21.12.2024, Шемби

«Өзбекстан-улыўма үйимиз» ураны астында мәденият ҳәм дослық фестивалы өткерилди

«Өзбекстан-улыўма үйимиз» ураны астында мәденият ҳәм дослық фестивалы өткерилди

Бүгин 2023-жыл 23-август күни «Жолшылар» мәҳәллеси «Қарақалпақ аўыл» дем алыў орайында «Өзбекстан-улыўма үйимиз» ураны астында мәденият ҳәм дослық фестивалы өткерилди. Онда, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов қатнасып, ата-бабамыздан мийрас болып қалған, бийбаҳа миллий үрп-әдет дәстүрлеримизди ҳәм көп миллетли халқымыздың мәдениятын асырап-абайлаў кереклигин, сондай-ақ, оларды келешек әўладқа жеткерип бериў ҳәр биримиздиң баслы ўазыйпамыз екенлигин айрықша атап өтти.

Бүгинги күнде Президентимиз тәрепинен халқымызды ҳәр тәреплеме социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша айрықша көрсетпелер берип өткен еди. Усыған муўапық Нөкис қаласында жайласқан 2-сектор аймағына тийисли социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлардың бет ашар, тусаў кесиў, сүннет ҳәм бесик тойлары өткерилди ҳәм қымбат баҳалы саўғалар салтанатлы түрде тапсырылды.

Соның менен бир қатарда, илажды шөлкемлестириўде жақыннан жәрдем еткен нураныйлар ҳәм шөлкемлер Министрлер Кеңесиниң ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.