Елликқала районы ҳəкими
пресс-конференцияда инвестициялық жойбарлар бойынша журналист ҳəм блогерлерге
мағлыўмат берди.
“Элликқалъа саҳовати” ЖШЖға “Топырақ қала” мəҳəлле пухаралар жыйыны аймағынан жүзимзарларды егиў ушын 1000,0 гектар жер майдан ажыратып берилген болып, жойбар еки басқышта əмелге асырылады. Биринши басқышта 1000 гектар майданда жүзим плантациялары шөлкемлестирилип, 1000 нан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылады (ҳəр гектарда бир шаңарақ жумыс бенен тəмийинленеди). Екинши басқышта плантацияларда жетистирилген жүзимнен 35 мың декалитр коньяк, вино өнимлерин ислеп шығарыў кəрханасы иске түсириледи ҳəм 55 жаңа жумыс орны жаратылады. Сондай-ақ, ислеп шығарылған өнимлер тийкарынан экспортқа бағдарланады.
Бүгинги күнде кəрхана тəрепинен
500,0 гектар майданда жүзимниң қарақамыс, мерс, куржэниский, рексотели, виникабрений
сыяқлы сортлары егилди ҳəм 300 ден аслам халықтың бəнтлиги тəмийинленди. Сондай-ақ,
Италияның “Della Toffola S.Р.А” компаниясы менен баҳасы 2 млн 970 мың евро
болған заманагөй жүзимди қайта ислеўши үскенелерди жеткерип бериў бойынша шəртнама
дүзилди.
ҚР Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети