21.12.2024, Шемби

Бүгин 2024-жыл 22-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Қубла Корея Республикасының “Сукмюнг ҳаял-қызлар университети“нен келген делегация ағзалары менен ушырасты.

Бүгин 2024-жыл 22-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Қубла Корея Республикасының Сукмюнг ҳаял-қызлар университетинен келген делегация ағзалары менен ушырасты.

Ушырасыў даўамында, республикамыздағы ҳаял-қызларды исбилерменликке үйретиў көнликпелерин әмелде сынаў ҳәм өзин-өзи бәнт қылыў ушын “Моно орайы” шөлкемлестириў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.




Айтып өтиў орынлы, ҳаял-қызларды өмирге таярлаў, кәсипке бағдарлаў мәселелери бүгинги күнниң тийкарғы талапларының бирине айланбақта.

Ушырасыў жуўмағында, Қарақалпақстанда жаратылған шәрт-шараятлар менен жақыннан танысыў мақсетинде инвесторлар районларға жол алды.

Таярлаған: ҚМУ журналистика факультети әмелиятшысы ­— Есенгелдиева Асем