22.12.2024, Екшемби

КЕКСЕЛЕР ҲӘМ МАЙЫПЛЫҒЫ БОЛҒАН ПУҚАРАЛАРДЫ СОЦИАЛЛЫҚ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ, «САҚАЎАТ» ҲӘМ «МҮРИЎБЕТ» ИНТЕРНАТ ҮЙЛЕРИ СИСТЕМАСЫН БУННАН БЫЛАЙ ДА РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ҲАҚҚЫНДА


Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Кейинги жыллары халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, соңғы төрт жылда 27 медициналық-социаллық мәкемелерде 267,2 миллиард сумлық қурылыс-рекострукция жумыслары орынланды ҳәм заманагөй талапларға сәйкес болған 1327 орын пайдаланыўға тапсырылды.

Санаторийларда саламатлығын тиклеген кекселер ҳәм майыплығы болған пуқаралар саны 43 мыңды қурап, 20 процентке артты, өзгелердиң қараўына мүтәж жлғыз кекселер ҳәм майыплығы болған пуқараларға бийпул берилетуғын тийкарғы азық-аўқат ҳәм гигиеналық қуралалрдың саны 15 ден 19 ға шекем көбейтилди, майыплығы болған пуқараларға бийпул берилетуғын протез-ортопедия буйымлары ҳәм реабилитациялық техникалық қуралларының дизими 22 түрден 27 ге шекем көбейтиледи.

Адам саўдасынан жәбирленген 1 024 пуқараға медициналық-социаллық реабилитациялық ҳәм психологиялық қоллап-қуўатлаў илажлары көрсетилди.

Соның менен бирге, медициналық-социаллық хызмет көрсетиў мәкемелери жумысындағы кемшиликлер ҳәм машқалалар кекселер ҳәм майыплығы болған пуқараларға мәмлекет тәрепинен социаллық жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириўге қаратылған ўазыйпаларды нәтийжели шешиўге тосқынлық етпекте. Атап айтқанда:

бириншиден, «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлеринде мәмлекет қарамағына алынған пуқараларға медициналық-социаллық хызметлер көрсетиўди нәтийжели басқарыў системасы жетерли қәлиплестирилмеген;

екиншиден, майыплықтың алдын алыў ҳәм медициналық-социаллық реабилитациялық хызмет сапасы керекли дәрежеде емес;

үшиншиден, кекселер ҳәм майыплығы болған пуқараларға қолайлы шараятлар жаратыў бойынша медициналық-социаллық мәкемелер материаллық-техникалық базасы ҳалатында бир қатар машқалалар сақланып қалмақта;

төртиншиден, медициналық-социаллық мәкемелердиң хызметкерлерин материаллық-социаллық қоллап-қуўатлаў системасы бүгинги күн талабына жуўап бермейди;

бесиншиден, медициналық-социаллық мәкемелерде руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений илажлар системалы шөлкемлестирилмеген;

алтыншыдан, адам саўдасынан жәбирленгенлерге көрсетилип атырған медициналық-социаллық реабилитациялық илажлар ҳәм психологиялық қоллап-қуўатлаў сапасы жетерли дәрежеде емес.

Кекселер ҳәм майыплығы болған пуқараларды мәмлекет тәрепинен социаллық қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў, социаллық қорғаў ҳәм медициналық-социаллық жәрдемниң заманагөй механизмлерин әмелге асырыўда жаңа қатнасларды енгизиў мақсетинде:

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Медициналық-социаллық хызметлер агентлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлери тийкарында Өзбекстан Республикасы Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) ҳәм оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилсин.
  2. Агентлик кекселер, майыплығы болған пуқаралар ҳәм халықтың социаллық қорғаўға мүтәж басқа да категорияларына медициналық-социаллық хызметлер көрсетиў тараўында ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымы болып есапланатуғыны;

Агентлик өз жумысында Министрлер Кабинетине бойсынатуғыны ҳәм есап беретуғыны;

Агентлик директоры ҳәм оның орынбасарлары Өзбекстан Республикасы Президенти менен келисилген ҳалда Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер агентлик системасына өткерилсин:

а) «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлери, Майыплығы болған пуқараларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў миллий орайы, майыплығы болған пуқаралар ушын аймақлық реабилитация орайлары, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын санаторий ҳәм пансионатлар, Республикалық медициналық-социаллық экспертиза инспекциясы ҳәм оның аймақлық бөлимлери, Адам саўдасы жәбиркешлерине жәрдем бериў бойынша Республикалық реабилитация орайы;

б) Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлериниң жумысын қоллап-қуўатлаў қоры және Майыплығы болған пуқараларды қоллап-қуўатлаў қоры.

  1. Төмендегилер:

а) Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

кекселер, майыплығы болған пуқаралар ҳәм халықтың социаллық қорғаўға мүтәж басқа да категорияларына медициналық-социаллық хызмет көрсетиў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў;

медициналық-социаллық мәкемелердиң, соның ишинде,  «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлериниң  кекселер, майыплығы болған пуқараларға хызмет көрсетиў бойынша жумысын шөлкемлестириў ҳәм басқарыў;

кекселер, майыплығы болған пуқаралар ҳәм халықтың социаллық қорғаўға мүтәж басқа да категорияларына медициналық-социаллық хызмет көрсетиў тараўында бирден-бир мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм оларға методикалық басшылық етиў;

майыплығы болған пуқараларды медициналық, кәсиплик ҳәм социаллық реабилитациялаў тараўында илимий изертлеўлер өткерилиўин және қәнигелер таярланыўын шөлкемлестириў;

мүтәж пуқараларды протез-ортопедия буйымлары ҳәм реабилитация техникалық қураллары менен тәмийинлеў  жумысын шөлкемлестириў;

медициналық-социаллық хызметлер көрсетиўдиң нәтийжелилигин алдынғы сырт ел тәжирийбеси ҳәм заманагөй раўажланыў тенденциялары тийкарында таллаў ҳәм мониторинг етип барыў;

медициналық-социаллық экспертиза хызмети, майыплығы болған пуқараларды реабилитациялаў  жумысына шөлкемлестириў-методикалық басшылық етиў;

адам саўдасынан жәбирленгенлерди медициналық-социаллық реабилитациялаў ҳәм психологиялық қоллап-қуўатлаў системасын муўапықластырыў;

майыплығы болған пуқаралардың ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын шөлкемлестириў;

б) «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлериниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

кекселер, майыплығы болған пуқараларға социаллық хызмет көрсетиў,  олардың саламатлығын ҳәм қоллап-қуўатлаў, олардың  сапалы медициналық-социаллық жәрдем алыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў;

кекселер ҳәм майыплығы болған пуқаралардың  социаллық-ҳуқықый қорғалыўын тәмийинлеў;

майыплығы болған пуқаралар, соның ишинде, балаларды  социаллық бейимлестириў, оларға өз қызығыўшылықларынан келип шығып кәсип-өнер үйретиў;

дәслепки медициналық жәрдем көрсетиў, денсаўлықты сақлаў системасының жоқары маманлықтағы қәнигелерин тартқан ҳалда кекселер ҳәм майыплығы болған пуқараларды ҳәр жылы еки мәрте диспансеризациядан өткериў, санаторийларда режели саламатлығын тиклеў ҳәм қәнигелестирилген стационарларда емлениўди шөлкемлестириў;

кекселер ҳәм майыплығы болған пуқараларды  протез-ортопедия буйымлары, реабилитация техникалық қураллары (еситиў аппаратлары, майыплар арбашасы, ҳаса ҳәм қолтық таяқлар, жүриў үскенелери), жеке гигиеналық қураллар менен тәмийинлеў;

кекселер ҳәм майыплығы болған пуқараларға көрсетилетуғын медициналық-социаллық хызметлерди бәрқулла жетилистирип барыў;

руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений илажлар, соның ишинде концерт бағдарламаларын шөлкемлестириў арқалы  кекселер ҳәм майыплығы болған пуқаралардың мәдений турмыста белсене қатнасыўын тәмийинлеў;

кекселер ҳәм майыплығы болған пуқаралардың  елимиздеги дыққатқа ылайық орынлар ҳәм зыярат орынларына сапарларын шөлкемлестириў;

билимлендириў мәкемелери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң қатнасыўында мәдений-ағартыўшылық илажларын өткериў арқалы  жасларды кекселерди ҳүрметлеў руўхында тәрбиялаў;

в) Адам саўдасынан жәбирленгенлерге жәрдем бериў бойынша Республикалық реабилитация орайының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

адам саўдасынан жәбирленгенлерди қолайлы жасаў ҳәм жеке гигиеналық шараятлары, сондай-ақ, азық-аўқат, дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинлеў;

адам саўдасынан жәбирленгенлерди социаллық бейимлестириў тараўында сырт еллердиң алдынғы методикаларын үйрениў және әмелиятқа енгизиў;

адам саўдасынан жәбирленгенлерге өз қызығыўшылықларынан келип шығып  кәсип-өнер үйретиў, олардың бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлесиў;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қураллары менен бирегликте кең көлемли ескертиў-профилактикалық жумысларды шөлкемлестириў;

адам саўдасынан жәбирленгенлерди  социаллық реабилитациялаўда жәрдемлесиў.

  1. Төмендегилер:

медициналық-социаллық реабилитация хызмети сапасын арттырыў, оларда руўхый-ағартыўышылық ҳәм мәдений илажларды системалы түрде шөлкемлестириў, медициналық-социаллық хызметлер көрсетиў системасына «аутсорсинг» тийкарында жеке меншик секторды тартыў, система хызметкерлериниң маманлық ҳәм кәсиплик шеберлигин арттырыў, оларды материаллық қоллап-қуўалаў системасын жетилистириўди нәзерде тутыўшы Мәмлекет тәрепинен көрсетилетуғын медициналық-социаллық хызметлерди жетилистириў бойынша «жол картасы» 1-қосымшаға муўапық;

медициналық-социаллық мәкемелерди материаллық-техникалық базасын беккемлеў, соның ишинде, 35 мәкемеде 428 миллиард сумлық  қурылыс-реконструкциялаў жумысларын алып барыў ҳәм оларды 40 миллиард сумлық мебельлер ҳәм техника менен тәмийинлеў,  абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын шөлкемлестириўди нәзерде тутыўшы Медициналық-социаллық мәкемеелрдиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша «жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Агентлик, министрликлер ҳәм уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң басшылары  «жол карталары»нда белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы ушын жеке жуўапкер екенлиги көрсетип өтилсин.

  1. 2021-жыл 1-апрельден баслап:

а) «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлери және Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республикалық пансионаттың:

басшы ҳәм шыпакерлердиң айлық лаўазым ис ҳақысы 1,5 есеге;

орта ҳәм киши медицина хызметкерлериниң айлық лаўазым ис ҳақысы 2 есеге;

басқа барлық хызметкерлердиң айлық лаўазым ис ҳақысы 1,2 есеге;

б) Агентликтиң орайлық аппараты хызметкерлериниң айлық лаўазым ис ҳақысы 1,5 есеге,  оның аймақлық басқармалары ҳәм район (қала) бөлимлери және Республикалық медициналық-социаллық экспертиза инспекциясының орайлық аппараты ҳәм оның аймақлық комиссиялары хызметкерлериниң айлық лаўазым ис ҳақысы 1,2 есеге;

в) «Сақаўат» интернат үйлери және Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республикалық пансионатта жасайтуғын жалғыз пенсионерлерге жеке қәрежетлери ушын кеминде төленетуғын айлық пенсия муғдары 10 проценттен 20 процентке шекем  арттырылсын.

  1. Қаржы министрлиги Агентлик пенен биргеликте:

а) үш ай мүддетте «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлери,  Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республикалық пансионат, Агентликтиң орайлық аппараты, оның аймақлық басқармалары ҳәм район (қала) бөлимлери, Республикалық медициналық-социаллық экспертиза инспекциясының орайлық аппараты, оның аймақлық комиссиялары хызметкерлериниң айлық лаўазым ис ҳақысы муғдарының арттырылыўы менен байланыслы қәрежетлер ушын 2021-жылы Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есбаынан қосымша қаржы ажыратыў ушын «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет ҳаққында»ғы Нызамына өзгерис киргизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин және 2022-жыл Мәмлекетлик бюджетти қәлиплестириўде бул қәрежетлерди есапқа алсын;

б) «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлериндеги кекселер ҳәм майыплығы болған пуқаралардың азық-аўқат, жеке гигиена ҳәм дәри-дәрмақлар менен тәмийинлениўи ушын ажыратылатуғын қаржы муғдарын 2022-2024-жыллары басқышпа-басқыш арттырыў, сондай-ақ, 2021-жыл жергиликли бюджеттен қосымша қаржы ажыратыў есабынан «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлериндеги кекселер ҳәм майыплығы болған пуқараларды жеке гигиена қураллары менен толық тәмийинлеўди қаржыландырыў илажларын көрсин.

  1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги және Қаржы министрлиги Агентлик, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте Медициналық-социаллық мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша «жол картасы»нда жаңадан қурыў ҳәм реконструкциялаў нәзерде тутылған объектлерди 2022-жыл ҳәм оннан кейинги жыллар ушын қәлиплестирилетуғын Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасына киргизиў илажларын көрсин.

Онда медициналық-социаллық мәкемелерди қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларын әмелге асырыў бойынша таярланатуғын  жойбарлаў-смета ҳүжжетлеринде мәкемениң жумысы ушын зәрүр болған медициналық, физиотерапия ҳәм спорт үскенелери менен тәмийинлеў нәзерде тутылсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

үш күн мүддетте орын алған машқалаларды жедел шешиў мақсетинде тийисли ҳәким ҳәм оның орынбасарлары «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлерине бириктирсин;

бир ай мүддетте Агентлик пенен биргеликте ҳәр бир медициналық-социаллық мәкемедеги шараятты үйренип, қосымша имарат қурыў, толық оңлаў ҳәм үскенелеў, майыплығы болған пуқаралары ушын көтериў платформалары менен тәмийинлеў, китапханаларды шөлкемлестириў ҳәм олардың фондын байытыў бойынша аймақлық илажлар режесин тастыйықласын ҳәм орынланыўын тәмийинлесин;

үш ай мүддетте  тийисли имаратлар (ханалар), мебель, компьютер техникасы ҳәм байланыс қуралларын ажыратыў жолы менен Агентлик барлық бөлимлериниң материаллық-техникалық базасының беккемлениўин тәмийинлесин;

Қаржы министрлиги  менен биргеликте  2021-жыл 1-майға шекем  «Сақаўат» интернат үйлери және кекселер ҳәм майыплығы болған пуқаралар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын санаторийлардың ҳәр бирин саяҳатқа мөлшерленген автобуслар менен тәмийинлеў  ушын жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклери есабынан зәрүр қаржылар ажыратсын;

Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети  менен биргеликте жергиликли бюджет қаржылары есабынан белгиленген тәртипте туроператорлар ҳәм турагентлер менен биргеликте шәртнама дүзген ҳалда турақлы түрде «Сақаўат» интернат үйлериндеги кекселердиң  республикамыздағы дыққатқа ылайық орынлары ҳәм зыярат орынларына сапарларын шөлкемлестирсин;

медициналық-социаллық мәкемелерди 2021-2024-жылларда басқышпа-басқыш зәрүр медициналық ҳәм басқа да  үскенелер менен тәмийинлеў ушын жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклери есабынан зәрүр қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин;

күнделикли түрде үйде жасаўшы, басқалардың жәрдемине мүтәж жалғыз кекселер ҳәм ветеранлардың ҳалынан хабар алыў және оларға социаллық-турмыслық хызмет көрсетиў илажларын көрсин.

  1. Ташкент қаласы ҳәкимлиги Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республикалық пансионатта:

Агентлик ҳәм қаржы министрликлери менен биргеликте  бир ай мүддетте  заманагөй физиотерапия бөлиминиң шөлкемлестирилиўин және мәкемеде бар  медициналық әсбап-үскенелердиң жаңаланыўын;

2021-2022-жыллары жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклери есабынан  мәдений ағартыўшылық илажларын өткериў ушын жаңа имарат қурылыўын ҳәм усы мәкемеге тутас аймақта Нуранийлар дем алыў бағының  шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.

  1. Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети еки ай мүддетте «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлери, урыс ҳәм мийнет ветеранларының санаторийлары, майыплығы болған пуқараларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў орайларының аймақларында саяманлы ҳәм мийўели тереклер егилиўин, көклемзарластырылыўын ҳәм абаданластырылыўын тәмийинлесин.
  2. Агентлик үш ай мүддетте:

а) медициналық-социаллық мәкемелерде қосымша ҳәм жәрдемши функциялар (аўқат таярлаў, кир жуўыў, тазалаў, техникалық хызмет көрсетиў, мәлимлеме-коммуникация тәмийнаты ҳәм басқалар) «аутсорсинг» хызмети арқалы әмелге асырылыўын енгизиў тәртибин тастыйықласын;

б) медициналық-социаллық мәкемелерде төлемли хызмет көрсетиў тәртибин тастыйықласын, онда:

«Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлеринде шәртнама тийкарында төлемли медициналық-социаллық хызметтиң күндизги қатнаў және интернат системасы (ҳәптесине 6 күнге шекем келиў) шөлкемлестирилиўи;

медициналық-социаллық мәкемелерде көрсетилетуғын төлемли хызметлердиң  2 проценти муғдарындағы қаржыларды Агентликтиң бюджеттен тысқары есап бетине қаратыў тәртиби нәзерде тутылсын.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

а) медициналық-социаллық мәкемелерде ислеўши врач ҳәм орта медицина хызметкерлериниң Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасындағы билимлендириў мәкемелери ҳәм медицина орайларында бийпул маманлығын арттырыўды тәмийинлесин;

б) медициналық-социаллық мәкемелердиң хызметкерлерин Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасындағы медицина мәкемелеринде бийпул медициналық тексериўден өткерсин;

в) Агентлик пенен биргеликте  бир ай мүддетте  медициналық реабилитация системасын түп-тийкарынан жақсылаў және «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлеринде тереңлестирилген медициналық тексериў ҳәм саламтландырыўға қаратылған илажлары режесин тастыйықласын.

Онда, «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлеринде жасаўшы кекселер ҳәм майыплығы болған пуқаралардық саламатлық көрсеткишлерин айрықша бағдарлама тийкарында турақлы түрде баҳалап барыў, оларды қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайларына бириктириў. бийпул емлеў ҳәм саламатландырыўды жолға қойыў нәзерде тутылсын;

г) Агентлик пенен биргеликте  еки ай мүддетте  «Мүриўбет» интернат үйлеринде жасаўшы наўқаслар ушын алынатуғын дәри қуралларын қайта көрип шығып, олардың дизимин тастыйықласын.

  1. Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги 2021-2024-жыллары район (қала) медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў бөлимлеринде ислейтуғын социаллық хызметкерлердиң жоқары мағлыўмат алыўы ушын республикалық жоқары билимлендириў мәкемелеринде  мақсетли квоталардың  ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы ҳәм Агентликтиң 2021-жыл май айынан баслап «Сақаўат» интернат үйлери және Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республика пансионатындағы кекселер ҳәм майыплығы болған пуқараларды  ҳәр жылы бир мәрте  Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясының қаржылары есабынан санаторийларда бийпул саламатлығын тиклеўди шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  3. Агентлик Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы менен биргеликте:

бир ай мүддетте «Сақаўат» интернат үйлеринде жасайтуғын кекселер ҳәм майыплығы болған пуқараларды 2021-жылы санаторийларда саламатлығын тиклеў графигин;

 ҳәр жылы 1-октябрьге шекем кейинги жыл ушын «Сақаўат» интернат үйлери және Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республикалық пансионаттығы кекселер ҳәм майыплығы болған пуқараларды санаторийларда саламалығын тиклеў графигин тастыйықласын.

  1. Медициналық-социаллық мәкемелерге медициналық мәкемелери, орта, профессионаллық ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери 3-қосымшаға муўапық бириктирилсин.
  2. Агентлик еки ай мүддетте:

Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте улыўма орта билимлендириў мектеплери 10-11-класс оқыўшылары, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери ҳәм жаслардың бириктирилген медициналық-социаллық мәкемелерде  «еки әўлад» ушырасыўларын шөлкемлестириў, олар менен ҳәр қыйлы  мәдений-мәнаўий илажларды өткериў, олардың ҳалынан хабар алыў, билимлендириў мәкемелеринде өткерилетуғын  «кекселер мәнаўияты» саатына мирәт етиў;

Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте бириктирилген медициналық-социаллық мәкемелерде аймақлық медицина мәкемелери ҳәм республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайларының шыпакерлери тәрепинен тексериўлер ҳәм саламатлығын тиклеў жумысларын шөлкемлестириў;

Мәденият министрлиги, Жазыўшылар аўқамы, Журналистлер дөретиўшилик аўқамы менен биргеликте медициналық-социаллық мәкемелерде  концерт бағдарламалары, руўхый-ағартыўшылық, мәдений илажлардың жыл даўамында өткерилип барылыўы бойынша реже-кестени тастыйықласын ҳәм орынланыўын шөлкемлестирсин.

  1. 2021-жыл 1-апрельден баслап Агентлик системасындағы «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлеринде жасаўшылардың санына қарамастан 1ден китапханашы штат бирлиги енгизилсин.
  2. Агентлик:

а) Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүдетте  Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республикалық пансионат, «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлери китапханаларын компьютер техникасы ҳәм басқа түрдеги оргтехника, мебель, соның ишинде арнаўлы мебель және тийисли китапхана үскенелери менен үскенелеў бойынша талапларды тастыйықласын.

Бунда кекселер ҳәм майыплығы болған пуқараларға хызмет көрсетиў ушын оқыў залларын арнаўлы компьютер үскенелери ҳәм басқа қосымша қураллар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылсын;

б) 2021-жуўмағына шекем Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республикалық пансионат, «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлери китапхана фондларын миллий ҳәм жәҳән әдебиятының  100 дана ең жақсы шығармалары (бестселлерлери), күнделикли басылымлар (газета ҳәм журналлар) менен тәмийинленсин;

в) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммунакацияларын раўажландырыў раўажландырыў министрлиги менен биргеликте Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республикалық пансионат, «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлери китапханаларының Интернет жәҳән мәлимлеме тармағына жалғаныўын ҳәм олар ушын Миллий китапхана электрон ресурсларынан пайдаланыў имканияты тәмийинленсин.

Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республикалық пансионат, «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлери китапхана фондларын толтырыў, сондай-ақ, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша қосымша илажлар усы мақсетлер ушын ажыратылатуғын бюджет қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа дәреклер шеңберинде әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Агентлик Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Жаслар ислери агентлиги, Мәденият министрлиги, Жазыўшылар аўқамы, Журналистлер дөретиўшилик аўқамы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте медициналық-социаллық мәкемелердиң жыллық жумыс режесин тастыйықласын ҳәм орынланыў мониторингин алып барсын.
  2. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммунакациялар агентлиги кекселер ҳәм майыплығы болған пуқараларды мәмлекет тәрепинен коллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпалары баспа ҳәм электрон мәлимлеме қураллары, соның ишинде Интернет жәҳән мәлимлеме тармағы арқалы халық арасында турақлы, системалы ҳәм кең көлемде жарытып барыў тәмийинленсин.
  3. Усы Пәрманда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў бойынша:

Агентлик директорына – медициналық-социаллық мәкемелерди раўажландырыў, кекселер ҳәм майыплығы болған пуқаралардың ҳуқықларын әмелге асырыў тәмийинлениўи ушын;

Денсаўлықты сақлаў министри А.Хаджибаевқа – медициналық-социаллық шөлкемлерди раўажландырыў, кекселер ҳәм майыплығы болған пуқаралардың саламатлығын тиклеў жумысларын шөлкемлестириў ушын;

Халық билимлендириў министрлиги Ш.Шерматов, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги А.Тошқулов ҳәм Жаслар ислери агентлиги директоры А.Саъдуллаевқа – медициналық-социаллық шөлкемлерди раўажландырыў, кекселер ҳәм майыплығы болған пуқаралардың ҳалынан хабар алыў ҳәм жас әўладтты кекселерге ғамхорлық руўхында тәрбиялаў шөлкемлестириў ушын;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ҳәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине – медициналық-социаллық шөлкемлердиң қурылысы ҳәм реконструкциялаў жумыслары сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўы, сыртқы инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныўы ҳәм олардың аймақларын абаданластырыў, кекселерди елимиздиң дыққатқа ылайық орынларына ҳәм зиярат орынларына турақлы барыўын шөлкемлестириўи ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Агентлик мәпдар министрлик ҳәм шөлкемлер менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманлардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кеңесине усыныслар киргизсин.
  2. Усы Пәрманның өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының баслығы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Усы Пәрманның орынланыўы  2021-жыл август ҳәм  2022-жыл январь айларында көрип шығылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                 Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл  25-март