21.12.2024, Шемби

«Инсан саламатлығы» қайырқомлық акциясында 4338 пуқара медициналық көриктен өткерилди

Республикамыздың медициналық жәрдемге мүтәж пуқараларына айрықша қолайлықлар жаратыў мақсетинде усы жылдың 27-28-июль күнлери Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң шөлкемлестириўинде «Инсан саламатлығы» атамасында қайырқомлық акциясы өткерилиўи белгиленген еди.

Еки күн даўамында Қарақалпақстан Республикасы пуқаралары өзлерин қыйнап жүрген кеселликлери бойынша қәнигелерден бийпул медициналық консультация ҳәм жәрдемлер алди.


Өткерилген акцияда республика қәнилегестирилген илимий-әмелий медициналық орайларынан 14, Бухара ўәалятынан 44, Хорезм ўәлаятынан 22, Нөкис қаласы қәнилегестирилген илимий-әмелий медициналық орайының аймақлық филиалы ҳәм Қарақалпақ медицина институты клиникасынан 62 жоқары маманлықтағы медицина хызметкерлери қатнасты.


Соның менен бирге, 2 дана мобиль маммограф, мобиль рентгенография автотранспорты, 2 дана мобиль дәрихана, 2 мобиль клиника (УЗИ, офтальмология) шөлкемлестирилди.

Қайырқомлық акциясында жәми 4338 пуқара ультрасесли тексериў (УЗИ),  электрокардиография (ЭКГ),  рентген тексериўинен, маммограф ҳәм тағы басқада медициналық көриклерден өткерилди.

 

 


Сондай-ақ, акция даўамында 597 пуқараға дәри-дармақ, фиточай, социаллық қорғаўға мүтәж 120 пуқараға майыплар кресло-арбасы, 50 тонометр, 35 еситиў масламасы ҳәм 233 пуқараға ҳәрекет таянш қураллары бийпул тарқатылды.

Еки күн даўамында болып өткен «Инсан саламатлығы» қайырқомлық акциясына өзиниң мүрәжаты менен келген 403 пуқара Қарақалпақстан Республикасының 13 медициналық мәкемелерине емлениў ушын жатқарылды. Атап айтқанда, 322 пуқараға консерватив, 81 пуқараға оператив (соннан 46 пуқараға жоқары технологиялық) жәрдемлер көрсетилди.

Әлбетте булардың барлығы инсан қәдири ушын әмелге асырылған әмелий жумыслар есапланады. 



ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги