2021-жыл 26-май күни Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили
П.Буриан басшылығындағы Европа Аўқамы делегациясы Нөкиске келди. Делегация
қурамында Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси Шарлотта Адрианда
бар.
Делегация ағзалары дәслеп Нөкис қалалық емлеўханасында болып, перинатал
саламатлықты сақлаў жойбары шеңберинде медициналық әсбап-үскенелерди тапсырыў
мәресимине қатнасты.
Илаж даўамында
Қарақалпақстан Республикасы неонатал интенсив терапия бөлимлери ҳәм операция
ханалары ушын 300 дана операция әсбаплары, электрокардиография масламалары,
ултрасесли аппаратлар, ҳаўа басымы аппаратлары тапсырылды.
П.Буриан Қарақалпақстанда денсаўлықты сақлаў, социаллық
раўажланыў ҳәм билимлендириў тараўындағы раўажланыўларды жоқары баҳалады.
Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев
Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили П.Буриан менен ушырасты.
Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының
орынбасары Р.Зарикеев пенен Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси Шарлотта
Адрианлар қатнасты.
Дәслеп мийманларға Қарақалпақстан Республикасында Президент Ш.Мирзиёев
басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс жумыслары ҳәм
жаңаланыўлар бойынша мағлыўмат берилди.
Алыс аймақларда жасаўшы пуқаралардың турмыс дәрежесин жақсылаўға жоқары
итибар берилип атырғаны, регионда денсаўлықты сақлаў, Арал апатшылығың унамсыз
тәсирлерин жумсартыўға қаратылған көлемли жумыслар ҳаққында атап өтилди.
Қ.Сариев Арал бойына жәрдем көрсетиўде халықаралық шериклердиң искерлиги барған
сайын жеделлесип атырғанын айрықша атап өтти.
Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша
арнаўлы ўәкили П.Бурианның бүгинги күндеги мийнетлерин жоқары баҳалады ҳәм
өзиниң миннетдаршылығын билдирди.