22.12.2024, Якшанба

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-июльдеги «Ис ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалардың муғдарларын көбейтиў ҳаққында»ғы ПФ-5469-санлы Пәрманы ҳаққында



Республика халқының дәраматларын ҳәм турмыс дәрежесин буннан былай да арттырыў, пуқараларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаўды күшейттириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси


Қ А Р А Р Е Т Е Д И:


1. Өзбекстан РеспубликасыПрезидентиниң2018-жыл2-июльдеги «Ис ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалардың муғдарларын көбейтиўҳаққында»ғы ПФ-5469-санлы Пәрманы орынлаў ушын басшылыққа алынсын.

2.Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы Пәрманы менен:

а) 2018-жылдың15-июль күнинен баслап бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң ис ҳақысы, пенсиялар, стипендияларҳәм денапақалар муғдары орташа есапта 1,07 есеге көбейтилгенлиги;

б) 2018-жылдың15-июль күнинен баслап Өзбекстан Республикасы аймағында ең кем:

- ис хақы - айына 184300 сум;

-жасы бойынша пенсия - айына 360 460 сум;

-балалықтан майыпларға берилетуғын напақа -айына 360 460 сум;

-зәрүр мийнет стажына ийе болмаған қариялар ҳәм жумысқа жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа - айына 221190 сум муғдарында белгиленгенлиги;

в) ис хақыға ҳәм де пенсияларга қосылатуғын үстеме ҳәм қосымша хақылардың барлық түрлери, ең кем ис хақыға салыстырыпбелгиленгенкомпенсацияҳәмбасқа датөлемлер2018-жылдың15-июль күниненбаслап усы Пәрманда белгиленген ең кем ис ҳақы муғдарынан келип шыққан ҳалда әмелге асырылыўы белгилеп қойылғанлығы;

г)Өзбекстан РеспубликасыФинанс министрлигине Бәнтлик ҳәм мийнетқатнасықлары министрлиги, басқа мәпдар министрликлер ҳәм мәкемелер, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Өзбекстан Республикасымәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылатуғын шөлкемлер ҳәм мәкемелер менен биргеликте пенсиялар, стипендиялар, бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң лаўазымлы айлықлары муғдарын усы Пәрман қағыйдаларынан келип шыққан ҳалда өз ўақтында қайта есаплап шығыўын тәмийинлеў тапсырылғанлығы;

д) бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң ис ҳақысы, пенсиялар,напақалар ҳәм стипендиялардыңкөбейиўине байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қоры қаржылары есабынан әмелге асырылатуғынлығы;

хожалықесабындағыкәрханаларға ҳәмшөлкемлерге 2018-жылдың 15-июль күнинен баслап усы Пәрманда белгиленген ең кем ис ҳақыға муўапық, ислеп шығарыў нәтийжелилигин асырыўҳәмде мийнеттиң сарпланыўын кемейтиў есабынан ис ҳақы муғдарын көбейтиў тапсырылғанлығы;

е) Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-ноябрьдеги

«Ис ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалардың муғдарларын көбейтиўҳаққында»ғыПФ-5245-санлы Пәрманы (6-бәнтинен тысқары)2018-жылдың15-июль күнинен баслап өз күшин жойтқан деп есапланғанлығы;

ж) Өзбекстан РеспубликасыӘдиллик министрлигине Финанс министрлигименен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизиў тапсырылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

3. Қарақалпақстан Республикасы Финанс министрлиги (М.Содиқов), Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (У.Сабуров), басқа мәпдар министрликлерҳәм мәкемелер, бюджеттен қаржыландырылатуғын шөлкемлер, мәкемелер, Нөкис қаласы ҳәм районлар ҳәкимликлерименен биргеликте усы Пәрман қағыйдаларынан келип шыққан ҳалда пенсиялар,стипендиялар ҳәмде бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң лаўазымлы айлықлары муғдарын өз ўақтында қайта есаплап шығыўды тәмийинлеў тапсырылсын.

4.Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2017-жыл 23-ноябрьдеги797-санлы қарары(4-бәнтинен тысқары)өз күшин жойтқан деп есаплансын.

5.Усы қарардың орынланыўын қадағалаўдыөзиме қалдыраман.


Қарақалпақстан Республикасы

Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев