21.12.2024, Шемби

Қарақалпақстан Республикасы нызамшылығында ҳәкимиятлар бөлиниўи принципиниң өзине тән тәреплери

Өзбекстан Республикасында өткерилип атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигине ерисиўде мәмлекет ҳәм жәмийет қурылысын жетилистирип барыў үлкен әҳмийетке ийе. Бунда әсиресе, ҳәкимиятлардың бөлиниўи принципи зәрүр факторлардан бири есапланады. Себеби, ҳәкимиятлар тең салмақлылығын тәмийнлеместен турып, мәмлекет басқарыўының пүткиллей жаңа ҳәм нәтийжели системасын жаратыў ҳаққында сөз жүритиў оғада мүшкил.

Сол себепли де, Қарақалпақстан Республикасының Конституциясында ҳәкимиятлардың бөлиниў принципи тийкарында ҳәкимият тармақлары қатнасықларының конституциялық-ҳуқықый тийкарлары белгилеп берилди. Оған бола, Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик ҳәкимият системасы — ҳәкимияттың нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд ҳәкимиятларына бөлиниў принципине тийкарланады (11-статья).


Конституцияға муўапық, нызам шығарыўшы ҳәкимият Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси (парламент) тәрепинен әмелге асырылады. Оның ўазыйпасы тек ғана нызамлар қабыл етиў емес, ал Конституция менен оған көплеген ўәкилликлер берилген болып, сол арқалы республиканы басқарыўда да белсенди қатнасады. Атап айтқанда, экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўдың мәмлекетлик стратегиялық бағдарламаларын қабыл етиў, ҳәкимшилик-аймақлық дүзилис мәселелерин нызамлар менен ретлестириў, республикалық ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының системасын ҳәм ўәкилликлерин белгилеў ҳәм де парламент қадағалаўын әмелге асырыў сыяқлы оғада әҳмийетли ўазыйпалар Жоқарғы Кеңеске жүклетилген (70-статья).

 

Тийкарғы Нызамда атқарыўшы ҳәкимият Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Ҳүкимет) тәрепинен әмелге асырылатуғынлығы белгиленген. Министрлер Кеңеси Жоқарғы Кеңес тәрепинен дүзиледи (87-статья).

Конституция менен Министрлер Кеңесине республика турмысында үлкен әҳмийетке ийе көплеген ўәкилликлер берилген. Мәселен, Министрлер Кеңеси экономиканың нәтийжели ислеўине, социаллық ҳәм руўхый тараўларға басшылық етиўди, Өзбекстан Республикасы нызамларының ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң басқа да шешимлериниң, Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманларының, қарарларының ҳәм бийликлериниң, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети қарарларының ҳәм бийликлериниң, Қарақалпақстан Республикасы нызамларының ҳәм Жоқарғы Кеңестиң басқа да шешимлериниң, Жоқарғы Кеңес Президиумы қарарларының орынланыўын тәмийинлейди (87-статья).

Сондай-ақ, Министрлер Кеңесин Жоқарғы Кеңес Баслығының усыныўы бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен Жоқарғы Кеңес тәрепинен тайынланатуғын Баслық басқарады. Өз нәўбетинде Министрлер Кеңесиниң Баслығы лаўазымы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қурамына киреди (88-статья.).

 

Тийкарғы Нызам бойынша, Қарақалпақстан Республикасы судларының судьяларын, сондай-ақ, районлараралық, районлық ҳәм қалалық судларының баслықлары ҳәм судьяларын тайынлаў, қайта тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў бойынша қарар қабыл етиў Жоқарғы Кеңес ҳәм оның Президиумының айрықша ўәкилликлерине тийисли (70 ҳәм 85-статьялар). Өз наўбетинде, Қарақалпақстан Республикасында суд ҳәкимияты нызам шығарыў ҳәм атқарыў ҳәкимиятларынан, сиясий партиялардан, басқа да жәмийетлик бирлеспелерден бийғәрез ислейди. Судьялар ғәрезсиз болып, нызамға ғана бағынады (100 ҳәм 106-статьялар).

Мәмлекет ҳәкимиятының ғәрезсиз үш тармаққа бөлиниўи жадайында мәмлекет ҳәкимияти ҳәм басқарыўы уйымларының муўапықластырылған ҳалда искерлик жүритиўи мәмлекетлик механизмниң бирлигин сақлаўда айрықша әҳмийетке ийе. Сол мәнисте Жоқарғы Кеңес Баслығы Қарақалпақстан Республикасы Басшысы ҳәм ең жоқары лаўазымлы шахс екенлиги Конституцияда беккемлеп қойылған. Оған Қарақалпақстан Республикасының жоқары нызам шығарыў ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымларының өз-ара байланыслы ҳәрекет етиўин тәмийинлеў ўазыйпасы жүклетилген (80 ҳәм 81-статьялар).

Соны атап өтиў орынлы, Қарақалпақстан Республикасының әмелдеги нызамларында да ҳәкимияттың өз-ара тыйып турыў ҳәм мәплер тең салмақлылығын тәмийинлеў принципи өз сәўлелениўин тапқан. Мәселен,  “Қарақалпақстан Республикaсы Министрлер Кеңеси ҳаққында”ғы (жаңа редакцияда) Нызамда ҳәкимият тaрмaқлaрының бөлиниўи ҳәм бирге ислесиўи Министрлер Кеңеси жумысының тийкaрғы принциплеринен бири болып тaбылaтуғынлығы (4-статья), Министрлер Кеңесиниң ағзалары Министрлер Кеңесиниӊ Баслығы, оның орынбaсaрлaры, Қарақалпақстан Республикасының министрлери, мәмлекетлик комитетлердиӊ бaслықлaрынан ибарат екенлиги (5-статья) белгиленген.

Ал, “Қарақалпақстан Республикaсы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында”ғы Нызамда нызам шығарыўшы ҳәкимият сыпатында Жоқарғы Кеңестиң ҳуқықый статусы ҳәм оның ўәкиллик шеңбери анық етип белгилеп берилген. Оған бола, Жоқарғы Кеңес бир палаталы уйым болып, алпыс бес депутаттан ибарат (2-статья).

Итибарлы тәрепи сонда, “Сайлаў ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикaсы Нызамында судьялар, прокуратура уйымларының ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымларының лаўазымлы шахслары (буған район ҳәм қала ҳәкимлери кирмейди) депутат етип сайланған жағдайда, ийелеп турған лаўазымынан босаў ҳаққында арза бериў шәрти менен Жоқарғы Кеңес депутатлығына талабан етип дизимге алынады, деп көрсетилген (65-статья).

Солай етип, Қарақалпақстан Республикaсының әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлеринде нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд ҳәкимиятының ҳуқықый статусы ҳәм олардың ўәкиллик шеңбери анық етип белгилеп берилгенлигин көриўге болады. Өз гезегиниде, мәмлекетлик ҳәкимияттың үш тармағы Конституция ҳәм нызамлар менен өзлерине берилген ўәкилликлер шеңберинде ҳәрекет етип, бир-бириниң функцияларын тәкирарламаўы мақсетке муўапық есапланады.


Ж. Идиятуллаев ҳәм А. Иматов

(Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Юридикалық хизмети)