22.12.2024, Екшемби

2023-жыл 31-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжилислер залында халық машқалаларын аймақларға шыққан ҳалда үйрениў бойынша Штаб шөлкемлестирилди.

 

Бүгин, 2023-жыл 31-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжилислер залында халық машқалаларын аймақларға шыққан ҳалда үйрениў бойынша Штаб шөлкемлестирилди. Онда, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов басшылық етип, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер Министриниң орынбасары Б.Абдуллаев ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы командири, генерал-майор Р.Джураевлар қатнасты ҳәм тийисли мәкемелер менен биргеликте исши топарлар дүзилди.


Исши топардың тийкарғы жөнелислери төмендегилер:

- социаллық инфраструктура объектлериниң реал жағдайын, халықты электр энергиясы, көмир, ишимлик суў менен үзликсиз тәмийинлеў дәрежесин ҳәмде пуқаралардың бул системадан разылығын үйрениў;

- газ, электр энергиясы ҳәм ишимлик суўынан келип шығатуғын авариялық жағдайлардың ерте алдын алыў, көп қабатлы турақ жайларда коммунал хызмет көрсетиўдиң сапасын анықлаў;

- халқымыз ушын мүнәсип инфраструктура, тийкарынан мектепке шекемги билимлендириў, мектеплер, балалар майданшалары ҳәм хызмет көрсетиў орынларын қурыў ҳәм искерлигин жолға қойыў барысында әмелге асырылып атырылған жумыслар;

- жоқары оқыў орынлары студентлери ушын жатақхана тәмийнаты, ижарада жасаўшы студентлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм қадағалаўға алыў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, бәнтлигин тәмийинлениў жумысларының жағдайы;

- турақлы жасаў орны болмаған пуқараларды реабилитация етиў орайларына жайластырыў, наркология диспансерлери, медициналық бирлеспелериндеги жаратылған шәраятлар менен жақыннан танысыў;

- тутыныў базарларындағы баҳалардың турақлылығын, азық-аўқат резервлериниң барлығын ҳәмде исбилерменлер ушын қолай шәраятлар жаратылғанлығын үйрениў;

- халықтың күнлик талабы ушын аўыл хожалығы өнимлерин ишки имканыятлардан келип шыққан ҳалда жеткерип бериў, қосымша зәрүр болған өнимлер резервин қәлиплестириў бойынша шәртнамалар дүзилгенлигин анықлаў;

- нызамсыз исбилерменлик пенен шуғылланыў, баҳаларды себепсиз арттырыў, надурыс бәсекилик орталығын жаратыў сыяқлы нызамға қайшы жағдайларға шек қойылғанлығын тексериў;

- қыйтақ жерди раўажландырыў, бос жатқан жерлерди өзлестириў, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў барысында әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайы;

- базарларда пуқаралар, фермерлер ҳәм аўыл хожалығы жөнелисиндеги исбилерменлик субъектлери ушын ишки базарда сатыў ушын жетерли шараятлар жаратылғанлығы;

- исбилерменлик субъектлериниң искерлигине нызамсыз араласыўына жол қоймаў ҳәм басқа да ўазыйпалар белгилеп берилди.

 

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Мәлимлеме Хызмети