Екинши
дүнья жүзлик урысы қатнасыўшыларына мәмлекетимиз басшысының қутлықлаўы ҳәм
қымбат баҳалы саўғалары менен 12 миллион сўм муғдарындағы бир мәртелик пул
сыйлығы тапсырылды.
Екинши дүнья жүзлик урыста ерисилген жеңиске 76 жыл толыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев бүгинги парахатшылық заман ушын мәмлекетимиздеги барлық урыс қатнасыўшыларына өзиниң терең миннетдаршылығын билдирип, саўғалар жиберди.
Министрлер Кеңеси Баслығы Қахраман Сариев Қанлыкөл районы турғыны Наметуллаев Оразбай ҳәм Қоңырат районы турғыны Хожаметов Қудайбергенлердиң шаңарағында болып мәмлекетимиз басшысының қутлықлаўын оқып еситтирди, саўғалар менен 12 миллион сўм муғдарындағы пул сыйлығы салтанатлы түрде тапсырылды.
Шын мәнисинде
байрамға айланған илажда урыс жылларын сәўлелендириўши қосықлар бәршениң
кеўлине көтериңкилик бағышлады.
Ушырасыў даўамында қахарманларымыз урыста Ўатан ушын болған саўашлар ҳәм оннан кейинги қызғын мийнет дәўирлери ҳаққында айтып берди. Бүгинги тыныш заманға шүкиршилик айтып патияға қол жайды.
Сондай-ақ, урыс қатнасыўшыларына Министрлер Кеңеси ҳәм район ҳәкимликлери тәрепинен таярланған саўғаларда тапсырылды.
ҚР
Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети