21.12.2024, Шемби

Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Қатар мәмлекетинен келген инвесторлар менен ушырасты

Бүгин 2023-жыл 1-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов «Qatar National Cement» компаниясының директоры Эсса Муҳаммад Али Калдари менен ушырасты. Ушырасыў даўамында «Qatar National Cement» компаниясы 1965-жыл шөлкемлестирилген болып, бүгинги күнде компанияның жыллық дәраматы 1 млрд. долларды қурайды ҳәмде 2 мың пуқараның бәнтлиги тәмийинленген. Команияның тийкарғы ислеп шығарыўшы өними цемент ҳәм бетонлар болып табылады. «Qatar National Cement» компаниясының атқарыўшы директоры Эсса Калдари Қарақалпақстан аймағына инвестиция алып кириў арқалы жаңа ири кәрханаларды шөлкемлестириў ҳәмде жаңа жумыс орынларын жаратыў екенлигин айрықша атап өтти. Буннан соң, мийманлар инвесторлар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысыў мақсетинде аймақларға шығып кетти.