Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Қарақалпақстан Республикасы аймағында қала әтирапы ҳәм қалалар аралық автотранспорт жөнелислеринде жолаўшылар тасыўды шөлкемлестириў комиссиясы 2019-жыл 19-март күни саат 10.00 де жолаўшылар тасыў транспортында хызмет көрсетиўге шәртнамалар дүзиўҳуқықын алыў ушын, Нөкис қаласы, Төрткүл гүзары көшеси, номерсиз жай «Өзавтотранс» агентлиги ҚР басқармасы имаратында ашық тендер өткерилетуғынлығын жәриялайды.
1. Ашық тендерде белгиленген тәртипте Өзбекистан Республикасы аймағында дизимнен өткерилген, мәмлекетлик салық хызметлер уйымлары есабында турыўшы автомобиль транспортында тийисли рәўиште қала әтирапы, қалалар аралық жөнелислерде жолаўшы тасыўды әмелге асырыўҳуқықын бериўши лицензияға ҳәм де тендер усынысларында усыныс етилген ҳәр бир автотранспорт қуралы ушын лицензия карточкаларына ийе болған ҳәр қандай юридикалық тәреп қатнасыўы мүмкин. Тендер қатнасыўшысы бир автотранспорт қуралын ҳәр қыйлы жөнелислерге усыныс етиўге ҳақылы емес. Сапластырыў ямаса банкротлық басқышында турған яки мүлкине арест салынған талапкерлердиң тендерде қатнасыўына жол қойылмайды.
2.Ашық тендер таңлаўына төмендеги жөнелислер қойылады.
3. Ашық тендерде қатнасыўды қәлеўшилер Комиссиядан тендер ҳүжжетлери пакетин алыў ушын, Нөкис қаласы, Төрткүл гүзары,номерсиз«Өзавтотранс» агентлигиниңҚарақалпақстан Республикасы басқармасын 2019-жыл 14-март күни саат 17.00 ден кешикпей комиссияға буйыртпа бериўлери, тендер пакетлеринетөлеминтөлепҳәм тендер пакетлериналыпбарыўы лазым.
5. Бир пакети бир жөнелиске бериледи. Ашық тендерде қатнасыўшылар комиссиядан тендер ҳүжжетлери пакетин алыў ушын, Өзбекстан Республикасы ғазнашылық басқармасы Орайлык банктеги №4014 2186 0354 0179 50 10 0017 005 есап бетине ( банк коди:00014, ИНН:201036035) төлейди. Тендер ҳүжжетлери пакети ушын биринши пакет ең кем ис ҳақының ярым есеси 101,365 сум, қалған ҳәр бир пакетлер ушын ем кем ис ҳақының төрттен бир бөлеги 50 682 сум 50 тийин. Қатнасыўшы тендерде қатнасыўдан бас тартқанда тендер ҳүжжетлери пакети ушын төленген ҳақы қайтарып берилмейди.
5. Комиссияға тендер усынысларын (пакетлерин) тапсырыў мүддети: 2019-жыл 18-март күни саат 17.00 ге шекем.
6. Қосымша мағлыўмат алыў ушын телефон: +99861225-70-36.
Тендер комиссиясы