Өзбекстан
Республикасы Президентиниң пәрманы
Өзбекстан
Республикасының «Айрықша жағдайлар ҳаққында»ғы Конституциялық нызамына муўапық:
1.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 2-июльдеги «Қарақалпақстан
Республикасы аймағында айрықша жағдайлар енгизиў ҳаққында»ғы ПП-164-санлы Пәрманының
2-бәнтиндеги «саат 21:00 ден саат 07:00ге шекем» cөзлери «саат 23:00 ден саат 05:00 ге
шекем» сөзлери менен алмастырылсын.
2.
Усы Пәрман қол қойылған күннен баслап күшке киреди ҳәм ғалаба хабар қуралларында
жеделлик пенен жәрияланыўы шәрт.
3.
Усы Пәрман Өзбекстан Республикасының Олий Мажлиси палаталарына тастыйықлаў ушын
жиберилсин.
4.
Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри
А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң
хаткери В.В.Маҳмудовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент
қаласы
2022-жыл 13-июль