21.12.2024, Шемби

Өзбекстан ветеранларының социаллық хызметин қоллап-қуўатлаўшы “Нураный” қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслардың есабаты

Усы жылдың 23-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң үлкен жыйналыслар залында Өзбекстан ветеранларының социаллық хызметин қоллап-қуўатлаўшы “Нураный” қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслардың есабаты болып өтти. Онда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

2023-жыл даўамында 161 мың нураный бийпул медициналық көриктен өткерилди, 8 мың нураный дәри-дармақ ҳәм азық-аўқат пенен тәмийинленди, 1600 ден артық нураный санаторийларда саўалландырылды, 862 нураный реабилитациялық техникалық қураллар менен тәмийинленди, 22 мың нураныйға басқа түрдеги материаллық жәрдемлер көрсетилди, 2 екинши жәҳән урысы қатнасыўшысы ҳәм жалғыз кекселердиң турақ-жайлары оңлап берилди, 61 мыңнан артық нураный ушын мәмлекетимиз бойлап саяхатлар шөлкемлестирилди.

Нураныйлардың турмыслық тәжирийбесинен үнемли пайдаланған ҳалда өткерилген мәдений-ағартыўшылық илажлар нәтийжесинде 160 қа жақын профилактикалық есапта турған жас саламат турмыс тәризине қайтарылды, 618 ден артық шаңарақлар ажырасыўының алды алынды ҳәм де 150 ден артық алағада шаңарақлардың жарастырылыўына ерисилди.


Илажда “Нураный” қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т.Абдижаббаровтың есабаты оқып еситтирилди.

Нураныйлар жәмийетшилик кеңеслери ҳәм мәҳәллелердеги “Кекселер мәсләҳәти” топары ағзалары ҳәм басқа белсенди нураныйлар, жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте мектеплерде, жоқары оқыў орынларында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жаслардың ҳәр қыйлы экстремистлик идеялар, ғалабалық мәденияттың унамсыз тәсирлери ҳаққында түсиндириў жумыслары алып барылды.

Буннан тысқары, ҳәр түрли мәселелерге дус келип атырған пуқаралар жыйыны аймағындағы ата-аналар, жаслар ҳәм басқа шахсларға шаңарақларда саламат турмыс тәризин тәмийинлеў ҳәм перзент тәрбиясына тийисли мәселелерде пайда болған қыйын жағдайлардан шығыў ҳәм де олардың ҳуқықый, руўхый, педагогикалық, психологиялық ҳәм медициналық билимлерин асырыўда әмелий жәрдем көрсетиў илажлары әмелге асырылды.


Усы процесслерде белсене қатнасқан нураный А.Жуманов Жоқарғы Кеңес Президиумы қарарына тийкар “Ардақлы нураний” көкирек белгиси менен сыйлықланды ҳәм де тағы басқа нураныйларға естелик саўғалары тапсырылды.