Алдын хабар берилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеңесиниң Юридикалық хызмети тәрепинен “Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеңесиниң Регламентине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы
Министрлер Кеңесиниң қарар жойбары ислеп шығарылып, жәмийетшилик додалаўы ушын
порталға жайластырылған еди.
Айтып өтиў керек, бул қарар жойбарының ислеп
шығылыўынан тийкарғы мақсет пуқаралар ҳәм исбилерменлик искерлигине тийисли
қарарлар қабыл етиў процесиниң ашықлығын тәмийинлеўди еле де жетилистириў, Министрлер Кеңесиниң ҳүжжетлери тийкарында пул қаржылары ажратылыўы ҳәм
сарыпланыўында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер биринши басшыларының жеке
жуўапкершилигин және де асырыў бойынша қосымша ис-илажларды белгилеп береди.
Усы мүнәсебет пенен, Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл
17-сентябрдеги 466-13-0-Q/22-сан қарары менен Министрлер Кеңесиниң Регламентине
тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Ендиликте, Министрлер Кеңесиниң
Регламентине киргизилген усы өзгерис ҳәм қосымшаларға муўапық:
Министрлер Кеңеси ҳүжжетлериниң жойбарларына физикалық ҳәм юридикалық
шахслар ушын жуўапкерлик белгилейтуғын ҳуқықый нормалар киритилиўи қадаған етиледи;
хожалық басқарыўы уйымлары ўәкиллигине
киретуғын мәселелер ҳәм корпоратив қатнасықларды нызам асты ҳүжжетлерин
қабыллаў ямаса ҳәкимшилик усыллар арқалы тәртипке салыў қадаған етиледи;
пул қаржыларын ажыратыў, соның менен
бирге, мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў мәселелерине тийисли жойбарлар
Министрлер Кеңесиниң Коррупцияға қарсы ишки
қадағалаў бөлими менен мәжбурий тәртипте келисиледи;
усыныс етилген жойбарлар ҳәм оған тийкар болған барлық ҳүжжетлер
(сондай-ақ, жойбар-смета ҳүжжетлер)диң сапалы, ҳәр тәреплеме ислеп шығылыўы,
мағлыўматлардың туўрылығы, оларды әмелге асырыўдың соңғы нәтийжелери ҳәм
ақыбетлери, ажратылып атырған (сарыпланып атырған) пул қаржлары ҳәм басқа товар-материаллық
байлықлардың мақсетке муўапық ажратылыўы ҳәм сарыпланыўы ушын мәмлекетлик
уйымлар ҳәм шөлкемлердиң биринши басшылары, сондай-ақ, тийисли тараў баслықлары
жеке жуўапкер есапланады.
Қарақалпақстан Республикасының “Нормативлик ҳуқықый
актлер ҳаққында”ғы Нызамы талапларынан келип шығып, ҳәммениң танысыўы ушын бул
қарар рәсмий дереклерде, атап айтқанда, “Еркин Қарақалпақстан” газетасының
2022-жыл 20-сентябрь күнги 113-санында, “Қарақалпақстан таңы” газетасының
2022-жыл 24-сентябрь күнги 36-37-санында, Министрлер Кеңесиниң рәсмий веб
сайтында, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы нызамшылық мағлыўматлары миллий
базасында жәрияланды. Усы орында айтып өтиў орынлы, Министрлер Кеңесиниң
Регламенти менен усы силтеме арқалы толық танысып шығыўыңыз мүмкин.
Ж. Идиятуллаев ҳәм
А. Иматов
(Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеңесиниң Юридикалық хизмети)