22.12.2024, Екшемби

2020/2023-жылларда 141 мыңнан аслам халық таза ишимлик суўы менен тəмийинленеди


11-ноябрь күни Ҳүрметли Президентимиз “2020/2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли түрде социаллық-экономикалық раўажландырыў ис-илəжлары ҳаққында”ғы  ПҚ-4889-санлы қарарын тастыйықлады.

Бул қарарда биринши гезекте халықтың турмыс дəрежесин жақсылаў соның менен бирге республикадағы барлық тараўларды раўажландырыў мəселелери өз көринисин тапқан.

Атап айтқанда 2020/2023-жыллар даўамында 141 мыңнан аслам халықты таза, орайласқан ишимлик суўы тəмийнатына жалғаў арқалы таза ишимлик суўы менен тəмийинлениў дəрежесин 61,5 пайыздан 70,1 пайызға жеткериў нəзерде тутылған.

Соның менен бирге Нөкис қаласы, тақыятас ҳəм Хожели районлары орайларындағы 105 мыңнан аслам шаңарақларды ақаба суў (канализация) тармақларына жалғаў режелестирилген.

Бул арқалы ишимлик суўы ҳəм ақаба суў машқаласы сапластырылып, суў қубырларындағы насазлықларда жаңалаў жумыслары алып барылады.

 

ҚР Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети