16.10.2024, Сәршемби

Миллий байрамлар


14 январь – Ўатан қорғаўшылары күни.




    Ғәрезсиз Өзбекстанда усы байрам өз Қураллы Күшлерин шөлкемлестириўге бақышланған. 1992-жыл 14-январда Республика парламенти елимиз аймағындағы әскерий оқыў орынлары ҳәм басқа да әскерий мәкемелердиң барлық бөлимлери менен бирлеспелериниң Өзбекстан Республикасы юрисдикция қарамағына өтиўи ҳаққында қарары қабыл етилди. 1993-жыл 29-декабрде 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни деп жәрияланды.


8-март – Халықаралық Ҳаял-қызлар күни.


Картинки по запросу 8 mart - Xalqaro xotin-qizlar kuni

Өзбекстанда бул байрам муҳаббат, меҳрибанлық ҳәм гөззаллық байрамы сыпатында белгиленеди. Сондай-ақ, «Аналар күни» сыпатында да белгили. 8-март Өзбекстанда дем алыс күни деп белгиленген.


21-март – Наўрыз миллий барамы.


Картинки по запросу 21 Mart - Navro'z bayrami

 Наўрыз байрамы (парсы тилинен алынған бул сөздиң бизиң тилимиздеги аўдармасы «жаңа күн» дегенди аңлатады)  Наўрыз байрамы 21-март күни белгиленеди. Бул күн – күн менен түнниң теңлескен ўақтына туўра келеди.

Елимиз ғәрезсизликке ерискеннен соң Өзбек ҳәм қарақалпақ халықларыныңәййемги үрп-әдетлери менен дәстүрлери күшке кирип, соның ишинде, Наўрыз байрамын байрамлаў өзине тән түске ийе болды. Бул байрам Өзбекстанда жасап атырған барлық халықлардың дослық ҳәм аўызбиршилик символына ийе болған улыўмахалықлық байрам болып табылады. Бүгинги күнде Наўрыс байрамы Өзбекстан Республикасының барлық аймақларында, соның ишинде, Қарақалпақстанда жоқары көтериңкилик руўхында кең түрде белгиленеди.


9 - май  Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни.


Картинки по запросу 9 may - Xotira va qadrlash kuni


1999-жыл 9-май күни Өзбекстан пайтахтында Еслеў майданы ашылды ҳәм сол күннен баслап 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни деп белгиленип келинбекте. Бул байрам үлкен мәниске ийе болып, ол ғәрезсиз Өзбекстанда әсирлер даўамында қаҳраманларша  елимизди қорғаған, оның еркинлиги, ғәрезсизлиги ҳәм халқының тынышлығы ушын гүрескен ўатанласлар естелигине бағышланыў менен бир қатарда, ол улыўмахылықлық естелиги ҳәм инсанды қәдирлеў күни болып есапланады. Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни шын мәнисиндеги миллий улыўмахалықлық байрам болып табылады. Соңғы пайытта Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев тәрепинен бул байрамға айрықша әҳмийет қаратылып, байрам илажлары елимиз бойлап көтериңки руўхда шөлкемлестирилмекте.


1-сентябрь – Ғәрезсизлик күни.


Картинки по запросу 1 sentyabr - Mustaqillik kuni


Бул байрам Өзбекстан Республикасының тийкарғы миллий байрамы – Ғәрезсизликке ерискен күни болып табылады. Байрам елимиз бойлап ҳәр жылы салтанатлы рәң-бәрең түрде белгиленеди. Миллий байрам дослық, қайырқомлық ҳәм ҳәр тәреплеме ҳүрметке сүйенген өзбек ҳәм қарақалпақ халқының арзыў-нийетлерин ҳәм мақтанышын сәўлелендиретуғын байрам болып табылады.

Өзбекстан жасап атырған барлық миллет ўәкиллери миллети, дини ҳәм келип шығыўына қарамастан Өзбекстанның барлық аймақларында усы байрамды көтериңки руўхта белгилейди.


1 -октябрь – Устазлар ҳәм муғәллимлер күни.




Ҳәр жылы бул байрам Өзбекстан Республикасында кеңнен белгиленип келинбекте. Әййемги заманлардан устазларға терең ҳүрмет ҳәм итибар сақланып қалған. «Муғәллим», «Устаз» ҳәм «Жол көрсетиўши» сыяқлы сөзлер өз устазларынан тек ғана берген билимлерин емес, ал халыққа болған ҳүрметин, Ана-Ўатанға муҳаббатын оқыўшылар әсирлер даўамында миннетдларшылық пенен тилге алған.

Мектеп ҳәм соңғы оқыў мәкемелериниң оқыўшылары турмыстың дәслепки билимлерин берген устазларын терең ҳүрмет етеди.


8 -декабрь - Контитуция күни.




 Өзбекстан Республикасының Конституциясы 1992-жыл 8-декабрде қабыл етилген. Усы байрам ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы  бойлап кеңнен белгиленеди.


Рамазан Ҳайыты байрами


Картинки по запросу Ramazon Hayiti



 Бул байрам Ораза ҳайыты сыпатында танылған ҳәм мусылман (Ҳижрий) календардың 9-айына туўра келеди. Байрам 30 күннен ибарат болып, ол руўхый пәклениў дәстүри болып табылады. Оның шәртлери төмендегише: таң атыўдан күн батқанға шекем аўқат ҳәм суў ишпеў; жаман ойлардан сақланыў; әтираптағыларғы ҳүрмет пенен қараў ҳәм оларға мүмкиншилиги болғанынша жақсылық етиўден ибарат.

Усы шәртлерди орынлағанан соң үш күннен ибарат болған Рамазан Ҳайыты басланады. «Рамазан ҳайыты»ның биринши күни дем алыс күни, деп белгиленеди.


Қурбан Ҳайыты


Похожее изображение