Бийдайдан
босаған жер майданлар қайта егиў ҳәм жаңа жумыс орынларын нәтийжели шөлкемлестириў
ушын жақсы имканият есапланады.
Бул
әлбетте топырақтың өнимдарлығы минерал төгинлердиң өз ўақтында жеткерилиўи ҳәм
ең баслысы үнемлеўши технологиялардан пайдаланыў менен тығыз байланыслы.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында 2021-жыл 8-июнь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде берген тапсырмасына муўапық, бийдайдан босаған жер майданларын қайта егиў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.
Бүгин Тақыятас районы «Найманкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы бийдайдан босаған жер майданларын қайта егиў, агротехникалық илажларды өткериў, талап етилетуғын ресурсларды өз ўақтында жеткериў бойынша «Мадат-Ботир» фермер хожалығында көргизбели семинар болып өтти. Райондағы босаған 737 гектар жерге аўыл хожалығы егинлерин, атап айтқанда мийўе овощ, майлы егинлер ҳәм азық-аўқатлық затларды егиў режелестирилген.
Семинарды өткериўден тийкарғы мақсет босаған егислик жерлерден үнемли пайдаланыў арқалы кем тамийнленген “Темир дәптер”, “Жаслар дәптери” ҳәм “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген жумыссыз пуқараларды қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў менен бирге қосымша дәрамат табыў системасын енгизиўден ибарат.
Көргизбели семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қахраман Сариев қатнасып, жерден нәтийжели пайдаланып, суўғарылатуғын жерден еки-үш рет өним алыў арқалы халықтың азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў ҳәм оның ушын топырақтың мелиоратив жағдайы менен өнимдарлығын жақсылаўға итибар қаратыў үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.
Министрлер Кеңеси
Баслығы Қахраман Сариев жер берилип атырған жаслар менен сәўбетлести, олардың режелери
менен пикир усынысларын тыңлады. Сондай-ақ, жаратылып атырған имканиятлардан
утымлы пайдаланыў, жерден жақсы өним алыў бойынша өзиниң усынысларын билдирди. Жасларға
берилип атырған жерлер салықтан азат етилетуғыны ҳаққында атап өтти.
Соныда айрықша атап өтиў орынлы, берилип атырған
жерлер фермер хожалығы тәрепинен егилип, барлық агротехникалық илажлар ислеп бериледи.
Жаслардан тек ғана егинди тәрбиялаў ҳәм мол өним алыўға тырысыў талап етиледи.
Илаж даўамында 9 гектар жер майдан «Жаслар
дәптери» не киргизилген 40 жасқа бөлип берилди ҳәм күнниң өзинде мәш егиў
процесси баслап жиберилди.
ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети