Әмиўдәрья районында «Қарлығаш» балалар жазғы дем алыў орайы өз жумысын баслады.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда атап өтилгениндей, бул жерде балалардың кеўилли дем алыўы ушын барлық шараят жаратылған, Әсиресе, көркем суў бассейнлери, спорт майданшалары ҳәм түрли әткөншеклер олардың мазмунлы дем алыўына хызмет етеди.

Бул дем алыў орайында райондағы 87 мектептиң 7 жастан 14 жасқа шекемги оқыўшылары дем алады. Дем алыўшылардың саламатлығы, тазалығы, аўқатланыў тәртиби шыпакерлердиң турақлы бақлаўында болып, олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў турақлы қадағаланып барылады.

Бул жерде балаларға жоқары мағлыўматлы, тәжирийбели тәрбияшылар ҳәм жетекшилер бириктирилген. 9-августқа шекем 500 баланың дем алыўы режелестирилген.

Орайда ҳәр күни жас китапқумар, шет тилери, музыка, сүўрет ҳәм басқа да дөгереклердеги сабақлар, шынығыўлар арқалы дем алыўшылардың билими жетилистирилип барылады. Буннан тысқары футбол, волейбол, баскетбол, көркем гимнастика, шахмат-шашка, стол тенниси, жүзиў ҳәм басқа спорт түрлери менен шуғылланыўы ушын барлық шараят жаратылған.

Бундай шараятлар балалардың саламат өсиўине, билим ҳәм дүньяға көз-қарасының кеңейиўине, туўылған елге, оның бийтәкирар тәбиятына болған сүйиспеншилигин арттырыўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги