19-декабрь
күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он биринши сессиясы болып
өтти
Сессияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги директоры А.Ходжаев, Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, ҳүкимет ағзалары, тараў ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары басшылары, қала, район ҳәкимлери, сектор басшылары қатнасты.
Сондай-ақ, сессияға «Ел хызметинде» газетасы редакторы Д.Тəжимуратов, «zaman.uz» сайты админстраторы П.Ажимуратов, блогер С.Зияев «uza.uz» сайты хабаршысы Д.Абибуллаев, «kar24» сайты администраторы Қ.Бегниязова, «O’zbekiston 24» каналы ҳəм жергиликли телевидение хабаршылары менен белгили газета журналлардан журналистлер қатнасты.
Сессия күн тәртибиндеги дәслепки мәселе, Қарақалпақстан
Республикасын 2020-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыўдың жуўмақлары
ҳәмде 2021-жылға белгиленген режелер ҳаққында Министрлер Кеңеси Баслығы
Қаҳарман Сариевтиң мүрәжаты тыңланды.
Сессия жуўмағы бойынша ҒХҚ ўəкиллери ҳəм блогерлер ушын баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди. Баспасөз конференциясына Министрлер Кеңеси Баслығы Қахраман Сариев ҳəм сектор басшылары, Министрлер Кеңеси Баслығы орынбасарлары, ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери, министрликлер менен басқармалар басшылары қатнасты.
Қызғын сораў-жуўапларға бай болған баспасөз конференциясы 3 саат даўам етти. Онда барлық журналист блогерлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды. Баспасөз конференция соңында Министрлер Кеңеси Баслығы Қахраман Сариев журналист ҳəм блогерлер менен тығыз бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирди.
ҚР Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети