Халқымыздың, әсиресе жаслардың экологиялық мәдениятын
арттырыў, қоршаған орталыққа болған сүйиспеншилигин күшейтиў соның менен бирге
ана тәбиятты келешек әўладларға асырап-абайлаў ҳәм унамсыз тәсирлердиң алдың
алыў мақсетинде бүгин Нөкис қаласында «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан
жасайық!» сүрени астында ғалабалық абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў
илажларын әмелге асырыў мақсетиинде «Таза қала» жойбары әмелге асырылмақта.
Оған Республикамыздағы мәкеме ҳәм кәрханалар, ең
баслысы жасларымыз белсене қатнаспақта.
Дәслеп Нөкис қаласы орайындағы Жаслар орайы имараты
алдында бүгинги жойбарға старт берилди. Жойбар даўамында қаламыздың көркине
көрк беретуғын сулыў тереклерди ҳәм гүллерди егиў, көшелерди шығындылардан
тазалаў, қусларға уя қурып бериў жумыслары шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.
Еслетип өтемиз жойбар даўамында Қарақалпақстан
Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем-өнер музейи алдында елимиз
ардағындағы қосықшылар атқарыўында гала-концерт болып өтеди.