Президентимиз Хорезм ўəлаятына болған сапарында Әмиўдəрьяның үстинен Хорезм ҳəм Қарақалпақстанды байланыстырыў ушын 413 метрли көпир, соның менен бирге Қараөзек районынан Хорезм ўəлаятының Шовот районына шекем 79 километрли темир жол қурылатуғынын атап өткен еди.
Көп узамай бул қурылыс баслап жиберилди. Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятын байланыстырыўшы қос көпирдиң қазығын қағыў мәресимине Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң биринши орынбасары А.Раматов, Хорезм ўәлаяты ҳәкими Ф.Ерманов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев ҳәм бир қанша нуранийлер қатнасты.
Дәслеп басланып
атырған қурылыстың сәтли болыўы ҳәм халқымыздың аманлығы ушын қан шығарылып қуран
оқылды.
Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, бул көпир Әмиўдәрья районына 1980-жылы
орнатылған пантон көпирдиң жанынан
қурылады.
Узынлығы 413 метрге тең болатуғын жаңа көпир арқалы ҳәм автомобиль жолы, ҳәм темир жол өтиўи жобаластырылған.
«Жаңадан қурылатуғын көпир ҳәм сол көпирге шекемги болған 10 километрге шамалас темир жол, көпирден кейинги 60 километрден аслам болған темир жол қурылғаннан соң алдынғы 240 километр артықша ҳәрекетлениўдиң алды алынады. Автомобиль ҳәм темир жол жөнелисинде тасылып атырған жүклердиң мәнзилге жетип барыў ўақты 6 саатқа қысқарады.
Сондай-ақ, бул көпир арқалы өтип атырған жүклердиң жыллық
нәтийжелилиги 150 миллиард сумға шамалас болады – сонша қәрежетлердиң
үнемлениўи күтилмекте. Хорезм ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы
арасындағы темир жол арқалы тасылып атырған жүклердиң орташа көлеми 12 миллион
тоннаны қурап атырған болса, көпир және темир жол қурылғаннан кейин жүклер
көлеми жойбардың өзин ақлаў мүддетине жетип барғанға шекем 20-25 миллион тонна
дөгерегинде болады.
ҚР Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети