22.12.2024, Екшемби

ЖОҚАРЫ ЛИКВИДЛИ ҲӘМ МОНОПОЛ ТОВАРЛАРДЫ САТЫЎ ПРОЦЕССЛЕРИНЕ БАЗАР МЕХАНИЗМЛЕРИН ЕНГИЗИЎДИ ДАЎАМ ЕТТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА


Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Мәмлекетимизде соңғы жылларда товарларды сатыў процесслерине базар принциплериниң жедел енгизилиўи жасырын экономиканың қысқарыўына, ислеп шығарыўшылардың өнимлерине ҳақыйқый баҳалардың қәлиплесиўине ҳәм салық базасының кеңейиўине хызмет етпекте.

Буннан тысқары, биржа саўдаларында «форвард» шәртнамаларының енгизилиўи социаллық әҳмийетке ийе тийкарғы өнимлердиң баҳалары кескин өсиўинен  қорғаныў, базарда талап ҳәм усыныс теңлигин  тәмийинлеў, исбилерменлик субъектлериниң бос қаржыларынан пайдаланыў имканиятын жаратты.

Соның менен бирге, биржа саўдаларына белсене қатнасып атырған исбилерменлик субъектлерин хошаметлеў ҳәм жоқары ликвидли ямаса монопол  товарларды  сатыў әмелиятына базар механизмлерин кеңнен қолланыўды даўам еттириў, биржа саўдаларына заманагөй товар деривативлерин, соның ишинде фьючерс шәртнамаларын енгизиў бүгинги күнниң талабы болып қалмақта.

Ҳадал емес исбилерменлик субъектлери тәрепинен ишки базарда жоқары ликвидли ҳәм монопол өнимлердиң баҳаларын жасалма арттырыўға, жетиспеўшилик ҳәм ажиотаж талапты жүзеге келтириўге жол қоймаў, бөлистириў системасының элементлерин сапластырыў және биржа саўдаларын және де жеделлестириў мақсетинде:

  1. 2021-жыл 15-июньнен баслап сондай тәртип енгизилсин, оған муўапық төмендеги товарлар ишки базарда тек биржа саўдалары арқалы базар принициплери тийкарында реализацияланады:

а) монополист кәрханалар ҳәм (ямаса) устав фонды (капиталы)нда мәмлекетлик үлеси  50 процент ҳәм оннан аслам болған юридикалық тәреп,  устав фонды (капиталы)ның  50 проценти ҳәм оннан асламы устав  фонды (капиталы)нда мәмлекетлик үлеси  50 процент ҳәм оннан аслам болған юридикалық тәрепке тийисли болған юридикалық тәреп (кейинги орынларда – монопол ҳәм мәмлекет қатнасыўындағы шөлкемлер) тәрепинен ислеп шығарылған:

поливинилхлорид (ПВХ) ҳәм формалин  – барлық тутыныўшыларға;

тутыныў этил спирти –  шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түрине қарамастан, тийисли лицензия ҳәм муўпықлық сертификатларына ийе болған ислеп шығарыўшыларға;

 техникалық этил спирти –  барлық қарыйдарларға;

гүмис –  зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларға;

б) 2022-жыл  1-январьға шекем  монополист болмаған ҳәм (ямаса) устав фонды  (капиталы)нда мәмлекетлик үлеси  50 проценттен кем болған ямаса мәмлекетлик үлеси болмаған юридикалық  тәреплер тәрепинен ислеп шығарылған:

цемент  – өндирис көлеминиң кеминде  50 проценти;

пахтадан алынған  шигит, пахта майы (соның ишинде, экстракция пахта майы)  ҳәм қайта  исленген шигит шығындылары (шрот, шелуха) – өндирис көлеминиң  100 проценти;

в)  шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түрине қарамастан, қазып алыўшы (газди  қайта ислеўши, ислеп шығарыўшы) шөлкемлер тәрепинен  нефть  ҳәм  газ конденсанты  – тийисли лицензия ҳәм муўапықлық сертификатларына ийе болған ислеп шығарыўшыларға.

  1. Товар-шийки зат биржаларының сырт елдеги саўда майданшаларында дүзилген келисимлери бойынша товарлардың бажыхана баҳасын анықлаў тек усы келисимлерде белгиленген баҳа бойынша әмелге асырылатуғынлығы белгилеп қойылсын.

Мәмлекетлик бажыхана комитети «Өзбекстан республикалық товар-шийки зат биржасы» АЖ менен биргеликте  еки ай мүддетте  усы бәнттиң орынланыўын тәмийинлеў ушын өз-ара мәлимлеме  системалары ҳәм мағлыўматлар базаларының интеграциясын және мағлыўмат алмасыўын жолға қойсын.

  1. Монополияға қарсы гүресиў комитетине ишки базарда баҳалардың жасалма түрде артып кетиўи ҳәм базардағы басқа унамсыз жағдайлардың алдын алыў ушын, зәрүр жағдайларда:

биржа  саўдаларының бир саўда сессиясында бир қарыйдар тәрепинен сатып алынатуғын өним көлеминиң максимал муғдарын (лимитин) белгилеў талап ҳәм усыныстан келип шығып, бул көлемлерге өзгерислер киргизиў;

жоқары ликвидли, соның ишинде, мәўсимлик талаптан келип шыққан ҳалда талап артатуғын товарларды тек товар-шийки зат биржалары арқалы сатыў бойынша  шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түрине қарамастан шөлкемлерге орынланыўы мәжбүрий болған көрсетпелер киргизиў ўәкиллиги берилсин.

Онда, усы көрсетпелер берилген шөлкемлерге және усы қарардың 1-бәнти «б» ҳәм «в» киши бәнтлеринде нәзерде тутылған шөлкемлерге биржа саўдаларында жоқары ликвидли ҳәм монопол түрдеги өнимлерди сатыў тәртиби ҳаққындағы реже талаплары және бәсеки ҳаққындағы нызамшылықта нәзерде тутылған биржа саўдаларына байланыслы монополияға қарсы талаплар қолланылады.

4.Монополияға қарсы гүресиў комитети турақлы түрде талап жоқары болған, соның ишинде мәўсимлик белгисинен келип шыққан ҳалда талап артатуғын товарлар бойынша таллаў өткерип, олардың биржа саўдаларына қойып барылыўын тәмийинлесин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

 2022-жыл 1-январьдан баслап  пахта-тоқымашылық  кластерлери ҳәм кооперациялар тәрепинен пахтадан алынған шигитти таяр өнимди қайтарыў шәрти тийкарында жанар май  шөлкемлерине бериў тек бир пахта-тоқымашылық кластери шеңбериндеги шөлкемлер арасында әмелге асырылады;

2021-жыл 1-сентябрьден  баслап монопол ҳәм мәмлекет қатнасыўындағы шөлкемлер тәрепинен биржа саўдаларына сатылып атырған өнимлерди автотранспортта тасыў хызметлери тек электрон логистика саўда порталы арқалы аукцион тәртибинде әмелге аырылады. Онда, электрон логистика саўда порталы арқалы тасыў хызметлери:

қарыйдарлардың өз автотранспортында әмелге асырылған жағдайда дизимге қойыў;

қарыйдарларға аффилинген тасыў хызметин көрсетиўши кәрханалар тәрепинен болса тиккелей шәртнама дүзиў арқалы әмелге асырылады.

  1. Товар-шийки зат биржаларының жумысына алдынғы мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў ҳәм электрон коммерциялық жумысын избе-из раўажландырыў бойынша «Жол картасы» 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Монополияға қарсы гүресиў комитети, «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясы, «Ўзмахсусмонтажқурилиш» АК, «Өзметкомбинат» АЖ және «Ташкент металлургия заводы» ЖШЖ менен биргеликте ысқылап тегисленген айна және полат лист ислеп шығарыў бойынша жаңа қуўатлықларын иске қосыў илажларын көриў және усы товарларды биржа саўдаларына қойыў көлемлерин арттырыўға қаратылған илажларды әмелге асырып  барсын.
  3. Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы товар-шийки зат биржалары менен биргеликте бир ай мүддетте усы қарардың  мазмун-мәнисин исбилерменлик субъектлери ҳәм халық  арасында кеңнен сәўлелендириў ҳәм үгит-нәсиятлаўға қаратылған медиа-режени тастыйықласын ҳәм оның орынланыўын тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўыпық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  5. Монополияға қарсы гүресиў комитети басқа мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте  нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  6. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоров және Монополияға қарсы гүресиў қомитетиниң баслығы белгиленсин.

Қарардың орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың  жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан  Республикасы

Президенти                    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 17-март