❓Баспасөз хаткериниң нәтийжели жумыс алып барыўы нелерге байланыслы?
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз үйинде “Мәлимлеме сиясатын жүргизиўде рәсмий мүнәсибет ҳәм рәсмий баянат бериў тәртиби. Нызамшылық” темасындағы оқыў-семинары болып өтти.
Илажда кризисли коммуникация шараятында корпоратив имижин сақлаўдың өзине тән қәсийетлери, атап айтқанда, шөлкем имижин жаратыўда ҳәм кризисли жағдайларда баспасөз хаткериниң профессионаллық дәрежесине итибар қаратылды.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги бас қәнигеси Дониёр Солиев баспасөз хаткерлерине кризисли коммуникация жағдайларында ҳәрекет етиў тәртибин түсиндирди.
Сондай-ақ, көбинесе баспасөз хаткерлериниң ўақыя-ҳәдийсе шеңберинде рәсмий мүнәсибет билдириў бойынша әмелий көнликпеге ийе болмаўы жәмийетшилик арасында мәмлекетлик уйымларға исенимсизликтиң пайда болыўына себеп болып атырғанына итибар қаратты.
Оқыў-семинарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының баспасөз хаткери - мәлимлеме сиясаты мәселелери бойынша мәслаҳәтшиси Азамат Ажимуратов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының баспасөз хаткери - мәлимлеме сиясаты мәселелери бойынша мәслаҳәтшиси Бектурсын Хожановлар тәрепинен мәлимлеме хызмети хызметкериниң мүнәсибет билдириў, баянат бериўде жол қойып атырған кемшиликлери ҳәм тағы басқа темаларда шеберлик сабақлары шөлкемлестирилди.