Басшы | Исмаилов Амат Курбанбаевич | |
e-почта: | ishlar_bosh@karakalpakstan.uz, mdjumaniyazov@umail.uz | |
Телефон: | 0(361) 222-56-07 | |
Мәнзил: | 203103, Нөкис қаласы, Ғәрезсизлик көшеси, 50 жай |
Ислер Басқармасының функционал ўазыйпалары ҳаққында
Н Ы З А М
1-бап. Улыўма қағыйдалар
1. Усы Қағыйда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Жумыслар Басқармасы
функтсионал ўазыйпаларын белгилейди.
2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Жумыслар Басқарыўшысы Қарақалпақстан
Республикасы Жоқарғи Кенгеси Баслығы ҳәм Министрлер Кеңеси Баслығыға есабат береди.
3. Жумыслар Басқармасы өз искерлигинде Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан
Республикасы Конститутсиялари ҳәм нызамларына, Өзбекстан Республикасы Жоқары Жыйналысы
Сенати ҳәм Нызамшылық палатасының қарарларына ҳәм басқа ҳүжжетлерине, Өзбекстан
Республикасы Президентиниң ҳүкимлери, қарарлары ҳәм буйрықларына, Министрлер Мәкемесиниң
қарарлары ҳәм буйрықларына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғи Кеңесиниң қарарлары
ҳәм басқа ҳүжжетлерине, Министрлер Кеңесиниң қарарлары ҳәм буйрықларына, соның менен
бирге, усы Қағыйдаға амель қилади.
4. Жумыслар Басқарыўшысы Министрлер Кеңеси жуўапкер хызметкерлери талап дәрежесинде
хызмет көрсетиўи ҳәм жумыслардың ташкиль етилиши аўҳали ушын шахсан жуўап береди,
тийисли мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы шөлкемлери, шөлкемлердң искерлиги муўапықлаштирилиши
ҳәм қадағалаў етилиўин, Жумыслар Басқармасының искерлигине дақылы бар мәселелер
бойынша Министрлер Кеңесине киритилген усыныслар ҳәм ҳүжжетлер проектларининг ҳәр
тәреплеме көрип шығилыўыны тәмийинлейди.
5. Министрлер Кеңеси искерлигин информацион-таҳлилий, ҳуқықый, шөлкемлестирилген-техникалық
ҳәм финанслық-хожалық тәрепинен тәмийинлейди, Министрлер Кеңеси жыйналысларын оның
регламентына муўапық ташкиль етади, Министрлер Кеңеси Баслығының ҳүжжетлери проектларини
таярлайды, оларды әмелге асырыў майданыдан әмелий илажларды ислеп шығады ҳәм
ижрони үзликсиз түрде тексерип береди.