21.12.2024, Шемби

Мәмлекетлик тилди раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды

2022-жыл 18-август күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәжилислер залында мәмлекетлик тилди раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алда турған ўазыйпалар ҳаққында жыйналыс болып өтти. Жыйналысты Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў,  мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси-департамент баслығы П.Дабылов алып барды.


Жыйналыста Мәмлекетлик тилде ис жүргизиў тийкарларын оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими,  Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинен жуўапкерлер шығып сөйледи.


Жыйналысқа министрлик,  мәкеме,  шөлкемлер басшылары ҳәм район (қала) ҳәкимлериниң руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў,  мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшилери,  Жоқары оқыў орынларының Жаслар мәселелери бойынша орынбасарлары,  Мәмлекетлик тилде ис жүргизиў тийкарларын оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тыңлаўшылары қатнасты.