Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлер, жергиликли атқарыў ҳәкимияты ҳәм басқада шөлкемлерде ислеўши жетекшилик қәбилети ҳәм басқарыў уқыбына ийе перспективалы кадрларды таңлап алыў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, басшы лаўазымлар ушын кадрлар резервин қәлиплестириў мақсетинде таңлаў өткерилетуғынлығын жәриялайды.
Таңлаў төрт басқышта болып өтеди.
1-басқыш - дәслепки үйрениў;
2-басқыш - тест сынақлары;
3-басқыш - жумыс үйрениў (стажировка);
4-басқыш - сәўбетлесиў.
Таңлаўға жоқары мағлыўматлы, тийисли тараўда басшы лаўазымда кеминде еки жыл ис тәжирийбесине ийе ҳәм турақлы түрде жумыс ислеп киятырған 25 жастан 45 жасқа шекемги Өзбекстан Республикасы пуқаралары қатнасады.
Таңлаў жеңимпазлары хошаметленеди ҳәм басшы лаўазымлардың кадрлар резервине киргизилип, тийисли тараўлар бойынша басшы лаўазымларға тайынланып барылады.
Таңлаўда қатнасыўшылардың арзалары 2019-жылдың 1-январынан 1-февраль аралығында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде қабыл етиледи.
Таңлаўда қатнасыў ҳаққындағы арзаға төмендеги ҳўжжетлер қосымша қылынады:
- мағлыўматнама;
- паспорт нусқасы;
- мийнет дәптершеси нусқасы;
- жумыс орнынан минезлеме (соңғы);
- дипломның нусқасы, егерде шет елде оқыған болса, нострификациядан өткерилгенлигин тастыйықлаўшы гүўалық.
Мағлыўмат ушын телефон 222-74-77