Ел басшымыз тәрепинен
пуқараларымыздың мүрәжатларын тыңлаў, машқалаларын анықлаў ҳәм оларға унамлы
шешим табыў, сондай-ақ бүгинги күнинен ыразы қылыў ҳәр бир басшының баслы
ўазыйпасы етип белгилеп берилген.
Сондай-ақ, Министрлер Кеңеси
Баслығы ҳәм оның орынбасарлары, соның менен бир қатарда, тийисли тараў
басшылары районларға шығып, мәҳәллелерде жүрген ҳалда машқалаларды пуқаралар
менен жүзбе-жүз сәўбетлесиў арқалы анықламақта.
Ҳәр бир басшы
пуқараларды кабинетте отырған ҳалда емес, ал, мәҳәллелерге барып, пуқаралардың
мүрәжатын тыңлаў ҳәмде узағын жақын қылыў баслы ўазыйпа етип белгилеп алынған.
Соны да қосымша атап өтиўимиз
зәрүр, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары районда болған ўақытларында “Мүрәжат
қабыллаў бөлими” ҳәмде секретариат баслықлары тәрепинен пуқаралардың
мүрәжатлары тыңланбақта ҳәмде машқалалары тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер
менен биргеликте үйренилип атыр.
Министрлер Кеңесине келип
түскен ҳәр қандай мүрәжат (исеним телефоны 61 222-26-14, жазба ҳәм
аўыз еки) Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановтың жеке қадағалаўына
алынған ҳәмде мүрәжатлер ҳәр ҳәптениң Дүйшемби күни көрип шығылады.
Соның менен бир қатарда, Министрлер
Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов тәрепинен Жума күни ҳәптелик
хат ҳүжжетлер ҳәм мүрәжатлар сын көзқараста көрип шығылады ҳәм де тийисли илажлар
көриледи.
Буннан тысқары, Министрлер
Кеңеси жанында “Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы мәҳәллелерде
системалы машқалаларды анықлаў, бүгинги күнге шекем өз шешимин таппай атырған ҳәм
халық кейпиятына кери тәсирин көрсетип атырған машқалалардың унамлы шешимин
табыў ушын арнаўлы ШТАБ” шөлкемлестирилген.
Буннан
көзленген мақсет, мәмлекетлик органлар менен ҳалық арасында ашық-айдынлықты
жолға қойыў, машқалаларды анықлаў, мүрәжатлардың нызамлы ҳәм сапалы көрип
шығылыўын тәмийинлеўде әҳмийетли механизмди жолға қойыў нәзерде тутылған.
Мағлыўмат ушын арнаўлы штаб номери: (61 222-13-46)