МӘЛИМЛЕМЕ ХЫЗМЕТИ
Хожанов Бектурсын Мухтарович | Жуўапкер | Хожанов Бектурсын Мухтарович |
Ел почта: | pressa.rk@exat.uz | |
Телефон: | 0(361) 222-92-72 | |
Манзил: | 203103, Нукус шаҳри, Ғарезсизлик кўчаси, 50 уй |
Қорақалпоғистон Республикаси Вазирлар Кенгаши Ахборот хизмати ходими (Матбуот котиби) Оммавий ахборот воситалари билан алоқада бўлади. У ўз фаолиятида Ўзбекистон Республикаси Президенти фармон, қарор ва фармойишларини, Вазирлар Маҳкамаси қарор ва фармойишларини, Қорақалпоғистон Республикаси Вазирлар Кенгашининг қарор ва фармойишларини ҳамда бошқа маълумотларни вазирлик веб-сайти ва оммавий ахборот воситаларида белгиланган тартибда эълон қилиб боришни таъминлайди.
ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫНЫҢ БИЙҒӘРЕЗЛИГИН ТӘМИЙИНЛЕЎ ҲӘМ МӘМЛЕКЕТЛИК УЙЫМЛАР ҲӘМ ШӨЛКЕМЛЕРДИҢ МӘЛИМЛЕМЕ ХЫЗМЕТЛЕРИНИҢ ЖУМЫСЫН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ БОЙЫНША ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Мәмлекетимизде сөз еркинлигин тәмийинлеў, мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар тараўын басқарыў системасын қайта шөлкемлестириў, жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық раўажланыўдың машқалалы мәселелерин шешиўде ғалаба хабар қуралларының ролин арттырыў бойынша сезилерли жумыслар әмелге асырылды.
Соның менен бирге, тараўдағы ҳәзирги жағдайдың анализи медиа мәканда жүзеге келип атырған шақырықларға оперативлилик пенен мүнәсип жуўап қайтарылмай атырғанын көрсетип, мәмлекетте әмелге асырылып атырған үлкен көлемдеги реформалар ҳаққындағы кең көлемли мағлыўматларды өз ўақтында усыныў бойынша жәмийеттиң талаплары мәлимлеме тараўындағы жумысларды сезилерли дәрежеде арттырыўды, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлери, ғалаба хабар қуралларының жумысын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўды талап етпекте.
Ғалаба хабар қуралларының жумысы ушын максимал дәрежеде қолайлы шараятлар жаратыў, мәмлекет ҳәм жәмийет арасында сапалы пикирлесиўди жолға қойыў, халыққа реформалардың мақсети, ўазыйпалары ҳәм нәтийжелери ҳаққында оператив, қалыс ҳәм толық мәлимлеме жеткериў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысының ашық-айдынлығын арттырыў, сондай-ақ, олардың жәмийетшилик пенен өз-ара бирге ислесиў байланысларын ҳәм мәлимлеме хызметлери жумысының нәтийжелилигин түп-тийкарынан жақсылаў мақсетинде:
1. 2019-жыл 1-октябрьден баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық балалар әдебиятлары, сондай-ақ, майыплығы болған шахслар ушын мөлшерленген өнимлерди басып шығарыўға қәнигелескен баспалар баспа жумысын әмелге асырыўға лицензия бергенлиги ушын мәмлекетлик бажы төлеўден азат етиледи.
2. Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары (кейинги орынларда – мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер)ның ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў ҳәм халықты хабардар етиў тараўындағы жумысы қанаатландырарсыз деп табылсын.
3. Төмендегилер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлери, баспасөз орайлары, жәмийетшилик пенен байланыслар бойынша хызметлер (кейинги орынларда – мәлимлеме хызметлери)диң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысы ҳаққында ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң рәсмий веб-сайтлары, сондай-ақ, басқа да мәлимлеме ресурслары арқалы, соның ишинде, баспасөз конференциялары, бирифинглер, медиатурлар шөлкемлестириў жолы менен халыққа турақлы, толық ҳәм оператив түрде мәлимлеме усынып барыў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде елимиздиң жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық раўажланыў процеси ҳаққында мәлимлеме бериў және сәўлелендириў бойынша илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиңң унамлы имиджин қәлиплестириў ҳәм илгери сүриў, жәмийетлик сораўлар өткериў ҳәм басқа да форматларда жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў;
мәлимлеме сиясаты тараўында өзлерине жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) пенен нәтийжели әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў;
ғалаба хабар қураллары менен нәтийжели бирге ислесиў, мәлимлеме хызметлери менен турақлы ислесетуғын журналистлер ҳәм блогерлердиң шеңберинде оператив мағлыўматларды тарқатыў, сондай-ақ, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаўда халықтың кең қатламларының қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде экспертлердиң топарын қәлиплестириў;
турақлы түрде ғалаба хабар қуралларында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшыларының шығыўларын шөлкемлестириў;
мәлимлеме мәканы мониторингин алып барыў ҳәм таллаў, сын көзқарастан ҳәм кеңнен додаланып атырған мәлимлеме топылысларына оператив қатнас билдириў, ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет тармағында тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысына байланыслы мәлимлемени тарқатыў бойынша жумысларды шөлкемлестириў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен биргеликте жергиликли және сырт ел ғалаба хабар қураллары арқалы тарқатыў ушын мәлимлеме, мағлыўмат, түсиник ҳәм басқа да информациялық-аналитикалық материаллар таярлаў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысы ҳаққында жәмийетшиликтиң пикирин, миллий ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының позициясын үйрениў, әҳмийетли усыныслар ислеп шығыў ҳәм олар ҳаққында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшыларына мәлимлеме берип барыў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын сырт ел ғалаба хабар қуралларында сапалы сәўлелендириў мақсетинде ўәкилликли министрликлер ҳәм уйымлар арқалы Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханаларын, сондай-ақ, сырт мәмлекетлердиң Өзбекстандағы дипломатиялық ўәкилханаларын мәлимлеме материаллары (баспа өнимлери, фото-, аудио-, видеоматериаллар ҳәм т.б.) менен тәмийинлеў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллигине киретуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары және олардың тастыйықланған текстлерин белгиленген тәртипте өзиниң рәсмий веб-сайтларында жайластырыў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысына байланыслы текстли, фото-, аудио- ҳәм видеоматериаллардан ибарат мағлыўматлар базасын қәлиплестириў ҳәм жаңалап барыў.
4. а) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлериниң хызметкерлери ең баслысы журналистика тараўында жоқары мағлыўматқа ийе болған шахслар арасынан лаўазымға тайынланатуғыны;
б) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлериниң басшылары:
бир ўақыттың өзинде мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкем басшысы баспасөз хаткери есапланып, мәлимлеме сиясаты мәселелери бойынша басшының мәсләҳәтшиси статусына ийе болады ҳәм мийнетке ҳақы төлеў, медицина және транспорт хызметин көрсетиў шәртлерине бола мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкем басшысының орынбасарына теңлестирилетуғыны;
тийислисинше Агентлик ямаса оның аймақлық бөлимлериниң жуўмағын есапқа алған ҳалда лаўазымға тайынланатуғыны;
ҳәр үш жылда Агентликте аттестациядан өтетуғыны;
в) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң орайлық аппаратлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қала, район (қала) ҳәкимликлериниң структураларында мәлимлеме хызмети нәзерде тутылыўы шәрт.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң орайлық аппаратлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериндеги мәлимлеме хызметлери хызметкерлериниң саны, қағыйда тәризинде, олардың штат бирликлери шеңберинде қәлиплестирилетуғыны ҳәм баспасөз хаткери менен бир қатарда ғалаба хабар қураллары ҳәм жәмийетшилик пенен байланыслар, веб-ресурслар және социаллық тармақлар менен ислесиў ушын жуўапкер хызметкерлерден ибарат болатуғыны.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң орайлық аппаратларындағы мәлимлеме хызметлери хызметкерлериниң саны тийисли уйым жумысының өзине тәнлигинен келип шыққан ҳалда оның басшысы тәрепинен белгиленетуғыны.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң уйымлық ҳәм аймақлық бөлимлери мәлимлеме хызметлериниң жумысын шөлкемлестириў тийисли уйымлардың талабынан келип шығып белгилениўи мүмкин.
г) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме жумысын муўапықластырып барыў Агентлик тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
д) Төмендегилерге жол қойылмайды:
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлерине олардың хызмет миннетлемелерине кирмейтуғын қосымша миннетлемелерди жүклеўге;
мәлимлеме хызметлериниң функциялары ҳәм ўазыйпаларын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басқа да бөлимлерине жүклеўге;
е) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары:
мәлимлеме хызметлериниң заманагөй материаллық-техникалық қураллары, соның ишинде, телевизор, фото- ҳәм видео жазып алыў қураллары, жоқары тезликтеги Интернеттен пайдаланыў имканияты, зәрүр программалық өнимлер менен тәмийинленгенлги, сондай-ақ, қәнигели кадрларды тартыў ушын жеке жуўапкер есапаланады;
мәлимлеме хызметлери хызметкерлерине, басқа да төлемлерге қарамастан, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң өзлериниң қаржылары есабынан мийнетке ҳақы төлеў фондының 50 процентинен аз болмаған муғдарда айлық үстеме төлеўге ҳақлы болып есапланады;
ж) мәлимлемелер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң веб-сайтларында, социаллық тармақларда, мобиль мессенджерлердеги бетлеринде күнине кеминде бир рет жайластырылыўы ҳәм жаңаланыўы керек.
5. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлериниң жумысын мониторинг етиў нәтийжели системасын енгизиў, ғалаба хабар қураллары менен өз-ара бирге ислесиў бойынша жумысларды шөлкемлестириўде оларға жәрдемлесиў, сондай-ақ, мәлимлеме хүжимлерине оперативлилик пенен жуўап қайтарыў мақсетинде Агентликтиң мәмлекетлик уйымларының мәлимлеме хызметлерин муўапықластырыў бөлими Агентликтиң орайлық аппараты басқарыў хызметкерлериниң белгиленген улыўма саны тийислисинше арттырып, 5 штат бирлигин қосымша ажыратқан ҳалда Мәлимлеме хызметлериниң жумысын шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў басқармасы сыпатында қайта шөлкемлестирилсин.
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармаларында 14 штат бирликлерин қосымша ажыратқан ҳалда мәлимлеме хызметлериниң жумысын шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў секторы шөлкемлестирилсин.
6. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер:
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялар ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте баспасөз хаткерлерин байланыс қураллары, соның ишинде, ҳүкиметлик байланыс, сондай-ақ, кең полосалы Интернет тармағына жалғаныў имканияты менен тәмийинлесин;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер мәлимлеме хызметлери хызметкерлерин тәжирийбе арттырыў ҳәм сырт мәмлекетлердиң тийисли шөлкемлер менен жақыннан танысыў, сондай-ақ, оларды мәлимлеме жағынан тәмийинлеў ушын сапар ететуғын делегациялардың қурамына киргизиў илажларын көрсин.
7. Агентлик Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының структуралық бөлимлери, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, министрликлер ҳәм уйымлар, қәнигелер ҳәм экспертлерди тартқан ҳалда қабыл етилиўи режелестирилген ҳәм қабыл етилген социаллық әҳмийетке ийе нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң қағыйдаларының, сондай-ақ, әҳмийетли мәселелер бойынша күтилип атырған шөлкемлестириўшилик илажлардың ғалаба хабар қуралларында ҳәм Интернет тармағында кеңнен сәўлелениўин тәмийинлесин.
8. Агентлик:
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен Өзбекстан Республикасының нызамлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары ҳәм тапсырмаларының орынланыўы ҳаққындағы жәмийетшиликтиң пикирин, сондай-ақ, олардың орынланыўы бойынша ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет тармағындағы веб-сайтларында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жәриялаған материалларды мониторинг жолы менен турақлы түрде үйренип барсын ҳәм нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған илажларды көриў ушын тийисли мәмлекетлик ҳәкимият және басқарыў уйымларына мәлимлеме (көрсетпелер) киргизсин;
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм Өзбекстан Журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университети менен биргеликте мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердеги мәлимлеме хызметлериниң хызметкерлери ҳәм басшыларының қәнигелигин арттырыў курсларын шөлкемлестирсин;
еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте мәлимлеме хызметлериниң басшыларын аттестациядан өткериў тәртибин, сондай-ақ, олардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаў өлшемлерин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;
2020-жыл 1-январьға шекем мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлериниң басшыларын нызам ҳүжжетлерине муўапық аттестациядан өткерсин;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге олардың жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, ғалаба хабар қураллары менен өз-ара бирге ислесиўди жақсылаў, сондай-ақ, мәлимлеме хызметлерин методикалық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша турақлы жәрдем көрсетип барсын;
ғалаба хабар қураллары, Интернет тармағы, соның ишинде, социаллық тармақлар ҳәм мобиль мессенджерлерде жәрияланып атырған халықтың кең қатламларының пикирине унамсыз тәсир көрсететуғын мағлыўматлардың турақлы мониторингин әмелге асырсын ҳәм тийисли мәмлекетлик уйымлар және шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлери мүнәсибет билдириўи ушын оларға жиберсин;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлериниң хызметкерлерин, соның ишинде, мәмлекетлик сыйлықларға усыныў арқалы хошаметлеп барыў илажларын көрсин;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлери реестрин қәлиплестирсин және оны турақлы жаңалап барсын;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлериниң жумысын, олардың маман кадрлар, материаллық-техникалық қураллар менен тәмийинленгенлиги ҳәм оларға жүклетилген ўазыйпалардың орынланыўын үйренсин.
9. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:
сырт елде Өзбекстанның унамлы имиджин алға қойыў ҳәм мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында үгит-нәсиятлаў ҳәм жәмийетшиликти кеңнен хабардар етиўге қаратылған мәлимлеме кампанияларын өткериў мақсетинде Өзбекстан Республикасының мәлимлеме тараўы ҳәм ғалаба коммуникацияларды раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў қорына Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан ҳәр жылы 20 миллиард сум ажыратылыўын тәмийинлесин.
ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде Агентлик ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәмийнаты ҳәм материаллық-техникалық үскенелениўи ушын қаржыларды нәзерде тутсын.
12. Агентликке илажлар (конференциялар, брифинглер, «дөгерек сәўбетлери», презентациялар ҳәм басқалар)ды шөлкемлестириўге байланыслы жүклетилген ўазыйпалардың лазым дәрежеде орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Мәлимлеме тараўы ҳәм ғалаба коммуникацияларды раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан жумыслар (хызметлер) жеткерип бериўшилер менен тиккелей шәртнамалар дүзиўге айрықша түрде рухсат берилсин.
13. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги мәлимлеме қәўипсизлигиниң мәплеринен келип шыққан ҳалда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер және ғалаба хабар қуралларының Интернет тармағынан пайдаланыўы, техникалық хызмет көрсетилиўи ҳәм жалғаныўы және олардың серверлери TAS-IX тармағына жайластырылыўына байланыслы қәрежетлерди азайтыў илажларын көрсин.
14. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 2-февральдағы «Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-4151-санлы қарарына қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
15. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги:
Агентлик, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-сентябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине ғалаба хабар қураллары ҳәм полиграфиялық кәрханаларды мәмлекетлик дизимнен өткериў, сондай-ақ, баспа жумысын лицензиялаў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў административлик регламентлер жойбарларын киргизсин;
еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен мағлыўмат усынылмағанлығы ямаса надурыс мағлыўмат усынылғанлығы, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының жумысына тосқынлық еткенлиги ҳәм журналистлерге басым өткергенлиги ушын жуўапкершиликти белгилеў ҳаққында усыныслар киргизсин.
16. Агентлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
17. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының баслығы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 27-июнь