Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасы халқын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәмде физикалық шахслар тәрепинен қурылған турақ-жайларға болған ҳуқықларын тиклеў ҳаққында»ғы ПП-119-Пәрманы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳод Эрманов ҳәм Мәмлекетлик кадастрлары палатасы баслығы орынбасары Р.Нишанов және басқа да тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер жуўапкерлери қатнасыўында Хожели ҳәм Тақыятас районлары ҳәкимлигиниң мәжилислер залында ушырасыў болып өтти.
Онда Президент пәрманы және оның орынланыўы бойынша район штаб жуўапкерлери, мәкеме ҳәм шөлкем қәнигелери тәрепинен турақ-жайларға мүлк ҳуқықын тән алыўда тийисли жуўмақларды орнатылған тәртипте район ҳәм Республика штабына усыныў жағдайлары додаланды.
Соның менен бирге, үлгили районлар ретинде таңлап алынған бул районларда хатлаў жумысларын жедел пәтлерде алып барыў ҳәм ҳәр күнлик мағлыўматларды штабқа өз ўақтында жеткериў бойынша тапсырма берилди.