21.12.2024, Шемби

Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында дәслепки мәрте зергерлик санааты көргизбеси шөлкемлестирилди

Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында дәслепки мәрте «Өзбекстан зергерлик санааты» атамасында көргизбе-ярмаркасы болып өтти.



Илажды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жергиликли санаатты раўажландырыў бөлими баслығының орынбасары Н.Ещанов ашып берди ҳәм соңғы жылларда мәмлекетимизде зергерлик тараўын раўажландырыў бойынша системалы илажлар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.


Шөлкемлестирилген илаж шеңберинде Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы басшылары, исбилерменлер, өнерментлер, пуқаралар ҳәм Республикамыздың зергерлик тараўында искерлик алып барыўшы кәрхана ўәкиллери қатнасты.




Көргизбени шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет-зергерлик өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалар ҳәм де сатыў менен шуғылланыўшы исбилерменлер ортасында шериклик байланысларын беккемлеў, ишки базарды импорт орынын басыўшы өнимлер менен тәмийинлеў, халықтың зергерлик өнимлерине болған талабын қанаатландырып, қызығыўшылықларын және де арттырыўдан ибарат.


Илажда Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан “GAVHAR JEWEL GROUP”, “NUR STAR JEWELRY”, “CARAVAN SILVER”, “PREMIUM JEWELRY”, “ORNAMENT JEWELRY”, “GLOBAL UNIVERSAL SERVIS”, “SHOSH LOYAL GROUP”, “GOLD AFSONA” сыяқлы республикамыздағы жетекши зергерлик кәрханалары қатнасты.


Бунда алтын, гүмис ҳәм басқа да қымбат баҳалы таслардан исленген заманагөй зергерлик буйымлары, тағыншақлар ҳәм аксессуарлар, сувинерлер көргизбеге қойылды.


Илаж даўамында қатнасыўшылар зергерлик буйымларын тамашалаў менен бир қатарда олардың сыпаты ҳаққында толық мағлыўматлар алып, көргизбениң өзинде сатып алыў имкәниятына ийе болды.