Өзбекстан Республикасы
Конституциясы қабыл етилгенине 28 жыл толыўы мүнәсибети менен усы жылдың
5-декабрь күни Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң басламасы менен мəкеме ҳәм
шөлкемлердеги ҳаял-қызлар арасында спорттың "волейбол" түри бойынша
жарыс болып өтти.
Жарыста 8 команда
қатнасты.
Қызғын
беллесиўлерге бай болған жарыста Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер
министрлигиниң ҳаял-қызлар командасы сыйлы 1-орынды ийеледи.
Жеңимпазларға
шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан
Республикасы ИИБ Мәлимлеме хызмети