22.12.2024, Екшемби

Шарўашылық тараўын қоллап-қуўатлаў илажлары белгиленди

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 16-февраль күни шарўашылық тараўындағы әҳмийетли ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәлим болғанындай, бул тараў шаңарақлардың абаданлығын ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде үлкен орын тутады. Халықтың күнделикли тутыныў қәрежетлериниң 30 процентин гөш, сүт ҳәм мәйек өнимлери қурайды.

Кейинги үш жылда шарўашылық бойынша шығарылған қарарларға тийкарланып, 8 түрдеги субсидия ҳәм жеңилликли кредитлер ажыратыў жолға қойылды. Усы дәўирде шарўашылыққа 15 триллион сумнан аслам кредит ажыратылып, 4 мың 500 ге шамалас жойбар әмелге асырылды. Нәсилшилик хожалықларының саны 3 есеге көбейип, 1 мың 414 ке жетти. Нәтийжеде, 2019-2021-жылларда шарўа малларының бас саны 1 миллион 200 мыңға көбейди.

Бирақ климат өзгерислери, суў ҳәм жердиң жетиспеўшилиги, пандемия сыяқлы заманымыздың әҳмийетли машқалалары шарўашылықты да қыйынластырмақта.

Бухара, Жиззақ, Наўайы, Наманган ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында ири шарўашылық хожалықларының саны басқа аймақларға қарағанда бир қанша аз. 90 процент шарўа маллары үйлерде бағылса да, көп жерлерде от-жем тәмийнаты системасы жоқ. Кейинги 15 жылда от-жемлик жер майданы 430 мың гектардан 340 мың гектарға, бир бас қарамалға туўра келетуғын азықлық майданы 50 сотыхтан 27 сотыхқа азайған. Қарақалпақстан, Хорезм, Бухара, Наўайы, Сурхандәрья ҳәм Қашқадәрьяда қайта егилетуғын от-жем егислик майданлары 23 мың гектарға қысқарған.

Сонлықтан, шарўашылық тараўын қоллап-қуўатлаў, ресурсты үнемлейтуғын технологияларды кеңнен қолланыў арқалы гөш, сүт ҳәм мәйек жетистириўди көбейтиў ҳәр қашанғыдан да зәрүр болмақта.

Мәжилисте бул бағдардағы әҳмийетли мәселелер, имканиятлар талқыланды.

Мәмлекетимиз басшысы быйыл шарўашылықта кеминде 300 мың, қой-ешки бағыўда 150 мың, пиллешиликте 1 миллион 200 мың, жәми 1 миллион 650 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мүмкиншилиги бар екенин атап өтти.

Бул ушын, бәринен бурын, үйлерде кооперация арқалы шарўаны көбейтиў керек. Елимизде бул тараўда жақсы тәжирийбелер көп. Мәселен, Қашқадәрья ўәлаятының Миришкор районында «Тошматов Нормумин» фермер хожалығы Вори аўылындағы үйлерге қарамаллар, қой-ешкилер тарқатып, олар жетистирген сүт ҳәм гөшти сатып алмақта. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Тақыятас районындағы «Тақыятас Чикенс» кәрханасы үйлерге үй таўығын берип, олардан инкубациялық мәйек сатып алыўды жолға қойған.

Президент бундай тәжирийбелерди басқа да район ҳәм мәҳәллелерде кеңейтиў зәрүрлигин атап өтти.

Усы мақсетте бир қатар қаржылай жәрдем илажлары белгиленди. Яғный, быйыл февральдан баслап, сырт ел кредитлери 10 жыл мүддетке 3 жыллық жеңилликли дәўир менен ажыратылады, кредит процентиниң 14 проценттен жоқары бөлегине компенсация және кредит суммасының 50 процентине кепиллик бериледи, гидропоника усылында от-жем жетистириў ушын үскенелер қәрежетиниң 20 проценти қапланады.

Тараўдағы және бир дәраматлы бағдар – ашық реңли қой-ешкилердиң жүнинен гилем, гезлеме ҳәм басқа да өнимлер тоқып сатыў. Мәжилисте Ангрен қаласы, Косан, Ромитан, Нәўбәҳәр районларындағы усындай жумыслар өрнек етип көрсетип өтилди.

Усы айдан баслап, нәсилли қой ҳәм ешки сатып алыў, сүт, гөш ҳәм жүнди қайта ислеў және жем таярлаў цехларын шөлкемлестириў ушын жеңилликли дәўир менен кредитлер ажыратылатуғын болды. Бул кредитлер халыққа ҳәким жәрдемшилериниң усынысы тийкарында, 50 миллион сумға шекем гиреў тәмийнатысыз ажыратылады, кредит процентиниң ярымын қаплаўға компенсация бериледи.

Халыққа кооперация тийкарында 350 мың бас қой-ешки тарқатылатуғыны, бул мақсетлерге 100 миллион доллар қаратылатуғыны мәлим етилди.

Быйыл тараўда 123 ири жойбар режелестирилген. Мәмлекетимиз басшысы оларды өз ўақтында иске қосыў менен бирге қосымша имканиятлар табыў, от-жемлик майданларды кеңейтиў зәрүрлигин атап өтти.

Соның ишинде, жердиң бир бөлегин алмаслап егиўдиң есабынан 500 бас шарўашылық комплексин дүзиў мүмкин. Сондай-ақ, пайдаланыўдан шыққан ҳәм жаңа жерлерди өзлестирип, мал бақса болады.

Бундай жойбарларды қоллап-қуўатлаўға 120 миллион доллар кредит сыпатында қаратылатуғыны, субсидия, бажыхана ҳәм салық жеңилликлери берилетуғыны атап өтилди.

Жуўапкер адамларға быйыл халықаралық финанс шөлкемлеринен 500 миллион доллар тартып, шарўашылықты раўажландырыў жойбарларына қаратыў бойынша көрсетпе берилди.

Президентимиз шарўа өнимдарлығын арттырыў, нәсилшиликти жақсылаў мәселелерине айрықша итибар қаратты. Тараўға илим ҳәм алдыңғы тәжирийбелерди енгизиўге Самарқанд ветеринария медицинасы институты жуўапкер етип белгиленди. Енди бул институттың статусы көтериледи және оған ветеринария, шарўашылық, қусшылық, балықшылық, қаракөлшилик ҳәм шөл экологиясы илимий-тәжирийбе институтлары бириктириледи. Бул мәкеме кластерлерге әмелий ҳәм методикалық жәрдем берип, төлемли хызметлер көрсетеди, халықты ҳәм фермерлерди қысқа мүддетли курсларда оқытады.

«Чорванасл» агентлигине ҳәр бир район кесиминде нәсилшиликти жақсылаў бойынша үш жыллық бағдарлама ислеп шығыў ўазйыпасы қойылды.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша тармақ ҳәм аймақ басшылары, исбилерменлер шығып сөйледи.

ӨзА