Елимизде күнлер суўып баслаўы менен турақ-жайларды жылытыўға болған талап артып кетеди. Бунда пуқаралар тəрепинен жасалма ысытыў пешлеринен, жарамсыз үскенелерден пайдаланыў жағдайлары ушырасып турады ҳəм бул өз гезегинде қəўипсизлик қағыйдаларының бузылыўына, соның менен бирге унамсыз жағдайлардың жүз бериўине алып келиўи мүмкин.
Бүгин, пуқаралар жасаў орынларының ҳəр бирин көриктен өткерип, газ ҳəм электр үскенелериниң қəўипсизлик қағыйдаларына жуўап беретуғынлығын, жасалма ҳəм жарамсыз ысытыў пеш ҳəм ысытыў үскенелеринен пайдаланыўға шек қойыў ҳəм қəўипсизлик илажларын көриў, ийис гази менен ҳаўа газ араласпасынан келип шығатуғын жаныў менен байланыслы жағдайлардың алдын алыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы, Үй-жай коммунал хызмет көрсетиў министрлиги, Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кəрханасы АЖ, “Ҳудудгаз” Қарақалпақстан филиалы ҳəм жуўапкер шөлкемлер қатнасыўында көргизбели оқыў семинар шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, пуқаралардың турақ жайларында ҳəм объектлерде алып барылған үйрениўлер нəтийжесинде анықланған машқалаларды орнында сапластырыў бойынша көрсетпелер берилди.
ҚР Министрлер Кеңеси
Мəлимлеме хызмети