22.12.2024, Екшемби

Жетим қызлар, бағыўшысынан айрылған жалғыз ҳаяллардың контракт төлемин ҳәкимият ҳәм Жоқары оқыў орынлары төлеп береди

Күни кеше болып өткен видеоселектор мәжилисинде жоқары мағлыўматлы болыўды қәлеўши, қәбилетли, билими бар, деген менен тәғдир сынақлары менен нийетине жете алмаған ҳаял-қызларды хошаметлеў системасын енгизиў ҳаққында сөз болды.


Президенттиң атап өтиўинше, ата-анасының биреўинен айрылған мүтәж қызлар, бағыўшысы жоқ жалғыз ҳаяллардың контракт төлемлерин ҳәкимият ҳәм жоқары оқыў орынлары төлеп береди.  Бунда ҳәр бир ўәлаят ҳәкими жергиликли бюджет есабынан 100 ҳаял-қыздың, ҳәр бир жоқары оқыў орны болса 30-50 ҳаял қыздың контракт төлемин төлеп бериўге жуўапкер болады. Сенат Баслығы Танзила Норбоева бул жумысларды шөлкемлестириўге жеке жуўапкер болады.

Мәжлисте Ургенш университети ректоры бул система арқалы күтилип атырған нәтийжелерди түсиндирип берди.


ӨзА