21.12.2024, Шемби

Нөкис қаласы ҳәкимлиги



  • ­­­­

    ­­­­­­­­Данияров Абатбай Сапарбаевич 

     Нөкис қаласы ҳәкими

     Mәнзил:

    230103, Нөкис қаласы, А.Досназаров көшеси, 96 жай

     Teлефон:

    (61) 222-92-53

     E-mail:


    Қабыллаў күнлери:

     Ҳәр ҳәптениң жума күни

    саат 10:00 – 12:00

      



    Калимбетов Камал Тангирбергенович

     Нөкис қаласы ҳәкиминиң финанс-экономика

    ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары

     Mәнзил:

     230103, Нөкис қаласы, А.Досназаров көшеси, 96 жай

     Teлефон:

    0(361) 222-51-65

     E-mail:

    Қабыллаў күнлери:

    Ҳәр ҳәптениң сәршемби күни

    саат 15:00 – 17:00

                                                             

     


    вакант

    Нөкис қаласы ҳәкиминиң қурылыс,  коммуникациялар,  коммунал хожалық,  екология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары

     Mәнзил:

     230103, Нөкис қаласы, А.Досназаров көшеси, 96 жай

     Teлефон:

    0(361) 222-25-39

     E-mail:


    Қабыллаў күнлери:

    Ҳәр ҳәптениң шийшемби күни

    саат 15:00 – 17:00



     


    Ойбеков Одилбек Ойбекович  

    Nókis qalası hákiminiń orınbasarı – investiciyalar hám sırtqı sawda bólimi baslıǵı

     Mәнзил:

     230103, Нөкис қаласы, А.Досназаров көшеси, 96 жай

     Teлефон:

    0(61) 222-52-20

     E-mail:

    p.kudiyarov@exat.uz

    p.kudiyarov@gmail.com

    Қабыллаў күнлери:

    Ҳәр ҳәптениң сәршемби күни

    саат 15:00 – 17:00

     

     


    Әзиз Пиржанов Аяпбергенович 

    Нөкис қаласы  ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары

     Mәнзил:

     230103, Нөкис қаласы, А.Досназаров көшеси, 96 жай

     Teлефон:

    0(61) 222-66-84

     E-mail:

    е.allanov@exat.uz

    Қабыллаў күнлери:

    Ҳәр ҳәптениң дүйшемби күни

    саат 15:00 – 17:00

     

     



     Қутлымуратова Диляфруз Султанмуратовна

    Нөкис қаласы ҳәкиминиң  орынбасары — Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы

     Mәнзил:

     230103, Нөкис қаласы, А.Досназаров көшеси, 96 жай

     Teлефон:

    0(361) 222-89-92

     E-mail:

    аbibullaeva1974@umail.uz

    Қабыллаў күнлери:

    Пийшенби 15:00-17:00

     


    Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы ҳәкими ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы П.Төрешов тәрепинен 2019-жыл даўамында Нөкис қаласында физикалық ҳәм юридикалық шахслар менен ушырасыўлар өткериў мақсетинде шөлкемлестирилген көшпели ҳәм ғалабалық қабыллаўлар өткериў кестеси




    Нөкис қаласы ҳәкиминиң функционал ўазыйпалары:


     

    Қала ҳәкими Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Конституциялары ҳәмде “Жергиликлик мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында”ғы Нызамлары тийкарында жумыс алып барады;

    қала экономикасының, социаллык ҳәм руўхый тараўларының нәтийжели искерлигине басшылықты әмелге асырады;

    қалада Өзбекстан Республикасы Нызамлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси палаталары, Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманлары, қарарлары ҳам бийликлери, Министрлер Кабинети қарарлары ҳәм бийликлери, Қарақалпақстан Республикасы нызамлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Президиумының қарарлары, Министрлер Кеңесиниң қарарлары ҳәм бийликлериниң орынланыўын шөлкемлестиреди;      

    Өзбекстан Республикасы Нызамлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси палаталары, Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманлары, қарарлары ҳам бийликлери, Министрлер Кабинети қарарлары ҳәм бийликлери, Қарақалпақстан Республикасы нызамлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Жоқарғы Кеңес Президиумының қарарлары, Министрлер Кеңесиниң қарарлары ҳәм бийликлери тийкарында ҳәмде басқада қала аймағында орынланыўы шәрт болған қарарлар ҳәм бийликлер шығарады;

    жәмәәт тәртибине әмел қылыныўы ҳәм жынаятшылыққа карсы гүресиў, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, олардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм саламатлығын қорғаў менен байланыслы ис-иләжларды көреди, тәбийий апатлар, эпидемиялар ҳәм басқа айрықша жағдайларда тийисли жумысларды шөлкемлестиреди.   

    қаланы экономикалық ҳәм социаллық раўажландырыўдың тийкарғы жөнелислери, қала бюджетиниң тийкарғы көрсеткишлери ҳәм олардың орынланыўына байланыслы есабатларды халық депутатлары қалалық Кеңесиниң тастыйықлаўына усынады;

    Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығына қала ҳәкими орынбасарларын лаўазымға тайынлаў ҳам лаўазымнан азат етиў ҳаққында усыныслар береди;   

    өз орынбасарлары ҳәм атқарыў ҳәкимияты структура бөлимлерининң басшыларын лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымнан азат етиў ҳаққындағы қарарларын халық депутатлары қалалық Кеңеси тастыйықлаўына усыныс етеди;  

    қала ҳәкимлиги искерлигине басшылық етеди ҳәм оның өз ўәкалатларын нәтийжели әмелге асырыў ушын ис-иләжлар белгилейди;

    қала ҳәкими орынбасарлары арасында ўазыйпаларды бөлистиреди;

    қала ҳәкимлиги мәжлислерине басшылық етеди;

    қала ҳәкимлигиниң тийисли комиссиялары ҳәм кеңеслерине басшылықты әмелге асырады ҳам олардың жумысларын муўапықластырып барады;

    “Мәҳәллий мәмлекет ҳәкимияты ҳаққында”ғы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Нызамларына тийкар Халық депутатлары қалалык Кеңесине басшылық етеди;

    мәмлекет сыйлықлары менен сыйлықлаўга байланыслы илтимаснамаларды көрип шығады ҳәм Жоқарғы Кеңеске усыныслар киритеди;

    режелестириў, бюджет, қаржы, еспа-китап, қала мүлкин басқарыў, мүлкшиликтиң түрли көринисине тән кәрханалар, мекемелер ҳәм шөлкемлер менен бирге ислесиў, жер ҳәм басқа тәбийий ресурслардан пайдаланыў, тәбиятты қорғаў, қурылыс, транспорт, жол хожалығы ҳәм байланыс, халыққа коммунал, саўда ҳәм социаллық-мәдений хызмет көрсетиў, халықты социаллық қорғаў, нызамшылық, ҳуқық-нәсият ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў тараўында нызам ҳүжжетлеринде өз ўәкиллигине берилген басқа мәселелерди де шешеди. 

     

    Қала ҳəкиминиң экономика ҳəм исбилерменлик мəселелери бойынша 
    биринши орынбасарының функционал ўазыйпалары:

    (А.А.Ибрагимов)

     

    Өзбекстан Республикасы Нызамларында ҳəмде Өзбекстан Республикасы Призиденти ҳəм Министрлер Кабинети тəрепинен қабыл етилген ҳужжетлерде белгиленетуғын экономикалық ҳəм исбилерменлик тараўының ең əҳмийетли ўазыйпаларына муўапық аймақты комплекс раўажландырыў бойынша усыныс ислеп шығады;

    Қала көлеминде ислеп шығылған ҳəм тастыйқланған мақсетли дəстурлердиң орынланыўын тəмийнлейди;

    Макроэкономикалық көрсеткишлерди соннан, жалпы аймақлық өним, санаат, инвестиция, хызмет көрсетиў, усақлап сатыў айланбасы, экспорт, инфлияция, халықтың бəнтлиги, жергиликли бюджеттиң ҳəр жылғы прогноз параметрлерин тийкарланған ислеп шығыў ҳəм оның орынланыўын нəтийжели шөлкемлестириў, дебитор-кредитор қарыздарлықтың жўзеге келиуиниң алдын алыў бойынша системалы жумысларды əмелге асырыў ҳəм қарыздарлықты сапластырыўдың нəтийжели усылларын енгизеди;

    Экономика мəселелери бойынша қаладағы кəрхана, шөлкем ҳəм мекемелер, коммерциялық банклери жумыс искерлигин муўапықластырыў, халықты исбилерменликке тартыў мақсетинде олар менен коммерциялық банклери ортасында байланыс орнатыў ушын ҳəр бир шаңараққа банк ҳəм финанслық хызметлерин усыныў арқалы жеңиллетилген кредитлеў дəстурлерин ислеп шығыў ҳəм сөзсиз əмелге асырырады; 

    тармақ ҳəм аймақлық басқарыў оргонларын узликсиз бирге ислесиўин жолға қойыў, экономиканың бəрше тармақларын, соннан, базалық тармақлардың узликсиз раўажланыўын ислеп шығарыў ҳəм мийнет ресурсларын ақылға муўапық жайластириў ис-илажларын модернизациялаў, қурамлық өзгерттириў ҳəм диверсификациялаўды əмелге асырыў, инвестицияларды, соннан туўрыдан-туўры шет ел инвестицияларын финанслық қаржы ҳəм де заманагой технологиялар тəризинде жалб қилиш, карханалар ортасинда кооперация байланысларын кеңейттиреди;

    қала экономикасы тараўын комлекс раўажландырыўдың тийкарғы дəстурлерин,
    соннан, санаат, инвестиция, жергиликлестириў, əсиресе пахта талшығы ҳəм мийўе-палызларды қайта ислеў, хызметлер тараўын рақажландырыў сыяқлы мақсетли дəстурлерди кепилленген финанслық дереклерди анықлаған ҳалда қала жергиликли бюджети параметрлери менен узликсиз тəризде ислеп шығыў ҳəм сөзсиз орынланыўын тəмийнлейди;

    киши бизнес ҳəм жеке исбилерменликти раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықларын қорғаў ҳəм еркинликлериниң кепилликлерин тəмийнлеў қолай исбилерменлик орталықты қəлиплестириў, жаңа карханалар, соннан, киши бизнес ҳəм жеке исбилерменлик тараўында карханаарды дузиў дəстурлерин ислеп шығыў ҳəм əмелге асырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳəм халықтың турли қатламлары бəнтлиги мəселелерин  шешиў арқалы жергиликли бюджеттке  түсимлер көлемин басқышпа-басқыш қысқарттырыў ҳəм сапластырады;

     мəмлекет хызметлерин көрсетиў принципи бойынша исбилерменлик субъектларине мəмлекет хызметлери көрсетиўши орайлардың ҳəм мəмлекет хызметлери көрсетиўши басқа ўəкилликли органларниң искерлигин, сондай-ақ, мəмлекет оргонлары менен исбилерменлик жумысын субъектлери ортасиндағи өз-ара мүнəсебетлердиң турыдан туўры байланыссыз жəриялаўдың жағдайын анализ қылады;

    исбилерменликти раўажландырыўдағы ең əҳмийетли машқалалар бойынша семинарлар ҳəм дөгерек сəўбетлерин турақлы өткизиў, сондай-ақ, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў жузесинен көрилип атырған ис-илажлардың самарадарлығы туўрысындағы материялларды ғалаба хабар қуралларында жəриялаў жолы менен исбилерменлик субъектлари арасында ҳəм түсиндириў ислерин шөлкемлестиреди хабар ҳəм түсиндириў ислерин шөлкемлестиреди;

    тараўға тийисли шөлкем ҳəмде мекемелерде атқарыў тəртибин беккемлеў ис-илажлары орынланыўын қадағалаў, ис жүритиў ҳəм қадағалаўды шөлкемлестириў бойынша норматив ҳүжжетлер талаплары тийкарында исти шөлкемлестириў ҳəм атқарыў тəртибин беккемлеўди əмелге асырады.

     

    Қала ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалық мәселелери бойынша 
    орынбасарының функционал ўазыйпалары:

    (И.Р.Отегенов)

     

    а) коммунал хожалығын реформаластырыў ҳәм раўажландырыў тараўында;

    экономиканы жәнеде реформаластырыў, қурамлылық өзгертиў ҳәм диверсификациялаў дәстүрине муўапық коммунал хожалығы тараўында рформалардың әмелге асрылыўын системалы ҳәм комплекс ўйрениўди шөлкемлестиреди ҳәм иләжлар көреди;

    коммунал хызмет көрсетиў тараўында раўажланыў прогнозларын ҳәм ең әҳмийетли дәстүрлердиң орынланыўын тәмийинлейди;

    коммунал тараўда мониторингти тәмийинлеў, бул тараўдағы ҳал ҳәм жағдайды анализ етеди;

    коммунал хызмет көрсетиў тараўында реформаларды тереңлестириў, коммунал хызмет көрсетиў системасын раўажландырыў ҳәм жетилистириў мәселелери бойынша тапсырмаларды орынлаў бойынша тийисли шөлкемлер жумысларын нәтийжели муўапықластырылыўын тәмийинлейди;

    коммунал тараў кәрханаларында жанылғы-энергетика ресурсларын үнемлеўге байланыслы шөлкемлестириў-техникалық иләжлар ҳәм энергия сарпын кемейтиў тармақ дәстүрин әмелге асырыў жумысларын муўапықластырады.

    б) трансопрт ҳәм транспорт коммуникациялары тараўында:

    транспорт ҳәм транспорт коммуникацияларының барлық түрлери жумысларының мониторингин тәмийинлейдт ҳәмде анализ етеди ҳам бул тараўларда мәмлекет сиясатын, басқарыў түрлери, усыллары ҳәм дүзилмесин жетилистириўге байланыслы усыныслар ислеп шыгады;

    транспорт тараўының жумыс көрсетиўи ҳәм транспорт коммуникацияларын раўажландырыў мәселелери бойынша қабыл етилген норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын шөлкемлестиреди;

    транспорт ҳәм транспорт коммуникациялары тараўы жумыслары мәселелеринде кәрхана, шөлкем, мекемелер басқа идаралардың өз-ара байланысын тәмийинлейди;  

    басеки орталығын қәлиплестириў, транспорт хызметлери базарынан кең пайдаланыўды тәмийинлеў жүзесинен усыныслар ислеп шығады;

    в) капитал курылыс ҳәм кесип алып ислеў жумыслары дәстүрлери тараўында:

    капитал қурылыста, әҳмийетли халық хожалығы объектлери курылысында, соннан, социаллық тараў, үй-жай ҳәм инфраструктура объектлери қурылысларында кесип алып ислеў жумысларын шөлкемлестириў тараўында мониторингти тәмийинлейди ҳәмде ҳал ҳәм жағдайды анализ етеди;

    капитал қурылыс тараўында реформаларды тереңлестириў мәселелери бойынша Өзбекстан Республикасы нызамлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары, карарлары ҳәм бийликлери, Министрлер Кабинетининң қарарлары ҳәм бийликлери, Жоқарғы Кеңестиң қарарлары ҳәм басқа ҳүжжетлери, Министрлер Кеңесиниң қарарлары ҳәм бийликлери, қала ҳәкими қарарлары, бийликлери ҳәм басқа ҳүжжетлериниң орынланыўы бойынша мәмлекет ҳәм хожалық басқарыўы органлары, кәрхана ҳәм шөлкемлер жумысларын нәтийжели муўапықластырылыўын тәмийинлейди;    

    қурылыс тараўында жеке ҳәм киши исбилерменликти, базар инфраструктурасын раўажландырыў бойынша ислеп шығылған усыныслардың мониторингин алып барады.

    капитал қурылыс ҳәм архитектура тараўында жеке мүлк, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң исенимли қорғалыўын тәмийинлейди, оларды жедел раўажландырыў жолындағы тосықларды сапластырыў ис-иләжлары дәстүриниң әмелге асырылыўының мониторингин тәмийинлейди ҳәм анализ етеди;

    г) қурылыс индустриясы ҳәм қурылыс материаллары санааты тараўында:

    қурылыс индустриясы ҳәм қурылыс материаллары санааты раўажландырыў тараўында кабыл етилген қарарлардың әмелге асырылыўын тәмийинлейди;

    қурылыс материаллары санаатын жаңа технологиялар, қурылыс асбап-үскенелер, техника, материалар менен тәмийинлеўдиң комплекс дәстүрлерин сәўлелендиреди;

    қурылыс материалларының алдыңғы түрлерин ислеп шығарыўды өзлестириў, қурылыс индустриясы кәрханаларында заманагөй технологияларды енгизиў бойынша усыныслар ислеп шығады;

    д) архитектура ҳәм қурылыс жумысларын қадағалаў тараўында:

    бирден-бир архитектура-қаласазлық сиясаты әмелге асырылыўын ҳәмде тийисли кәрханалар тәрепинен қаласазлық жумыслары тараўында өзлерине жүкленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлейди;

    елатлы пунктлерди комплекс раўажландырыў бойынша қабыл қылынып атырған жоба шешимлериниң дәрежеси ҳәм сыпатын асырады;

    қурылыс жумысларының сыпаты жүзесинен зәрүр дәрежеде қадағалаў орнатады;

    тараўға тийисли шөлкем ҳәм мекемелерде атқарыў тәртибин беккемлеў ис-иләжларының орынланыўын қадағалайды, ис жүритиў ҳәм қадағалаўды шөлкемлестириў бойынша норматив ҳүжжетлер талаплары тийкарында жумысты шөлкемлестиреди ҳәм атқарыў тәртибин беккемлейди.

     

    Қала ҳәкиминиң инвестициялар, инновациялар, меншиклестирилген 
    кәрханаларға көмеклесиў, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары 
    ҳәмде туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасарының 
    функционал ўазыйпалары

    (П.А.Кудияров)

     

    а) инвестиция мәселелери бойынша:

    сырт ел инвестицияларын жалп етиў, экономика тармақларына инвестициялар көлемин кеңейттириўди хошаметлеўге қаратылған бирден-бир мәмлекет инвестииицион сиясатты қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў жумысларында қатнасыў, аймақта инвестицион шараятты жәнеде жетилистириў, сырт ел капиталы қатнасындағы кәрханалардың раўажланыўын қоллап-қуўатлаў;

     сырт ел инвестицияларын жалп етиў тараўында ҳәм аймақта инвестицион жумысларды кеңейтиў ушын жәнеде қолай шараятлар жаратыў бойынша норматив-ҳуқықый базаны жетилистириўге қаратылған усыныслар киритиў;

    аймақтың экономикасына сырт ел инвестицияларын жалп етиў ҳәм қолай инвестицион шараят жаратыўға көмеклесиў, инвестицион жойбарлардың мониторинг жумысларын алып барыў, сырт ел инвестициялар қатнасындағы кәрханаларды шөлкемлестириўде ҳәм нәтийжели жумыс алып барыўда көмеклесиў;

    сырт ел инвестицияларын жалп етиўдиң тийкарғы жөнелислерин белгилеў ҳәм әмелге енгизиўде, сондай-ақ халық аралық финанс институтлары ҳәм сырт ел инвесторлары менен инвестициялық шерикликти әмелге асырыўда кәрханалар ҳәм шөлкемлер, Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатик елшиханалары ҳәм Өзбекстан Республикасынынң халық аралық шөлкемлердеги турақлы ўәкиллериниң саўда-экономикалық мәселелер бойынша мәсләҳәтшилери менен кең жумысларды жолға қойыў;  

    Өзбекстан Республикасында ҳәм сырт еллерде сырт ел инвесторларына мәмлекеттиң экономикалық ҳәм инвестициялық қәбилети ҳаққында кең хабар (каталог, брошюра, флаэр,видеоролик) бериў мақсетинде халық аралық конференциялар, семинарлар, инвестиция форумларын шөлкемлестириў ҳәм қатнасыў арқалы өз-ара мәпли жақын шерикликти жолға қойыў;   

    бул процесслерде қатнасыўды қәлеўши исбилерменлик субъектлериниң сырт ел мәмлекетлерине мақсетли сапарлар (жоқары дәрежедеги рәсмий делегациялар, халық аралық көргизбе, бизнес форум ҳәм басқалар) жәмлестириўди шөлкемлестиреди; 

    ҳәр жылғы аймақлық ҳәм зоналық инвестиция дәстүрлерин, соннан сырт ел инвестициялар қатнасындағы жойбарлар бөлими бойынша қәлиплестириў ҳәм мониторинг қылыўда қатнасыў;

    аймақлық инвестиция дәстүрлериниң әмелге асырылыўын, қала экономикасын раўажландырыўдың орташа ҳәм узақ мүддетли дәстүрлерге киритилген ири инвестиция жойбарларын әмелге асырыўға көмеклесиў;

    санаат тараўындағы инвестиция дәстүрлери, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў комплекс дәстүрлери, ислеп шығарыў, транспор ҳәм байланыс, социаллық инфраструктураны раўажландырыў комплекс дәстүрлери менен бирге сырт ел инвестицияларын, әсиресе туўрыдан-туўры кредитлерди жалп етиў ҳәм финанс-техникалық жәрдем көрсетиў;

    сырт ел инвестицияларын жалп етиўди системалы мониторинг қылыў арқалы аймақ экономикасына жалп етилген сырт ел инвестициялардан пайдаланыў нәтийжелилигин асырыў, сырт ел капитал қатнасындағы кәрханалар жумысларын, сондай-ақ инвестор тәрепинен инвестиция мәжбүриятларының орынланыўын анализ етиў, сырт ел инвестициялары қатнасындағы инвестиция жойбарларының өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўына тосқынлық етиўши себеплерди анықлаў, кәрханалар ҳәм шөлкемлерде тез қарар қабыл етиў бойынша усынысларды усыныў; 

    Аймақтың ресурс базасын есапқа алған ҳалда инвестиция усынысларын ислеп шығыў.

    б) инновацион искерлик бойынша

    кәрханалар ҳәм шөлкемлерде инновацион искерликти жетилистириў бойынша усынысларды жыйнайды ҳәм улыўмаластырады;

    алдыңғы технологияларды биринши дәрежеде енгизиўди талап ететуғын тийисли тармақ ҳәм тараўларды раўажландырыўдың тийкарғы жөнелислерин белгиледи;

    аймақлық экономиканы модернизация ете алатуғын илимий, жойбар ҳәм илимий-технологиялық шөлкемлердиң системасын раўажландырыў, сондай-ақ, ғәрезсиз илимий-техникалық қәбилетти түрлендириў бойынша дәстүрлерди ислеп шығады;

    экономиканың энергия ҳәм ресурс сарпы көлемин қысқартыў, энергия тежейтуғын технологияларды ислеп шығарыўға кең енгизиў, жанылғы энергия дереклеринен пайдаланыўды кеңейтиў бойынша ис-иләжларды ислеп шығады;

    қоршаған орталықтың патасланыў дәрежесин кемейтетуғын экологиялық таза технологияларды қоллаған ҳалда ислеп шығарыў қәбилетин асырыўды нәзерде тутыўшы “жасыл экономика” технологияларын енгизиўге көмеклеседи;

    хызметлер тараўын жедел раўажландырыў ҳәм оның дүзилмесин түптен өзгертиўге, ең әўеле, инновацион исленбелер ҳәм технологияларды енгизиў есабына онын сыпатын ҳәм жалпы аймақлық өнимди түрлендириўдеги ролин асырыўға көмеклесиўге;  

    инновацион жандасыўларды ислеп шығыў ҳәм енгизиў арқалы туризм тараўының бәсекелилигин асырыўға көмеклеседи;

    аграр секторда кәрханалардың финанслық көрсеткишлерин жақсылаў, сондай-ақ, мәмлекет азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў имкәнын бериўши инновацион идеялар, исленбелер ҳәм технологияларды енгизиўге көмеклесиў;

    мәпдар кәрханалар ҳәм шөлкемлер менен өз-ара шерикликте үзликсиз тәлим, әсиресе инженер-техник кадрларды таярлаў тараўындағы системаны түтен жетилистириў, тәлим хызметлериниң улыўмалылығын ҳәм сыпатын ҳәмде техник жөнелистеги қәнийгелердиң мәртебесин асырыў бойынша усынысларды таярлайды;    

    тәлим системасында инновацияларды, соннан оқытыўдың заманагөй ҳәм интерактив методларын енгизиў арқалы жәриялайды, рақамлы технологиялардан кең пайдаланыўды нәзерде тутыўшы инновацион оқыў дәстүрлерин ислеп шығыўды тәмийинлейди;    

    ден саўлықты сақлаў системасын жәҳән стандартларын есапқа алған ҳалда, соннан кеселликлерди ерте анықлаў ҳам аралықтан профилактика қылыў, сондай-ақ, халықтың узақ өмир көриўи ушын қосымша шараятлар жаратыў ҳәмде кеселлик ҳәм өлим көрсеткишлерин пәсейтиўди тәмийинлейтуғын алдыңғы технологиялар, “Ақыллы медицина” ҳәм “Бирден-бир медицина мәлимлеме орайы” концепцияларын енгизиў арқалы жедел раўажландырыўға көмеклесиў;

    бул концепцияларды ислеп шығыўда халықаралық шөлкем ҳәм сырт ел мекемелериниң гранд қаржыларын жалп етиўге итибар қаратыў;

    инсан өмиринде экологиялық қолайлы шараятлар ҳәм аймақты қоршаған орталықтың трансшегаралық патасланыўынан қорғаў системасын жаратыў мәселелерин системалы ҳәм комплекс үйрениўлерди шөлкемлестиреди;

    инновацион идеялар, исленбелер ҳәм технологиялардың ҳәр жылғы аймақлық ярмаркаларын шөлкемлестиреди ҳәм өткереди, сондай-ақ олар шеңберинде дүзилген шәртнамалардың орынланыўын мониторинг қылады;

    интеллектуал мүлк объектине болған ҳуқықты тастыйықлайтуғын патент ҳәм басқа ҳүжжетлерди алыў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм жеделлестириў имкәнын бериўши нызам ҳәм норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыўда қатнасады;

    в) меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў бойынша:

    меншиклестирилген кәрханалар жумысларының финанс-экономикалық ҳәм ислеп шығарыў көрсеткишлери, бәсеки комитети, экономика, кадастр, статистика ҳәм салық органлары мағлыўматлары тийкарында турақлы түрде анализ етип барыў, усы тийкарды жумыс алып бармай атырған, пәс рентабелли ҳәм зыян көрип ислеп атырған кәрханаларды, бос турған ҳәм нәтийжесиз пайлананылып атырған объектлер ҳәмде жер участкаларын анықлаў;

    жаңа жумыс орынларын жаратыў, ислеп шығарыў жумысларының нәтижелилигин асырыў ҳәм модернизациялаў ҳәмде бәсекелес өнип ислеп шығарыўды жолға қойыў, рухсат бериўши ҳүжжетлерин алыўда, коммуникацияларға жалғаныўда ҳәм коммерциялық банклерден кредитлер ҳәмде меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў қоры қаржылары ажыратылыўында оларға көмеклесиў мақсетинде меншиклестирилген кәрханаларды раўажландырыўдың “жол карталары”н ислеп шығыў ҳәм оларды әмелге асырылыўын тәмийинлеў;  

    бул жол карталарын ислеп шығыўда халық аралық шөлкем ҳәм сырт ел мекемелериниң грант қаржыларын жалп етиў есабынан меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў мәселелерине итибар қаратыў;

    меншиклестирилген объектлер негизинде инвестиция жойбарларын әмелге асырып атырған исбилерменлерге бизнем жүритиў ҳәм бизнес-режелерин ислеп шығыў тийкарлары, исбилерменлик жумыслары тараўындағы нызамшылық, менежмент, финанс басқарыў ҳәм басқа пәнлерди кәсип-өнер колледжлери базасында өткерилетуғын курсларда оқытыўды шөлкемлестириў, бунда тәжрийбе алмасыў ушын қаламызда ислеп атырған, үлкен жетискенликлген ерискен исбилерменлер ҳәм сырт ел қәнигелерин жалп етиўге көмеклесиў;

    жумысын жаңадан баслап атырған исбилерменлик субъектлерине бизнес-реже таярлаў, исбилерменлик жумысын әмелге асырыў менен байланыслы әмелий мәселелерди шешиў ҳәм керекли мағлыўматларды алыўда экспертлик, ҳуқықый ҳәм мәсләҳәт көмегин көрсетиў ушын бизнес-инкубаторларды қамтыйды;   

    бурын меншиклестирилген бос турған, нәтийжесиз пайдаланылып атырған объектлер ҳәм ислеп шығарыў майданлар негизинде исбилерменликти раўажландырыў тараўындағы процесслердиң анализи тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине усыныслар киритеди;

     “жол карталары”н ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда пайда болатуғын машқалаларды олардың ўәкиллиги шеңберинде шешиў жүзесинен орынланыўы мәжбүрий болған талаплар жибериў жолы менен меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў;

    г) еркин экономикалық ҳәм киши санат зоналары бойынша:

    еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналар аймағында, биринши нәўбетте, кластер жандасыўлардан кең пайдаланған ҳалда еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналар қатнасыўшылар ортасында жақын кооперация байланысларын жолға қойыў, жергиликли шийки зат ҳәм материаллар тийкарында бәсекилик таяр өнимлер ҳәм қадақлаўшы буйымларды ислеп шығарыўды жергиликлестириў бойынша жоқары технологиялы заманагөй кәрханалар шөлкемлестириўди тәмийинлеў; 

    еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары аймағында жайласқан санаат кәрханалары ҳәм инфраструктура объектлеринде жаңа тәжрийбели жумыс орынларын шөлкемлестириўди тәмийинлеў, сол тийкарда қала ҳалқының бәнтлик дәрежесин ҳәм дәраматларын асырыў;   

    жергиликли минерал-шийки зат ресурсларын терең қайта ислеў ҳәм дүньяда танылған брендлер астында жоқары қосылған қунлы бәсекилик өнимлер ислеп шығарыў ушын аймақта еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары шөлкемлескен зоналар ислеп шығарыў ҳәм ресурс қәбилетинен комплекс ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў;

    жетекши шел ел компания ҳәм корпорациялар қатнасында жоқары технологиялы заманагөй инновацион ислеп шығарыўларды шөлкемлестириў ушын сырт ел инвестициялар, асиресе, туўрыдан-туўры шел ел инвестицияларын жалп етиў бойынша ең қолайлы шараятлар жаратыў;

    ислеп шығарыў, инженерлик-коммуникация, жол-транспорт ҳәм социаллық инфраструктураны жәнеде раўажландырыў, сондай-ақ, сыпатлы логистика хызметлерин көрсетиў ушын заманагөй инфраструктураны қәлиплестириў бойынша зәрүр ис-иләжларды әмелге асырыў;

    еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары жөнелислери бойынша кадрларға болған әмелдеги ҳәм келешеклеги зәрүрликлерден келип шығып ҳәм олардың еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары аймағында жайласқан санаат кәрханалары ҳәм инфраструктура объктлеринде ислеп шығарыў әмелиятын өтиўди нәзерде тутқан ҳалда, жоқары ҳәм орта арнаўлы кәсип-өнер тәлими мекемелеринде жоқары тәжрийбели қәнийгелер таярлаўды жолға қойыўга буйыртпаларды қәлиплестириўди тәмийинлеў;

    кәрханалар ҳәм шөлкемлер, коммерциялық банклер ҳәмде еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары дирекциясының еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналырының нәтийжели жумыс көрсетиўи ҳәм оларды раўажландырыў менен байланыслы мәселелер бойынша жумысларын әмелий муўапықластырыўды тәмийинлеўге байланыслы комплекс шөлкемлескен ис-иләжларды әмелге асырыў;

    барлық мәмлекет басқарыўы органлары, қадағалаўгы органлар, коммерциялық банклердиң еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары аймағында белгиленген айрықша салық, бажыхана ҳәм валюта тәртип-қағыйдаларының қолланылыўы бойынша ҳуқықый нормалар ҳәм нызамшылық қағыйдаларының сөзсиз орынланыўын, инвестиция жойбарларын тез пәтте илгери сүриў, бюрократик тосық ҳәм машқалалардың сапластырылыўын системалы кадағалаў;  

    еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналар аймағында инвестиция жойбарларын әмелге асырылыўын, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары қатнасыўшысы болған хожалық субъектлериниң финанс-хожалық жумыслары нәтийжелилигин турақлы мониторинг қылыў, кәрханалар ҳәм шөлкемлер, коммерциялық банклер, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары дирекциясының олар жуўапкершилигине жүклетилген ўазыйпаларға муўапық әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша есабатларды турақлы еситиў;

    ҳәр бир еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарының тармақ қәнийгелесиўин есапқа алған ҳалда бул зоналарға сырт ел инвесторларын жалп етиў бойынша “жол карталары”н ислеп шығыў;

    д) туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша:

    аймақта туризм тараўында мәмлекет сиясатын әмелге асырыў, тараў бойынша қабыл етилген концепция ҳәм дәстүрлердиң орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған иләжларды белгилеў ҳәм әмелге асырылыўын мониторинг қылыў ҳәмде улыўмаластырыўды тәмийинлеў;

    сырт ел мәмлекетлери менен туризм тараўында, әсиресе, туристлер ағымын көбейтиў ҳәмде оларды жалп етиў бойынша шериклик ҳәм келисиўлерди ўәкилликли органлар менен биргеликте әмелге асырыў;

    туризм тараўының экономикалық, экологиялық, социаллық, мәдений ҳәм басқа жөнелислердеги инфраструктурасын жетилистириў ҳәм туризм жөнелисиндеги дыққатқа ылайық орынлар, олардың жағдайын жақсылаў бойынша анық ис-иләжларды белгилеў, ислеп шығып, тастыйықлаўға киритиў ҳәм әмелге асырылыўын қадағалаў (мониторинг) қылыў;

    қосымша туризм машрутларын ислеп шығыу, сырт ел жасларын кең жалп етиў мақсетинде кеўилашар комплекслер жаратыў, мәдений мийрас объектлеринде халқымыздың тарийхый, турмыс тәризи, үрп-әдетлери, дәстүрлерин өзинде сәўлелендирген экспозицияларды шөлкемлестириў бойынша ис-иләжларды белгилеў;   

    туризм тараўында туризмди раўажландырыўдың аймақлық дәстүрлерин ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды муўапықластырыў;

    туризм тараўындағы жойбарларға инвестиция жалп етиў ушын жойбарлардың паспортларын қәлиплестириў ҳәм тийисли көргизбели материалларды мәмлекет ҳәм зәрүр шет тиллерде таярлаў ҳәмде инвестиция жалп етиў бойынша басқа шараларды көриў;

    жуўапкер кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң жумысларын туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша муўапықластырыў;

    Туризм тараўына заманагөй мәлимлеме-коммуникация қуралларын жалп етиў, сырт ел туроператорлар ҳәм ғалаба-хабар қураллары менен шериклик арқалы аймақтың туристлик қәбилетин кең жарытыў бойынша усыныслар таярлаў ҳәм әмелге асырыў иләжларын көреди.

     

     

    Қала ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылыў мәселелери бойынша орынбасарының 
    функционал ўазыйпалары:
    (Е.О.Алланов)

     

    а) Жаслар сиясаты тараўында:

    жаслар, яғный отыз жастан аспаған шахслар, әсиресе, тәлим менен жәмлеп алынған жаслар, жәмлеспеген жаслар, жас қәнигелер, исбилермен жаслар, жас шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша ис-иләжларды әмелге асырыў;

    улыўма билим бериў мектеплериниң 9-класс питириўшилерин кәсипке бағдарлаў ҳәм оларды кейиншелик орта арнаўлы, кәсип-өнер тәлим системасында оқытыў менен толық қамтыў, кәсип-өнер коллежлери питиритиўшилерин жумысқа орналастырыў бойынша системалы жумысларды шөлкемлестириў;  

    жоқары тәлим жөнелислери ҳәм жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў көрсеткишлериниң аймақлар бойынша оптимал бөлиниўи жүзесинен тийкарланған усыныслар ислеп шығыў, питириўшилерди терең профессионал билимлерге ийе болыўларына қаратылған ис-иләжларды әмелге асырыў;  

    тәлим системасының барлық басқышларында оқыў процесси сыпатын, оқыўшы талабанлардың қатнасын тәмийинлеў жүзесинен анық шаралар көриў ҳәм қадағалаў, бул бойынша тәлим мекемеси, мәҳәлле, мәмлекетлик емес ҳәм коммерциялық емес шөлкемлер, профилактика инспекторлары ҳәм ата-аналарының өз-ара шерикликтеги жумысларын муўапықластырыў;

    халық, жаслардың китап қумарлық мәдениятын жетилистириў, миллий әдебиятымыз ҳәм жәҳән әдебиятының ең жақсы үлгилерин кең үгит-нәсиятлаў, “ғалабалық мәденият”тың көринислерине қарсы руўхый профилактика жумысларына басшылық етиў;

    тәлим системасының барлық басқышларыда шет тиллерге, компьютер технологиялары ҳәм интернет-ресурсларынан пайдаланыўдың алдыңғы көнликпелерине үйретиў бойынша комплекс ис-иләжлардың орынланыўын қадағалаў;

    жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша олардың пикир ҳәм усынысларын инәбатқа алған ҳалда анық ҳәм мәнзилли ис-иләжлар дәстүрлерин ислеп шығыў, түрли дөгереклерге, соннан, балалан музыка ҳәм көркем-өнер, балалар ҳәм өспиримлер спорт мектеплерине қамтып алыў жумысларын системалы шөлкемлестириў;

    жасларды жоқары әдеплиликке тәрбиялаў, оларды идеологиялық басымлардан қорғаў ҳәм жәмийетте жоқары руўхыятты қарар таптырыў барысындағы жумысларға басшылық етиў;

    жасларды жеке турмысқа таярлаў, халықтың социаллық белсендилигин асырыў, жаслар тәрбиясы мәселесинде жәмәәтшилик қадағалаўын шөлкемлестириў, жәмийетте тынышлық ҳәм парахатшылықты тәмийинлеў тараўындағы ўазыйпаларды нәтийжели орынлаўға қаратылған ис-иләжларды әмелге асырыў; 

    ата-аналардың педагогикалық мәдениятын жетилистириўге, бәркамал әўлад тәрбиясында “шаңарақ-мәҳәлле-тәлим мекемеси” жәмәәт кеңеси жумысдарын әмелге асырыўға басшылық етиў;

    жәмлеспеген жаслардың мәплерин жарыққа шығарыўда қатнасыўшы мәмлекет органлары, муассасалар ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысларын муўапықластырыў ҳәмде жаслардың социаллық белсендилигин асырыўға қаратылған әҳмийетли жөнелислерди белгилеў;

    жәмлеспеген жаслардың машқалаларын анықлаў ҳәм шешиў ушын олардың зәрүриятларын анықлаў бойынша мониторинг алып барыў ҳәм баҳалаў, кәсипке үйретиў, жумысқа орналастырыў, соннан, киши ҳәм орта бизнес ҳәм шаңарақлық исбилерменликке кең жалп етиў, ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыўға қаратылған ис-иләжларды белгилеў;

    жаслар исбилерменлер жумысларын раўажландырыў ушын қолайлы шарт-шараятлар жаратыў, жаслар исбилерменлигин шөлкемлестириўде көмеклесиў, имтиязлы кредитлер бериў, орын ажыратыў, материаллық ҳәм техникалык қураллар менен тәмийинлеўге байланыслы дәстүрлерди ислеп шығыў ҳәм жүзеге шығарыў;

    жас шаңарақларды руўхый ҳәм материаллық тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олар ушын мүнәсип турақ жай ҳам социаллық-турмыслық шараятларды шөлкемлестириў бойынша ис-иләжлар системасын әмелге асырыў, кем тәмийинленген жас шаңарақларға нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте материаллық жәрдем бериў иләжларын көриў; 

    б) Социаллық раўажландырыў тараўында:

    халыққа социаллық хызмет көрсетиў дәрежеси ҳәм сыпатын асырыў, турмыс ҳәм мийнет искерлиги, тәжрийбели медициналық жәрдем алыў, мәдений мийраслардан заўықланыў, дене тәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыў, лем алыўын шөлкемлестириў ушын қолайлы шөлкеслескен-ҳуқықый ҳәм социаллық шәрт-шараятларды жаратыў ҳәмде сыпат жағынан жаңа дәрежеге көтериў бойынша системалы жумысларды әмелге асырыў;

    халықтың социаллық зәрүрлик ҳәм талапларын үйрениў тийкарында аймақларда социаллық раўажландырў дәстүрлерин ислеп шығыў ҳәм орынларыныўын мониторинг қылыў;

    ден саўлықты сақлаў системасын реформаластырыў, халыққа жоқары тәжрийбели медициналық жәрдемди көрсетиў, ден саўлықты сақлаў мекемелериниң материаллық-техникалык базасын беккемлеў, оларды заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў ҳәм кадрлар қәбилетин асырырыў барысында системалы жумысларды әмелге асырыў;  

    халықтың репродуктив саламатлығын беккемлеў, аналар, балалар ҳәм өспиримлер ден саўлығын қорғаў, туўма ҳәм нәсиллик кеселликлердиң алдын алыў, раўажланыў нуқсаны болған балаларды медициналық-социаллық реабилитация қылыў сыпатын асырыў, олардың жәмийет турмысында толық қатнасыўлары ушын зәрүр шәрт-шараялар жаратыў; 

    спорт тараўында алып барылып атырған жумыслар колемин жәнеде кеңейтиў, спорттың ғалабалығын асырыў, қызлар ортасында спортты раўажландырыў; 

    халықтың турмыс мәдениятын, турмыс сыпатын асырыўға қаратылғән тәлим, дем алыў, бәнтлик, турмыслық хызметлер көрсетиў, мәденият, көркем-өнер ҳәм спорт тараўлары мекемелеринен пайдаланыў көлемин кеңейтиўге қаратылған комплекс ис-иләжлар әмелге асырыў;

    “Нураный” қоры ҳәм “Мәҳәлле” қайырқомлық фонды шөлкемлериниң жумысларын муўапықластырыў, оларғә ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсетиў;

    мәҳәлле, ҳаял-қызлар, нураныйлар, жаслар шөлкемлери, пуқаралық жәмийетлери институтлары, ғалаба ҳабар қуралларының тыныш парахат турмысымызды асыраў ҳәм беккемлеўге қаратылған ўазыйпалардың орынланыўын муўапықластырыў.

    в) Руўхый-ағартыўшылық жумыслар тараўында:

    халық ортасында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырғән мәмлекет сиясатының әҳмийетлик жөнелислери, кең көлемли реформалардың мазмуны, қабыл етилген нызам ҳүжжетлери ҳәм мәмлекет дәстүрлери әҳмийетин үгит-нәсиятлаўды шөлкемлестириў;

    халықтың руўхый-икрамлылық, диний-ағартыўшылық, мәдений дәрежесин асырыў ҳәм оның турақлы рәўиште өсип барып атырған интеллектуал, эстетик ҳәм мәдений зәрүрлигин тәмийинлеў, руўхый-ағартыўшылық мийрасты, үрп-әдет ҳәм қәдириятларын сақлаў, үгит-нәсият жумысларына басшылық етиў; 

    аймақта саламат турмыс тәризи, миллетлерара татыўлық, өз-ара меҳир-ақыбет орталығын беккемлеўге қаратылған ғалабалық иләжларды таярлаў ҳәм шөлкемлестириў мәселелерин муўапықластырыў, иләжлардың мақсетли, режели, тәртипли шөлкемлестириў ҳәм тәрбиялылық нәтийжелилигин тәмийинлеў ис-иләжларын көриў;

    аймақта жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, адамларды сергекликке шақырыў, жасларда жат идеяларға қарсы идеологиялық иммунитетти беккемлеў, ҳуқыкый мәдениятты раўажландырыў, пуқараларда нызамға ҳүрмет, ҳуқықбузарлық ҳалатларына муросасозлик туйғысын қүшейиттириўге қаратылғән нәтийжели үгит-нәсият системасын жолға қойыў;   

    халық арасында диний экстремизм, терроризм, нәшебентлик, адам саўдасы, нызамсыз миграция, “ғалабалық мәденият” басымлардан сақ болыўга қаратылған профилактик ағартыўшылық, тәрбиялық ис-иләжларға басшылық етиў;

    халық арасында мехир-ақыбет, мириўбет ҳәм сақаўат, инсап-диянат, ҳүжданлық, ҳәм татыўлық, пидайылық, ўатан сүйиўшилик, кең пейиллик ҳәм басқа пазыйлетлерди үгит-нәсиятлаў ҳәмде руўхый-ағартыўшылық жумысларды раўажландырыўда мәҳәлле институтының орны ҳәм ролин асырыў барысында жумысларға басшылық етиў;

    тараўға байланыслы тийисли шөлкем ҳәмде мекемелерде атқарыў тәртибин беккемлеў ис-иләжларының орынланыўын қадағалаў, ис жүритиў ҳәм қадағалаўды шөлкемлестириў бойынша норматив ҳүжжетлер талаплары тийкарында жумысты шөлкемлестириў ҳәм беккемлеў. 

     

     

    Қала ҳәкиминиң орынбасары -  қалалық ҳаял-қызлар комитети баслығының функционал ўазыйпалары
    (Г.Г.Абибуллаева)

     

    Төмендегилер ҳәким орынбасарының тийкарғы ўазыйпалары есапланады:

    а) ҳаял-қызлардың ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў, олардың социаллық-ҳуқықый ҳәм социаллық-сиясий белсендилигин асрыыў тараўында:

    ҳаял-қызлардың статусын, руўхый ҳәм интеллектуал қәбилетин асырыў, олардың ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаўды тәмийинлеў, шаңарақта ҳәм жәмийетте ҳуқықый мәдениятын, ролин асырыў;

    мәмлекет ҳәм жәмийетлик органларды жалп еткен ҳалда жас шаңарақларды социаллық қоллап-қуўатлаў, олар ушын мүнәсип турмыслық шараятлар жаратыў тараўында комплекс иләжларды әмелге асырыў бойынша сиситемалы жумысларды шөлкемлестириў;

    ҳаял-қызлар мәселелери бойынша норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығыўда, олардың мазмуны ҳәм әҳмийетин үгит-нәсиятлаў ҳәм түсиндириўде, олардың орынланыўы жүзесинен жәмәәтшилик қадағалаўды жолға қойыўда белсенди қатнасыў;

    қызлардың дөретиўшилик ҳәм интеллектуал қәбилетин анықлаў, раўажландырыў ҳәм хошаметлеў, талантлы, қәбилетли қызлар резерви менен системалы жумысларды шөлкемлестириў мақсетинде Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығына талабанларды таярлаў системасын жетилистириў, Зульфия атындағы Мамлекетлик сыйлығы бойынша қалалық қалалық комиссиясы жумысларын жетилистириў;

    әмелий жумысларда тәжирийбеге ийе болған белсенди қызлар арасынан кадрлар резервин қәлиплестириў ҳәм тийисли басшы лаўазымларға олардын кандидатурасын усыныў системасын жолға қойыў;

    хотин-қизларнинг нодавлат нотижорат ташкилотлари фаолияти шаффофлигини таъминлаш, уларнинг мамлакатнинг ижтимоий-сиёсий ва ижтимоий-иқтисодий ҳаётидаги фаол иштирокига кўмаклашиш ҳамда фаолиятини мувофиқлаштириш;

    ҳаял-қызлардың мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери жумысларын айқынлығын тәмийинлеў, олардың мәмлекеттиң социаллық-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық турмысындағы белсенди қатнасыўына көмеклесиў ҳәмде жумысларын муўапықластырыў;

    ҳаял-қызлар комитетлери ҳәм пуқаралы жәмийети институтлары, мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў органлары ортасында ҳаял-қызлардың ҳуқықлары ҳәм мәплерин, олардың шаңарақларын қорғаў жумысларында социаллық шерикликти кеңейтиў, ҳаял-қызларға мәнзилли социаллық жәрдем бериў бойынша жумысларды шөлкемлестириў;

    б) аналық ҳәм балалықты қорғаў, шаңарақларда социаллық-руўхый орталықты саламатластырыў тараўында:

    аналық ҳәм балалықты қорғаў тараўындағы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеўде белсенди қатнасыў, оларды жетилистириў бойынша усыныслар таярлаў;

    ҳаял-қызлар, ең дәслеп аналар ҳәм балалардың саламатлығының қорғалыўын тәмийинлеў, ҳаял-қызлар арасында саламат турмыс орталығын, турмыс мәдениятын қалиплестириў, олардың репродуктив саламатлығын беккемлеў, медициналық мәдениятын асырыў, патронаж системасын раўажландырыў жумысларын жетилистириў;

    шанарақлық ҳәм ҳаял-қызлар спортын раўажландырыў, олардың ғалабалылығы бойынша иләжлар комплексин ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

    шаңарақларда социаллық-руўхый орталықты саламатластырыў, ҳаял-қызлардың ҳәмде жәмийетте ҳүрметке ҳәм үлкен абройға ийе болған кекселердиң турмыслық тәжрийбесин белсенди жалп еткен ҳалда шанарақлық ажырасыўларды сапластырыў бойынша жумысларды шөлкемлестириў, үлгили шаңарақлардың турмыслық үлгисин үгит-нәсиятлаў;

    шаңарақ мүнәсибетлерин саламатластырыў, неке ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў, неке шәртнамаларының қәсийетлери ҳәм шәртлери, перзентлер тәрбиясы ушын ата-аналардың тиккелей жуўапкершилиги, қызларды шаңарақлық турмысқа таярлаў менен байланыслы системалы үгит-нәсият иләжларын жолға қойыў;

    мәҳәллелерде ҳаяллар ҳәм жаслар қатнасында руўхыйлықты асырыў, оларды “ғалабалық мәденият”тың унамсыз тәсиринен, миллий санамызға тән болмаған диний сепаратизм, экстремизм ҳәм терроризм, адамлар саўдасы ҳәм басқа жат идеялардан қорғаў;

    ҳәр тәреплеме камал таўып атырған жас әўладты ўатан сүйиўшилик, кеңпейиллик ертеңги күнге исеним ҳәм әтирапта болып атырған ҳәдийселерге дахлдорлик руўхында тәрбиялаў, жаслардың ғәрезсиз дунья қарасын, күшли ишки қәбилетин, миллий мақтаныш туйғысын ҳәм икрамлылық-руўхый иммунитетин қәлиплестириў;

    в) ҳаял-қызларды жумысқа орналастырыў, олардың социалық ҳәм мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў тараўында:

    бәнтлик дәстүри шеңберинде ҳаял-кызларды, әсиресе кәсип-өнер коллежлери битириўшилерин жумысқа орналастырыўға көмеклесиў, олар бәнтлигиниң сыпаты, турақлы жумыс орны менен тәмийинленгенлиги жүзесинен әмелий қадағалаўды жолға қойыў;

    ҳаял-қызлардың мийнет ҳуқықларын қорғаў бойынша жумыслардын жағдайын үйрениў ҳәм қадағалаў, рәсмий емес жумыс пенен бәнтликтиң алдын алыў, мийнет мүнәсибетлери, соннан ҳәмледар ҳаялларға ҳәмде киши жастағы балалары болған ҳаялларға қосымша имтиязлар бериўде мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң беккем шериклигин жолға қойыў;  

    Исбилерменлик жумыслары менен шуғылланыўды қәлейтуғын ҳаялларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға жеңиллетилген кредитлер ажыратыўда көмеклесиў, берилген жеңилликлерди туўры қолланыў мәселелерин тәртипке салыўшы, мәмлекет дизиминен ҳәм басқа тәртиплерден өтиў, мийнет мүнәсибетлерине кирисиў бойынша нызамшылық ҳүжжетлери жүзесинен түсиндириўлер алыўда оларға жәрдем бериў.


    Нөкис қаласы ҳәкимлигинде 30 хызметкер жумыс алып барады:

     

    •           қала ҳәкими;

    •             қала ҳәкимининиң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары;

    •           қала ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал

                  хожалығы мәселелери бойынша орынбасары;

    •           қала ҳәкиминиң инвестициялар, инновациялар, меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў 

                  ҳәм киши санаат зоналары ҳәмде туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары

    •           қала ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық 

                 мәселелери бойынша орынбасары;

    •           қала ҳәкиминиң орынбасары, ҳаял-қызлар комитети баслығы;

    •           ҳәким жәрдемшиси;

    •           ҳәкимлик ҳуқық-мәсләҳәтшиси;

    •           канцелярия баслығы;

    •            канцелярия жетекши қанигеси;

    •            канцелярия 1-дәрежели қәнигеси;

    •           шөлкемлестириў-қадағалаў топары басшысы;

    •           шөлкемлестириў-қадағалаў топары жетекши қәнигеси;

    •           шөлкемлестириў-қадағалаў топары 1-дәрежели қәнигеси;

    •            экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша бас қәниге;

    •            экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша жетекши қәниге;

    •            экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша 1-дәрежели қәниге

    •                      санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал

                 хожалығы мәселелери бойынша бас қәниге;

    •             санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал  хожалығы 

                  мәселелери бойынша жетекши қәниге;

    •            санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал

                  хожалығы мәселелери бойынша 1-дәрежели қәниге;

    •             инвестициялар, инновациялар, меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў 

                  ҳәм киши санаат зоналары ҳәмде туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша бас қәниге

    •           инвестициялар, инновациялар, меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў 

                  ҳәм киши санаат зоналары ҳәмде туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша жетекши

                  қәниге;

    •             жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша        

                  бас қәниге;

    •             жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша     

                  жетекши қәниге;

    •           ҳаял-қызлар комитети бас қәнигеси;

    •           ҳаял-қызлар комитети жетекши қәнигеси;

    •           ҳаял-қызлар комитети 1-дәрежели қәнигеси;

    •            әскерий хызметке тартыў ҳәм айрықша жағдайлар бойынша қәниге;

    •           жәмәәтлик шөлкемлер ҳәм диний шөлкемлер менен байланыслар бойынша бас қәниге;

    •                      ҳәкимлик жанындағы жас өспиримлер менен ислесиў комиссиясы жуўаплы хаткери;

     

     

    Нөкис қаласы ҳаққында қысқаша мағлыўмат

     

    Нөкис қаласы 1932 жыл 1-апрелден баслап Қарақалпақстан Республикасының пайтахты болып белгиленген. Нөкис қаласы Республиканың экономикалық, сиясий ҳәм мәдений орайы. Қаланың географилық жайласқан орны Өзбекстанның арқа-батыс тәрепинде Қарақалпақстан Республикасының орайында жайласқан. Қаланың шығыс тәрепинде Қызыл-қум шөлистанлығы бар.

    Сонлықтан қаланың ықлымы континентал болып, жазы қурғақ ыссы ҳәм қысы суўық.

    Қаланың жер майданы 221 кв.км, халық саны 307,6 мың адам. Қалада 58 мәкан пуқаралар жыйыны бар.

    Нөкис қаласында ири имәратлар ҳәм архитектуралық естеликлер бой тиклеген. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Бердақ музейи, Оқыўшылар ҳәм спор сарайлары, Нөкис Аэропорты, Темир жол вокзалы, Академиялық лицейлер ҳәм кәсип-өнер колледжлери, «Савицкий» атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музейи, «Ташкент» мийманханасы имәратлары, Улығбек естелиги ҳәм басқалар.

    2003 жылы Нөкис қаласы өзиниң 70-жыллығын нышанлап, онда биринши Президентимиз И.А.Каримов қатнасты ҳәм усы мүнәсибет пенен қаланы «Дослық» ордени менен сыйлықлады.