЕТЛЕРИ
45-статья. Барлық пуқаралар өзлерине Конституцияда бекитилген миннетлерди атқарады.
46-статья. Пуқаралар Конституцияны ҳәм нызамларды сақлаўға, басқа адамлардың ҳуқықларын, еркинликлерин, ар-намысын ҳәм қәдир-қымбатын ҳүрметлеўге миннетли.
47-статья. Пуқаралар Қарақалпақстан халқының тарийхый, руўхый ҳәм мәдений мийрасларын сақлаўға миннетли.
Мәденият естеликлери мәмлекет тәрепинен қорғалады.
48-статья. Пуқаралар қоршап турған тәбийий орталыққа итиятлы қатнас жасаўға миннетли.
49-статья. Пуқаралар нызам менен белгиленген салықларды ҳәм жергиликли жыйымларды төлеўге миннетли.
50-статья. Өзбекстан Республикасын ҳәм Қарақалпақстан Республикасын қорғаў - Қарақалпақстан Республикасының ҳәр бир пуқарасының миннети. Пуқаралар нызамда белгиленген тәртипте әскерий ямаса альтернативалы хызметти өтеўге миннетли.
ҮШИНШИ ТАРАЎ
ЖӘМИЙЕТ ҲӘМ ШАХС
ХII БАП
ЖӘМИЙЕТТИҢ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ТИЙКАРЛАРЫ
51-статья. Базар қатнасықларын раўажландырыўға бағдарланған Қарақалпақстан экономикасының тийкарын меншиктиң ҳәр қыйлы түрлери қурайды. Мәмлекет тутыныўшы ҳуқықларының артықмашлығын есапқа алып, экономикалық хызметке, исбилерменликке, мийнет еркинлигине, меншиктиң барлық түрлериниң тең ҳуқықлылығына және олардың ҳуқықый жақтан қорғалыўына кепиллик береди.
Басқа да меншик түрлери менен бир қатарда жеке меншикке қол қатылмайды ҳәм оны мәмлекет қорғайды. Меншик ийеси оннан тек нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте ғана айырылыўы мүмкин.
52-статья. Меншик ийеси өзине тийисли мүликке өз ықтыярынша ийелик етеди, пайдаланады ҳәм бийлик етеди. Мүликти пайдаланыў экологиялық орталыққа зыян келтирмеўи, пуқаралардың, юридикалық тәреплердиң ҳәм мәмлекеттиң ҳуқықларын және нызам менен қозғалатуғын мәплерин бузбаўы тийис.
53-статья. Жер, оның қазылма байлықлары, суўлар, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы және басқа да тәбийий қорлар улыўма миллий байлық болып табылады, олардан ақылға уғрас пайдаланыў тийис ҳәм олар мәмлекет тәрепинен қорғалады.
ХIII БАП
ЖӘМИЙЕТЛИК БИРЛЕСПЕЛЕР
54-статья. Қарақалпақстан Республикасында нызам менен белгиленген тәртипте дизимге алынған кәсиплик аўқамлар, сиясий партиялар, илимпазлар жәмийетлери, ҳаял-қызлар шөлкемлери, ветеранлар ҳәм жаслар шөлкемлери, дөретиўши аўқамлар, ғалабалық ҳәрекетлер ҳәм пуқаралардың басқа да бирлеспелери жәмийетлик бирлеспелер деп танылады.
55-статья. Конституциялық дүзимди күш пенен өзгертиўди мақсет етип қойған, Республиканың суверенитетине, пүтинлигине ҳәм қәўипсизлигине, оның пуқараларының конституциялық ҳуқықларына ҳәм еркинликлерине қарсы ҳәрекет ететуғын, урысты, социаллық, миллий, расалық ҳәм диний өшпенлиликти нәсиятлайтуғын, халықтың ден саўлығына ҳәм әдеп-икрамлылығына қол қататуғын сиясий партиялар, басқа да жәмийетлик бирлеспелер, сондай-ақ әскерийлестирилген бирлеспелер, миллий ҳәм диний белгилери бойынша сиясий партиялар дүзиў ҳәм олардың жумыс ислеўи қадаған етиледи.
Астыртын жәмийетлер ҳәм бирлеспелер дүзиў қадаған етиледи.
56-статья. Мәмлекет жәмийетлик бирлеспелердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң сақланыўын тәмийинлейди, олардың жәмийетлик турмысқа қатнасыўы ушын теңдей ҳуқық мүмкиншиликлерин дүзеди.
Мәмлекетлик уйымлардың ҳәм лаўазымлы шахслардың жумысына жәмийетлик бирлеспелердиң араласыўына, сондай-ақ жәмийетлик бирлеспелердиң жумысына мәмлекетлик уйымлардың ҳәм лаўазымлы шахслардың араласыўына да жол қойылмайды.
57-статья. Кәсиплик аўқамлар хызметкерлердиң социаллық-экономикалық ҳуқықларын ҳәм мәплерин гөзлейди және қорғайды. Кәсиплик шөлкемлерге ағзалық ықтыярлы болады.
58-статья. Сиясий партиялар ҳәр қыйлы социаллық қатламлардың ҳәм топарлардың сиясий еркин билдиреди және өзлериниң демократиялық жол менен сайланған ўәкиллери арқалы мәмлекетлик ҳәкимиятты дүзиўге қатнасады. Сиясий партиялар өз жумысын қаржы менен тәмийинлеў дәреклери ҳаққында белгиленген тәртипте Жоқарғы Кеңеске ямаса ол ўәкиллик берген уйымға ашық есап бериўи шәрт.
59-статья. Диний шөлкемлер ҳәм бирлеспелер мәмлекеттен ажыратылған ҳәм нызам алдында тең. Мәмлекет диний бирлеспелердиң жумысына араласпайды.
60-статья. Жәмийетлик бирлеспелерди тарқатыў, олардың жумысына тыйым салыў ямаса шеклеў тек судтың шешими тийкарында әмелге асырылады.
ХIV БАП
ШАҢАРАҚ
61-статья. Шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны болып табылады ҳәм жәмийет және мәмлекет тәрепинен қорғалыў ҳуқықына ийе.
Неке тәреплердиң еркин келисимине ҳәм тең ҳуқықлығына тийкарланған.
62-статья. Ата-аналар балаларын ержетиўге дейин сақлаўға, тәрбиялаўға миннетли.
Мәмлекет ҳәм жәмийет жетим балалардың ҳәм ата-аналардың қәўендерлигинен айырылған балалардың сақланыўын, тәрбияланыўын ҳәм олардың билим алыўын тәмийинлейди, олар жөнинде қайырқомлық жумысларын хошаметлейди.
63-статья. Балалар ата-аналарының шығысына ҳәм пуқаралық ҳалатына қарамастан нызам алдында тең.
Аналық ҳәм балалық мәмлекет тәрепинен қорғалады.
64-статья. Ержеткен, мийнетке жарамлы балалар өзлериниң ата-аналарына ғамхорлық көрсетиўге миннетли.
ХV БАП
ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫ
65-статья. Ғалаба хабар қураллары еркин ҳәм нызамға муўапық ҳәрекет етеди. Олар мәлимлемениң дурыслығы ушын белгиленген тәртипте жуўап береди.
Цензураға жол қойылмайды.
ТӨРТИНШИ ТАРАЎ
ҲӘКИМШИЛИК-АЙМАҚЛЫҚ ДҮЗИЛИС
ХVI БАП
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ҲӘКИМШИЛИК-АЙМАҚЛЫҚ ДҮЗИЛИСИ
66-статья. Қарақалпақстан Республикасы - районлардан, қалалардан, поселкалардан, аўыллардан ибарат.
67-статья. Районларды ҳәм қалаларды дүзиў ҳәм сапластырыў, сондай-ақ олардың шегараларын өзгертиў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен әмелге асырылады.
БЕСИНШИ ТАРАЎ
МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТТЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ
ХVII БАП
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ
68-статья. Нызам шығарыў ҳәкимиятын әмелге асыратуғын Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси жоқары мәмлекетлик ҳәкимият уйымы болып табылады.
69-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси - аймақлық сайлаў округлеринен көп партиялық тийкарында 5 жыллық мүддетке сайланатуғын 65 депутаттан ибарат.
Сайлаў күнине 25 жасқа толған Өзбекстан Республикасы пуқаралары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайланыў ҳуқықына ийе.
Депутатлыққа кандидатларға қойылатуғын талаплар нызам менен белгиленеди.
70-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айрықша ўәкилликлерине төмендегилер тийисли:
1) Қарақалпақстан Республикасының Конституциясын қабыл етиў, оған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў;
2) Қарақалпақстан Республикасының нызамларын қабыл етиў, оларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, Қарақалпақстан Республикасының нызамларына түсиник бериў;
3) экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўдың мәмлекетлик стратегиялық бағдарламаларын қабыл етиў;
4) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы ҳәм оның орынбасарын сайлаў;
5) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумын дүзиў;
6) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының усыныўы бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығын тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў;
7) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ағзалары лаўазымына тайынлаў ҳәм босатыў, Қарақалпақстан Республикасының министрликлерин, мәмлекетлик комитетлерин ҳәм басқа да мәмлекетлик басқарыў уйымларын дүзиў ҳәм сапластырыў;
8) Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетин, Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша суды баслығы ҳәм оның орынбасарын, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судының баслығы ҳәм оның орынбасарын, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслықларын сайлаў;
9) пуқаралық ҳәм жынаят ислери бойынша районлараралық, районлық, қалалық судларының судьяларын тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў; (алып тасланған)
10) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының усынысы бойынша Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының келисими менен, Қарақалпақстан Республикасы Прокурорын тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў;
11) Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығын тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў;
12) халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң шешимлерин тоқтатып қойыў ҳәм бийкарлаў;
13) ҳәкимшилик-аймақлық дүзилис мәселелерин нызамлар менен ретлестириў;
14) республикалық ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының системасын ҳәм ўәкилликлерин белгилеў;
15) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усынысы менен Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик бюджетин тастыйықлаў ҳәм оның орынланыўы бойынша есапларын тастыйықлаў;
16) Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықларын ҳәм ҳүрметли атақларын шөлкемлестириў;
17) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине ҳәм жергиликли ўәкилликли уйымларға сайлаўлар белгилеў; Орайлық сайлаў комиссиясын дүзиў;
18) Өзбекстан Республикасының жоқары мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары актлериниң Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапықлығы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Конституциялық судына усыныслар бериў;
19) парламент қадағалаўын ҳәм усы Конституцияда нәзерде тутылған басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыў.
71-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жумысы Қарақалпақстан Республикасы Конституциясында ҳәм Жоқарғы Кеңесиниң Регламетинде белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
72-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси мәжилисиниң жумысына барлық депутатлардың улыўма санының кеминде үштен екиси қатнасса толық ҳуқықлы болып табылады.
73-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм оның уйымларының мәжилислерине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм оның орынбасарлары, министрлер, мәмлекетлик комитетлердиң баслықлары, басқа да мәмлекетлик басқарыў уйымларының басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры қатнасыўы мүмкин.
74-статья. Өзиниң ўәкиллик мүддети питкеннен кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жаңа шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жумысы басланғанға шекем өз жумысын даўам еттиреди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сайлаўлардан кейинги биринши мәжилиси Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўлардан кейин еки айдан кешиктирилмей шақырылады.
75-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде нызамшылық басламасы ҳуқықына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети, Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры ийе.
76-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси нызамлар, қарарлар ҳәм басқа да актлер қабыл етеди. Нызамды қабыл етиў ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң барлық депутатларының көпшилик даўысы талап етиледи.
Қарақалпақстан Республикасының нызамларын ҳәм Жоқарғы Кеңесиниң басқа да нормативлик актлерин баспа сөзде жәриялаў оларды қолланыўдың миннетли шәрти болып табылады.
77-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси нызам жойбарларын таярлаў жумысын жүргизиў, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң талқылаўына усынылатуғын мәселелерди алдын ала қарап шығыў ҳәм таярлаў, нызамлардың ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басқа да шешимлериниң орынланыўын қадағалаў ушын депутатлар арасынан комитетлер ҳәм комиссиялар сайлайды.
Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси зәрүр жағдайларда турақлы ямаса ўақытша депутатлық, тексериў ҳәм басқа да комиссиялар дүзеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитетлери ҳәм комиссияларының ўәкилликлери ҳәм жумыс тәртиби нызам менен белгиленеди.
78-статья. Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси депутатларының депутатлық жумысы менен байланыслы қәрежетлери белгиленген тәртипте өтеледи. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде ҳәм оның уйымларында турақлы тийкарда ислейтуғын депутатлар өз ўәкилликлери дәўиринде ҳақы төленетуғын басқа бир лаўазымды ийелеўи, исбилерменлик жумыс пенен шуғылланыўы мүмкин емес.
79-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты қол қатылмаслық ҳуқықынан пайдаланады. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң келисимисиз ол жынайы жуўапкершиликке тартылыўы, қамаққа алыныўы ямаса оған суд тәртибинде берилетуғын ҳәкимшилик жаза шаралары қолланылыўы мүмкин емес.
ХVIII БАП
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ
КЕҢЕСИНИҢ БАСЛЫҒЫ
80-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Қарақалпақстан Республикасы Басшысы ҳәм ең жоқары лаўазымлы шахс болып табылады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатларының арасынан жасырын даўыс бериў жолы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ўәкиллиги мүддетине сайланады.
81-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы:
1) Қарақалпақстан Республикасының жоқары нызам шығарыў ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымларының өз-ара байланыслы ҳәрекет етиўин тәмийинлейди;
2) Республикадағы жағдай ҳаққында ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңесине баянатлар усынады;
3) Өзбекстан Республикасының нызамларын ҳәм Олий Мажлисиниң басқа да шешимлерин, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманларын ҳәм басқа да актлерин турмысқа асырыўды шөлкемлестиреди; Қарақалпақстан Республикасы нызамларының ҳәм Жоқарғы Кеңес қарарларының орынланыўын қадағалаўды шөлкемлестиреди;
4) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасарын, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитетлери ҳәм комиссияларының баслықларын сайлаў ушын кандидатуралар усынады;
5) Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы лаўазымына кандидатура усынады;
6) Район, қала ҳәкимлерин ҳәм олардың орынбасарларын, кейин ала тийисли халық депутатлары Кеңеслериниң тастыйықлаўы менен тайынлайды ҳәм лаўазымынан босатады;
7) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине Жоқарғы Кеңес Президиумының келисими менен Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы ҳәм ағзалары лаўазымына кандидатураларды усынады;
8) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесиниң жуўмағы тийкарында Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судының баслығы ҳәм оның орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судының баслығы ҳәм оның орынбасары лаўазымларына, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судының баслығы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы лаўазымларына кандидатуралар усынады;
9) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине Жоқарғы Кеңес Президиумының келисими менен Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы лаўазымына кандидатура усынады;
10) Жоқарғы Кеңестиң қарап шығыўына усынылатуғын мәселелерди таярлаўға улыўма басшылықты әмелге асырады. Жоқарғы Кеңестиң мәжилисин шақырады, комитетлер ҳәм комиссиялар баслықлары менен бирликте оның күн тәртибине усыныслар қәлиплестиреди;
11) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳәм оның Президиумының жумысын шөлкемлестиреди, оның мәжилислерине басшылық етеди, Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси ҳәм оның Президиумы тәрепинен қабыл етилген Қарақалпақстан Республикасының нызамлары ҳәм басқа да актлерине қол қояды, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитетлери ҳәм комиссияларының жумысын бағдарлайды ҳәм байланыстырады;
12) Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықларына ҳәм Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атақларына усынады;
13) судланған пуқараларды әпиў етиў ҳаққында мәселе қозғайды;
14) нызам жойбарларының ҳәм мәмлекетлик турмыстың басқа да әҳмийетли мәселелериниң халықлық додаланыўын шөлкемлестиреди;
15) ҳәрекеттеги нызамлар менен нәзерде тутылған басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы өз ўәкилликлерине тийисли мәселелерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарап шығыўына усыныў ҳуқықына ийе.
82-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы өз ўәкилликлерине тийисли мәселелер бойынша бийлик қабыл етеди.
83-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Қарақалпақстан Республикасы Конституциясын ҳәм нызамларын бузған жағдайда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен шақыртып алыныўы мүмкин. Шақыртып алыў ҳаққындағы шешим Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң жуўмағын есапқа алып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатларының үштен бир бөлегиниң басламасы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатларының улыўма санының кеминде үштен екисиниң көпшилик даўысы менен қабыл етиледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы өз ўәкиллигин жеке арзасы бойынша, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси дүзген Мәмлекетлик медициналық комиссиясының жуўмағы менен тастыйықланған денсаўлығының жағдайы бойынша өз миннетлерин орынлай алмаса, тоқтатыўы мүмкин. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының ўәкиллигин тоқтатыў ҳаққындағы шешим Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатларының улыўма санының көпшилик даўысы менен қабылланады.
Бундай жағдайларда 10 күн ишинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жаңа Баслығын сайлаў өткериледи.
ХIХ БАП
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ
КЕҢЕСИНИҢ ПРЕЗИДИУМЫ
84-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жумысын шөлкемлестириў ҳәм басқа да ўәкилликлерин әмелге асырыў ушын, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы дүзиледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қурамына Жоқарғы Кеңес Баслығы, оның орынбасары, Жоқарғы Кеңестиң комитетлери ҳәм комиссияларының баслықлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партиялық топарлардың басшылары киреди.
85-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы:
1) Жоқарғы Кеңес сессиясының күн тәртиби ҳәм жумыс тәртиби бойынша усыныслар таярлайды;
2) Жоқарғы Кеңес комитетлери ҳәм комиссияларының жүргизип атырған жумысы ҳаққында билдириўлерин ҳәм Қарақалпақстан Республикасы нызамларының ҳәм Жоқарғы Кеңестиң шешимлериниң орынланыўы бойынша мәлимлемелерин тыңлайды;
3) нызам жойбарлары бойынша жумыстың жобаластырылыўын шөлкемлестиреди;
4) Жоқарғы Кеңес Баслығының усынысы менен нызам жойбарларын ҳәм басқа да ҳүжжетлерди алдын ала қарап шығады;
5) Жоқарғы Кеңестиң сессиясында депутатлардың билдирген усыныс ҳәм пикирлерин талқылайды ҳәм олар бойынша тийисли шешимлер қабыл етеди;
6) Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықлайды ҳәм Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атақларын береди;
7) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессиялары аралығындағы дәўирде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының усыныўы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарларын және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ағзаларын тайынлайды ҳәм лаўазымынан босатады, Қарақалпақстан Республикасы министрликлерин, мәмлекетлик комитетлерин ҳәм басқа да мәмлекетлик басқарыў уйымларын дүзеди ҳәм сапластырады, кейин ала бул мәселелер бойынша қарарды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тастыйықлаўына усынады;
8) Қарақалпақстан Республикасы судларының судьяларын, сондай-ақ, районлараралық, районлық ҳәм қалалық судларының баслықлары ҳәм судьяларын тайынлаў, қайта тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў бойынша қарар қабыл етеди;
9) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының келисими менен Қарақалпақстан Республикасының Прокуроры лаўазымына кандидатура усынады;
10) сессиялар аралығындағы дәўирде Жоқарғы Кеңес депутатын нызам менен белгиленген жағдайда ҳәм тәртипте жуўапкершиликке тартыўға, сондай-ақ жумыс бериўшиниң басламасы бойынша оның менен мийнет шәртнамасын тоқтатыўға келисим береди;
11) Жоқарғы Кеңестиң жумысына ҳәм депутатлардың өз ўәкилликлерин нәтийжели әмелге асырыўына байланыслы басқа да мәселелерди қарайды;
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы өз ўәкилликлерине тийисли мәселелер бойынша қарарлар шығарады, олар белгиленген тәртипте жәрияланады.
ХХ БАП
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ
МИНИСТРЛЕР КЕҢЕСИ
86-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси - Қарақалпақстан Республикасының Ҳүкимети - Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик ҳәкимиятының жоқары атқарыўшы - басқарыўшы уйымы болып табылады.
87-статья. Қарақалпақстан Республикасының Министрлер Кеңеси Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси тәрепинен дүзиледи.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси экономиканың нәтийжели ислеўине, социаллық ҳәм руўхый тараўларға басшылық етиўди, Өзбекстан Республикасы нызамларының ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң басқа да шешимлериниң, Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманларының, қарарларының ҳәм бийликлериниң, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети қарарларының ҳәм бийликлериниң, Қарақалпақстан Республикасы нызамларының ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басқа да шешимлериниң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарарларының орынланыўын тәмийинлейди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик басқарыў уйымларының, сондай-ақ районлар ҳәм қалалар ҳәкимлериниң актлерин тоқтатады, бийкарлайды.
88-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының усыныўы бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен Жоқарғы Кеңес тәрепинен тайынланатуғын Баслық басқарады.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы лаўазымы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қурамына киреди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы:
1) ҳүкиметтиң жумысына басшылық етеди ҳәм оның өз ўәкилликлерин нәтийжели әмелге асырыў ушын илажлар қабыл етеди;
2) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, ал сессиялар аралығындағы дәўирде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарларын ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ағзаларын тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў ҳаққында кандидатуралар усынады;
3) Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары арасында ўазыйпаларды бөлистиреди ҳәм кейин ала оны Министрлер Кеңесиниң Президиумында тастыйықлатады;
4) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, ал сессиялар аралығындағы дәўирде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумына Қарақалпақстан Республикасының министрликлерин, мәмлекетлик комитетлерин ҳәм басқа да мәмлекетлик басқарыў уйымларын дүзиў ҳәм сапластырыў ҳаққында усыныслар береди;
5) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығына районлар, қалалар ҳәкимлерин ҳәм олардың орынбасарларын тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў ҳаққында кандидатуралар усынады;
6) Министрлер Кеңеси ҳәм оның Президиумының мәжилислерине басшылық етеди;
7) Министрлер Кеңесиниң жумысында коллегияллықты тәмийинлейди;
8) Министрлер Кеңеси ҳәм оның Президиумының мәжилисинде қаралыўды талап етпейтуғын, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўының айырым мәселелери бойынша шешимлер қабыл етеди;
9) өз ўәкиллиги шегинде нызам тәрепинен белгиленген басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады.
89-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң алдында жуўапкерли және оған есап береди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси өз жумысы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң алдында ҳәр жылы кеминде бир рет есап береди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жаңадан сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси алдында өз ўәкилликлерин тоқтатады.
90-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Өзбекстан Республикасы нызамлары ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң басқа да шешимлери, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары ҳәм бийликлери, Қарақалпақстан Республикасының нызамлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басқа да шешимлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарлары тийкарында және оларды орынлай отырып, Қарақалпақстан Республиксының пүткил аймағында орынланыўы шәртли болған қарарлар менен бийликлер шығарады.
91-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ўәкилликлери, оның жумыс тәртиби, Қарақалпақстан Республикасының басқа да мәмлекетлик уйымлары менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мүнәсибетлери Қарақалпақстан Республикасының нызамы менен белгиленеди.
ХХI БАП
ЖЕРГИЛИКЛИ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТТЫҢ ТИЙКАРЛАРЫ
92-статья. Ҳәкимлер тәрепинен басқарылатуғын халық депутатларының Кеңеслери районлардағы ҳәм қалалардағы (районлық бағыныўдағы қалалардан басқа) мәмлекеттиң ҳәм пуқаралардың мәплерине тийкарлана отырып, өз ўәкиллигине тийисли мәселелерди шешетуғын ўәкилликли ҳәкимият уйымлары болып табылады.
93-статья. Жергиликли ҳәкимият уйымларының бийлигине төмендеги мәселелер тийисли:
нызамлылықты, ҳуқық тәртибин ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў:
аймақларды экономикалық, социаллық ҳәм мәдений жақтан раўажландырыў мәселелери;
жергиликли бюджетти дүзиў ҳәм орынлаў, жергиликли салықларды, жыйымларды белгилеў, бюджеттен тыс қорларды дүзиў;
жергиликли коммуналлық хожалыққа басшылық етиў;
қоршап турған орталықты қорғаў;
пуқаралық ҳалат актлерин дизимге алыўды тәмийинлеў;
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына ҳәм нызамларына қайшы келмейтуғын нормативлик актлерди қабыл етиў ҳәм басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыў.
94-статья. Жергиликли ҳәкимият уйымлары Өзбекстан Республикасының нызамларын, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң басқа да шешимлерин, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманларын, қарарларын ҳәм бийликлерин, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарларын ҳәм бийликлерин, Қарақалпақстан Республикасының нызамларын ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басқа да шешимлерин, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарларын, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарарларын ҳәм бийликлерин турмысқа асырады, республикалық ҳәм жергиликли әҳмийеттеги мәселелерди додалаўға қатнасады.
Жоқары уйымлардың өз ўәкилликлери шегинде қабыл еткен шешимлери төменги уйымлардың орынланыўы ушын миннетли.
Халық депутатлары Кеңеслериниң ҳәм ҳәкимлердиң ўәкиллик мүдети - 5 жыл.
95-статья. Тийисли аймақта районның, қаланың ҳәкими ўәкилликли ҳәм атқарыў ҳәкимиятын басқарады.
96-статья. Районлардың, қалалардың ҳәкимлери ҳәм олардың орынбасарлары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының усыныўы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен тайынланады, лаўазымынан босатылады ҳәм халық депутатларының тийисли Кеңеслери тәрепинен тастыйықланады.
97-статья. Районның ҳәм қаланың ҳәкими өз ўәкилликлерин бирден-бир басшылық етиў принциплери тийкарында әмелге асырады және өзи басшылық ететуғын уйымлардың шешимлери ҳәм ҳәрекетлери ушын жеке жуўапкерли болады.
Район ҳәм қала ҳәкими тийисли халқ депутатлары Кеңесине районның, қаланың социаллық-экономикалық раўажланыўының ең әҳмийетли мәселелери бойынша есабатлар береди, олар бойынша халық депутатлары Кеңеси тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етиледи.
Ҳәкимлердиң ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысын шөлкемлестириў, ўәкилликлериниң көлеми ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерин сайлаў тәртиби нызам менен тәртиплестириледи.
98-статья. Ҳәким өзине берилген ўәкилликлер шегинде тийисли аймақтағы барлық кәрханалардың, мәкемелериң, шөлкемлердиң, бирлеспелердиң, сондай-ақ лаўазымлы шахслардың ҳәм пуқаралардың орынлаўы ушын миннетли болған шешимлер қабыл етеди.
99-статья. Посёлкаларда, аўылларда, сондай-ақ олардың қурамындағы мәкан кеңеслери ҳәм де қалалардағы мәкан кеңеслеринде пуқаралар жыйынлары өзин-өзи басқарыў уйымлары болып, олар баслықты (ақсақалды) сайлайды.
Жергиликли өзин-өзи басқарыў уйымларын сайлаў тәртиби, олардың жумысын шөлкемлестириў ҳәм ўәкилликлериниң көлеми нызам менен тәртиплестириледи.
ХХII БАП
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ СУД ҲӘКИМИЯТЫ
100-статья. Қарақалпақстан Республикасы суд ҳәкимияты нызам шығарыў ҳәм атқарыў ҳәкимиятларынан, сиясий партиялардан, басқа да жәмийетлик бирлеспелерден бийғәрез ислейди.
101-статья. Қарақалпақстан Республикасының суд системасы Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, пуқаралық ислери бойынша районлараралық, районлық (қалалық) судлары, жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судлары, районлараралық, районлық (қалалық) экономикалық судлары ҳәм де районлық ҳәм қалалық ҳәкимшилик судларынан ибарат.
Судлардың жумыс тәртиби ҳәм оларды шөлкемлестириў нызам менен белгиленеди.
Айрықша судларды дүзиўге жол қойылмайды.
102-статья. Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша суды пуқаралық ислерин жүргизиў саласында жоқары суд ҳәкимияты уйымы болып табылады ҳәм пуқаралық ислери бойынша районлараралық, районлық (қалалық) судларының суд жумысы үстинен қадағалаў алып барыў ҳуқықына ийе.
103-статья. Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды жынаят ислерин жүргизиў саласында жоқары суд ҳәкимияты уйымы болып табылады ҳәм жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларының суд жумысы үстинен қадағалаў алып барыў ҳуқықына ийе.
104-статья. Қарақалпақстан Республикасы экономикалық суды хожалық жүргизиўши субъектлер арасындағы пуқаралық-ҳуқықый қатнасықларда жүзеге келетуғын тартыслар ҳәм корпоратив тартысларын қарап шығыў саласында жоқары суд ҳәкимияты уйымы болып табылады ҳәм де районлараралық, районлық ҳәм қалалық экономикалық судларының суд жумысы үстинен қадағалаў алып барыў ҳуқықына ийе.
105-статья. Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ғалабалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын шағымлар ҳәм арзалар бойынша ҳәкимшилик тартысларды, сондай-ақ нызам менен оның ўәкиллигине киргизилген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди қарап шығыў саласында жоқары суд ҳәкимияты уйымы болып табылады ҳәм де районлық ҳәм қалалық ҳәкимшилик судларының суд жумысы үстинен қадағалаў алып барыў ҳуқықына ийе.
106-статья. Судьялар ғәрезсиз болып, нызамға ғана бағынады. Әдил судлаўды әмелге асырыў бойынша судьялардың жумысына ҳәр қандай араласыўға жол қойылмайды ҳәм бул ҳәрекет нызам бойынша жуўапкершиликке алып келеди.
Судьяларға қол қатылмаслыққа нызам менен кепиллик бериледи.
Судьялар сенатор, мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларының депутаты болыўы мүмкин емес.
Судьялар сиясий партиялардың ағзасы болыўы, сиясий ҳәрекетлерге қатнасыўы, сондай-ақ илимий ҳәм педагогикалық жумысларынан тысқары ҳақы төленетуғын басқа бирде хызмет түри менен шуғылланыўы мүмкин емес.
Ўәкиллик мүддети питпестен бурын судья нызамда көрсетилген тийкарлар бойынша ғана лаўазымынан босатылыўы мүмкин.
107-статья. Барлық судларда ислерди қараў ашық өткериледи. Ислерди жабық мәжилисте тыңлаўға нызамда белгиленген жағдайларда ғана жол қойылады.
108-статья. Суд ҳәкимиятының актлери барлық мәмлекетлик уйымлар, жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, лаўазымлы шахслар ҳәм пуқаралар ушын миннетли.
109-статья. Қарақалпақстан Республикасында суд иси қарақалпақ, өзбек тиллеринде ямаса тийисли орынлардағы халықтың көпшилигиниң тилинде жүргизиледи. Суд жүргизилип атырған тилди билмейтуғын иске қатнасыўшыларға дилмаш арқалы истиң материаллары менен толық танысыў ҳәм суд ҳәрекетлерине қатнасыў және судта ана тилинде сөйлеў ҳуқықы тәмийинленеди.
110-статья. Айыпланыўшыға қорғаныў ҳуқықы тәмийинленеди.
Суд жүргизиўдиң ҳәр қандай басқышында кәсиплик юридикалық жәрдем алыў ҳуқықына кепиллик бериледи. Пуқараларға, кәрханаларға, шөлкемлерге ҳәм мәкемелерге юридикалық жәрдем көрсетиў ушын адвокатура ҳәрекет етеди. Адвокатураны дүзиў ҳәм оның жумыс тәртиби нызам менен белгиленеди.
ХХIII БАП
САЙЛАЎ СИСТЕМАСЫ
111-статья. Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары ўәкилликли уйымларға сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықына ийе. Ҳәр бир сайлаўшы бир даўысқа ийе. Даўыс бериў ҳуқықы, теңлик ҳәм ерк-ықрар билдириў еркинлигине нызам менен кепиллик бериледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, районлық, қалалық, мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларына сайлаўлар тийислисинше олардың конституциялық ўәкиллик мүддети питкен жылда - декабрь айы үшинши он күнлигиниң биринши екшембисине өткизиледи. Сайлаўлар улыўма, тең ҳәм тиккелей сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў жолы менен өткериледи. Қарақалпақстан Республикасының он сегиз жасқа толған пуқаралары сайлаў ҳуқықына ийе.
Суд тәрепинен уқыпсыз деп табылған пуқаралар, сондай-ақ суд ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып турғанлар сайланыўы мүмкин емес ҳәм сайлаўларға қатнаспайды. Ҳәр қандай басқа жағайларда пуқаралардың сайлаў ҳуқықларын тиккелей ямаса жанапай шеклеўге жол қойылмайды.
Қарақалпақстан Республикасының пуқарасы бир ўақыттың өзинде екеўден аслам ўәкилликли уйымларға депутат бола алмайды.
Сайлаўларды өткериў тәртиби нызам менен белгиленеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаўды ҳәм Қарақалпақстан Республикасының референдумын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен жумысының тийкарғы принциплери ғәрезсизлик, нызамлылық, коллегиаллық, жәриялылық ҳәм әдилликтен ибарат болған Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы дүзиледи.
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы өз жумысын турақлы түрде әмелге асырады ҳәм өз жумысында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына, Қарақалпақстан Республикасының сайлаў ҳәм референдум ҳаққындағы нызамларына ҳәм басқа да нызамларға әмел қылады.
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң усынысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен сайланады.
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы комиссия ағзалары арасынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының усынысы менен комиссия мәжилисинде сайланады.
ХХIV БАП
КОНСТИТУЦИЯЛЫҚ БАҚЛАЎ
112-статья. Қарақалпақстан Республикасында Конституциялық бақлаўды Қарақалпақстан Республикасының Конституциялық бақлаў комитети әмелге асырады.
Конституциялық бақлаў комитети Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен сиясат ҳәм ҳуқық тараўының қәнигелери арасынан Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы, оның орынбасары ҳәм комитет ағзалары қурамында сайланады. Конституциялық бақлаў комитетине сайланған адамларың ўәкиллик мүддети - бес жыл.
Конституциялық бақлаў комитети баслығының, баслығы орынбасарының ҳәм ағзаларының миннетлерин депутатлық мандат пенен қосып атқарыўға болмайды.
Конституциялық бақлаў комитетине сайланған шахслар бир ўақыттың өзинде актлери комитеттиң бақлаўында болған уйымлардың қурамына кире алмайды.
Конституциялық бақлаў комитетине сайланған шахслар өз миннетлерин атқарыўда ғәрезсиз болады ҳәм тек Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына ғана бағынады.
113-статья. Қарақалпақстан Республикасының Конституциялық бақлаў комитети:
1) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тапсырмасы менен оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине қарап шығыўға усынылып атырған Қарақалпақстан Республикасы нызамларының ҳәм басқа да актлериниң Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына муўапықлығы ҳаққындағы жуўмағын усынады;
2) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатларының кем дегенде бестен бириниң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының усынысы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен қабыл етилген нызамлардың ҳәм басқа да актлердиң Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына муўапықлығы ҳаққындағы жуўмағын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине усынады;
3) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тапсырмасы бойынша оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарарларының ҳәм Жоқарғы Кеңес Баслығы бийликлериниң Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына ҳәм нызамларына муўапықлығы ҳаққында жуўмағын усынады;
4) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тапсырмасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатларының кем дегенде бестен бириниң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының усыныслары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарар ҳәм бийликлериниң Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына ҳәм нызамларына муўапықлығы бойынша жуўмағын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине усынады;
Сондай-ақ, Конституциялық бақлаў комитети өз басламасы бойынша Қарақалпақстан Республикасы жоқары мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары актлериниң Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына ҳәм нызамларына муўапықлығы ҳаққындағы жуўмақларды усыныўға ҳақылы.
Комитеттиң жуўмағы тек Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң барлық депутатларының үштен екисиниң даўысы менен қабылланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң шешими менен бийкарланыўы мүмкин.
Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетин шөлкемлестириў ҳәм оның жумыс тәртиби Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети ҳаққындағы Нызам менен белгиленеди.
ХХV БАП
ПРОКУРАТУРА
114-статья. Қарақалпақстан Республикасының аймағында нызамлардың дурыс ҳәм бир қыйлы орынланыўын бақлаўды Қарақалпақстан Республикасының Прокуроры ҳәм оған бағынышлы прокурорлар әмелге асырады.
115-статья. Қарақалпақстан Республикасының Прокуроры Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры менен келисилип, Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси тәрепинен тайынланады ҳәм босатылады.
Районлардың ҳәм қалалардың прокурорлары Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының усыныўы бойынша Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры тәрепинен тайынланады ҳәм босатылады.
Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының, районлар ҳәм қалалар прокурорларының ўәкиллик мүддети - ө жыл.
116-статья. Қарақалпақстан Республикасы прокуратура уйымлары өз ўәкилликлерин ҳәр қандай мәмлекетлик уйымлардан, жәмийетлик бирлеспелерден ҳәм лаўазымлы адамлардан бийғәрез, тек нызамға бағыныў менен әмелге асырады.
Прокурорлар өз ўәкилликлери мүддетинде сиясий мақсетлерди гөзлеўши сиясий партияларға ҳәм басқа да жәмийетлик бирлеспелерге ағзалығын тоқтатып турады.
Прокуратура уйымларын дүзиў, олардың ўәкилликлери ҳәм жумыс тәртиби нызам менен белгиленеди.
117-статья. Қарақалпақстан Республикасының аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша оператив-қыдырыў, тергеў ўазыйпаларын ҳәм басқа да арнаўлы ўазыйпаларды өз бетинше атқаратуғын жеке, кооперативлик шөлкемлерди, жәмийетлик бирлеспелерди ҳәм олардың бөлимшелерин дүзиў және олардың ислеўи қадаған етиледи.
Нызамлылықты ҳәм ҳуқық тәртибин, пуқаралардың ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин қорғаўда ҳуқық қорғаў уйымларына жәмийетлик бирлеспелер менен пуқаралар жәрдем етиўи мүмкин.
ХХVI БАП
ФИНАНС ҲӘМ БЮДЖЕТ
118-статья. Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик бюджети республикалық ҳәм жергиликли бюджетлерди өз ишине алады.
119-статья. Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик бюджетиниң дәрамат ҳәм қәрежетлерин республикалық ҳәм жергиликли бюджетлерге бөлиў Қарақалпақстан Республикасы нызамлары менен белгиленеди.
АЛТЫНШЫ ТАРАЎ
КОНСТИТУЦИЯНЫ ӨЗГЕРТИЎ ТӘРТИБИ
120-статья. Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатларының улыўма санының ең кеминде үштен екисиниң көпшилик даўысы арқалы қабыл етилген нызамы ямаса Қарақалпақстан Республикасының референдумы менен киргизиледи.
121-статья. Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси Конституцияға өзгерислер киргизиў ҳаққында нызамды тийисли усыныс болғаннан кейин алты ай даўамында қабыл етиўге ҳақылы. Егер Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси Конституцияға өзгерис киргизиў ҳаққындағы усынысты қайтарса, кеминде бир жылдан соң оны қайталаўға болады.