21.12.2024, Шемби

Өзбекстан Республикасының Президенти АҚШ делегациясын қабыл етти


Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев бүгин конгрессменлер Трент Келли ҳәм Дэрин Лахуд қатнасыўындағы АҚШ делегациясын қабыл етти.

Өзбекстан менен АҚШ ортасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.


Парламентлер арасында белсене алмасыўларды ҳәм конгрессменлер ўәкиллик етип атырған Миссисипи ҳәм  Иллинойс штатлары менен әмелий бирге ислесиўди даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды.