22.12.2024, Екшемби

Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев Ишки ислер уйымлары профилактика инспекторлары менен ушырасты

Ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, бул бағдарда алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелигин буннан былай да арттырыў баслы ўазыйпалардың бири есапланады.

 

Усы мақсетте Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев профилактика инспектолары менен ушырасыў өткерди. Онда Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпаларға тоқталып өтти. Атап айтқанда, мәҳәллелерде жынаятшылықтың алдын алыў, профилактика инспекторларының жумыс нәтийжелигин арттырыў ҳәм хызмет шараятларын жақсылаў сыяқлы мәселелерге итибар қаратылды. Аймақларда жынаят жүз бериўиниң алдын алыў бойынша жуўапкершиликти арттырыў, өзин-өзи басқарыў уйымлары менен бирге ислесиўди жеделлестириў ҳәм ең әҳмийетлиси мәҳәллелерге бақлаў камераларын орнатыў арқалы жәмийетлик қәўипсизликти сақлаў мәселелери айрықша додаланды.

 


Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша мәҳәллелерде алып барылып атырған жумыслар талқыланды. Соның менен бирге мәҳәллелерде жынаятшылықтың алдын алыў бойынша профилактика инспекторларының пикир усыныслары тыңланды


ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети