Устюрт тегислиги өз
баўырына көплеген сырларды, тарийхдың жумбақларын жәмлеген. Аймақтың флора ҳәм
фауна дүньясы да өзине тән болып, бул жерлерди сийрек ушырасатуғын өсимликлер
менен ҳайўанлар өзине ўатан қурған.
Усы жылдың 15-16-май
күнлери Қарақалпақстан Республикасы Экология комитети тәрепинен Устюрт тегислиги медиа тур шөлкемлестирилди.
Медиа турдың тийкарғы
мақсети, ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин Қарақалпақстанның өзине тән тәбияты,
аймақта жайласқан «Сарықамыс» көли ҳәмде «Қубла Устюрт» миллий тәбият бағын өз
ишине алған бир қанша орынлар менен таныстырыў ҳәм сол арқалы Устюрттиң жанлы
тәбиятын көрстеиўден ибарат.
Дәслепки күни медиа тур қатнасыўшылары «Сарықамыс» көлин барып көрди. Жол алыс, ҳәмме шаршаған. «Сарықамыс»ты көриўден бәршемиздиң шаршағанымыз сол заматта тарқады. Өйткени бул көлдиң гөззаллығы, оның толқынлары ҳәм шуўлаған ҳаўазы адамды өзине сыйқырлап алады. Қуслардың сести толқынға қосылып, бир дем тыңлап қыялға кетиўге мәжбүрлейди.
«Сарықамыс» көлинде
табанбалық, майбалық, қызылкөз, судак сыяқлы көплеген балықлар ушырасады. Көл
Туркменстан ҳәм Өзбекстан менен шегарада жайласқан болып, әжайип көриниске ийе.
Ҳәммемизге белгили Устюрт
тегислигинде Өзбекстан Республикасының Қызыл китабына киргизилген ҳайўанлар
жасайды. Медиа тур қатнасыўшылары әне сондай сийрек ушырасатуғын ҳайўанатлар
дүньясының гүўасы болды. Бул жерлерди кийик, қулан, түлки, Устюрт қойы, қарсақ,
жабайы ғаз ҳәм аққус, жорға туўалақ, сыяқлы ҳайўанатлар дүньясы өзине мәкан
қурған. Шексиз Устюрт тегислигинде еркин жасап атырған ҳайўанларға жақын барып
сүўретке алыўға ҳәрекет еттик. Деген менен оғада сезгир қәсийетке ийе болған ҳайўанлар бизлерди
2-3 шақырымнан көрип қашыўға түсти. Бизде жеңилмедик, жоқары имканиятға ийе
фотоаппаратлардан пайдаланып сүўретке алыўға еристик.
Медиа турдың гезектеги
мәнзили үш мәмлекетти бирлестирип турған орын, «Қапланқыр» аймағы болды. Бул
аймақ көриниси жағынан ажыралып турады, бийик чинклер, шексиз кеңликлерди көрип
көзиң қуўанады. Аймақтың «Қапланқыр» деп аталыўының себеби, бул жерде ерте
дәўирлерде Қапланлар жасаған.
Түнди усы жерде өткерип, таңды қарсы алдық. Таңғы Устюрт ҳаўасын сөз бенен жеткериў қыйын.
Кейинги мәнзил «Қулантақыр»
тегислиги. Устюрттиң ҳәр бир аймағында өзгеше сулыўлық бар. Булардың барлығы
тәбияттың жаратылысы әлбетте.