Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-январь күни Россия Федерациясы Президенти Администрациясы баслығының орынбасары Дмитрий Козакты қабыллады.
Ушырасыў алдынан Дмитрий Козак Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Жақында өткен жоқары дәрежедеги ушырасыў ҳәм сөйлесиўлерде ерисилген келисимлер Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы стратегиялық шерикликти беккемлеў ҳәм көп қырлы қатнасықларды кеңейтиўге күшли пәт бағышлағаны айрықша атап өтилди. Товар алмасыў көлеми артпақта, санаат кооперациясы бойынша ири жойбарлар ҳәм тийкарғы гуманитар бағдарламалар әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм оның потенциалын әмелге асырыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Орайлық Азияда жүз берген ўақыялардан келип шығып региондағы жағдай бойынша да пикир алысылды.
ӨзА