Бүгин қурылыс тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен «Жаңабазар» МПЖ аймағындағы Штабда ушырасыў болып өтди. Ушырасыўға уста қурыўшылар, жойбаршылар, архитекторлар, жолшылар, бөлип алып ислеўши кәрхана ўәкиллери ҳәм тараў хызметкерлери қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң
Баслығы Қ.Сариев байрам мүнәсибети менен тараў хызметкерлерин қызғын қутлықлап,
Қарақалпақстан Республикасы аймағын раўажландырыў жолында алып барылып атырған
реформаларда белсене қатнасып атырған қурылысшыларға миннетдаршылық билдирди.
Соңғы жылларда халқымыздың турмыс дәрежесин арттырыў, қала ҳәм
районларымыздың көринисин түп тийкарынан өзгертиў жолында көп қабатлы заманагөй
турақ-жайлар, аймақлардағы социаллық инфраструктура объектлери, саўда ҳәм
хызмет көрсетиў орынлары, билимлендириў, медицина ҳәм мәденият орайлары, заманагөй
дем алыў орынлары ҳәм балалар спорт майданшаларының қурып питкерилип,
халқымыздың ийгилиги жолында пайдаланыўға тапсырылып атырғанын мақтаныш пенен атап
өтти.
Ушырасыўда тараў хызметкерлерине байрам мүнәсибети менен ақшалай сыйлықлар
тапсырылыды.
ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети