Экспорт
көлемин арттырыў, жаӊа өнимлер экспортын жолға қойыў ҳәм жаӊа базарларға кирип
барыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында
Бүгинги күндеги ең әҳмийетли мәселелердиң бири – елимизде экспорт
көлемин арттырыў болып есапланады.
Экспортёрларды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған жумыслар
нәтийжесинде олардыӊ экономикамызда тутқан орны сезилерли дәрежеде артты.
Мысал ушын, 2023-жылдыӊ
январь-октябрь айларының өзинде 80,8 млн.
доллардан аслам жергиликли бойсыныўдағы
экспортёрлардың экспорт өнимлери шығарылған.
Бүгинги күнде жергиликли бойсыныўдағы 200 ден аслам экспортёр кәрханалар дүньяныӊ
35 тен артық мәмлекетлерине санаат,
мийўе-палыз өнимлери экспорты әмелге асырылған. Экспорт географиясын кеңейтиў
бойынша быйылғы жылда Италия (тери өнимлери), Тайланд (артемия цистаси) ҳәм Эстония
(ярым тайын мебел өнимлери) сыяқлы жаңа мәмлекетлер базарларының өзлестириўи
нәтийжесинде экспорт географиясы
және де кеӊейиўине ерисилмекте.
Мәмлекетимиз тәрепинен экспорт потенцалын арттырыў мақсетинде
исбилерменлерге бир қанша жеңилликлер жаратылды. Атап айтқанда, экспортёрларды
айланба қаржы менен тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстон Республикасы Президентиниң
2020-жыл 21-октябрь сәнесиндеги ПҚ-6091-санлы қарары тийкарында, сырт ел валютасында
4 процент ҳәм жергиликли валютада 11 проценттен кредитлер ажыратылмақта.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август
сәнесиндеги ПП-213-санлы Пәрманына муўапық, 2028-жылдың 1-январь сәнесине шекем
Қарақалпақстан Республикасында жумыс ислеп атырған исбилерменлик субъектлерине
ислеп шығарылған өнимлерди шет мәмлекетлерге экспорт етилетуғын 35 түрдеги
өнимлер ҳәм экспорт етилетуғын өнимлерди ислеп шығарыў ушын сатып алынған 22
түрдеги шийки зат өнимлерин республика бойлап тасыўдағы транспорт қарежетлериниң
70 проценти мәмлекет тәрепинен төлеп бериў тәртиби тастыйықланды.
Ҳүкиметимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған бул илажлардың барлығы
елимиздиң экспорт потенциалын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.