22.12.2024, Екшемби

Исбилерменлер менен ашық сәўбетлесиў болып өтти

Республикамызда исбилерменликти раўажландырыў, исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта. Усы йигиликли ислердиң нәтийжесинде бүгин Қарақалпақстанда жигирма мыңнан аслам исбилерменлик субъектлери халыққа сапалы хызмет көрсетпекте.


Бул ислерди нәтийжели даўам еттириў мақсетинде Ҳүкиметлик комиссия тәрепинен орынларда қабыллаўлар шөлкемлестирилип, онда исбилерменлер менен ашық сәўбетлесиўлер өткерилмекте.




Ҳүкиметлик комиссияның гезектеги қабыллаўы Нөкис қаласында болып өтти. Онда республикамыздағы 100 ден аслам исбилерменлер өзлериниң мүрәжатларын билдирди. Атап айтқанда кредит алыў ҳәм төлеў мүддетин узайтыў, имарат қурыў, лицензия ҳәм руқсатнамалар алыў сыяқлы мүрәжатлар билдирилди. Исбилерменлер тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилиги орнында өзиниң унамлы шешимин тапты.

Сондай-ақ, мүддет талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, тийисли жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.