Арқа район ҳәкимликлери балансында бос турған
имаратларды жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин шөлкемлестириў
ушын мәмлекетлик шериклик тийкарында исбилерменлик субъетлерине таңлаў арқалы
бериў ҳәм имаратты район ҳәкимлиги балансында қалдырыў, үш жылдан кейин жеке
шерикке мәмлекетлик шериклик ҳаққындағы келисимди рәсмийлестириў ўақтында
белгиленген баҳаның 50 пайызы муғдарында ҳақы төлеў есабына 5 жыл даўамында
төлеў шәрти менен усынылған имаратларды меншикленстириў имканиятын бериў
белгилеп қойылған.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан
Республикасының арқа районларында исбилерменликти раўажландырыўдың қосымша
ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-264-санлы қарары менен:
Арқа районлардағы аўыл хожалығында пайдаланыўдан шығып
кеткен ҳәм жаңадан өзлестириўге мөлшерленген жер майданларды инннвесторларға “E-AUKSION” электрон саўда платформасында
ашық электрон таңлаў тийкарында 30 жылға аўыл хожалығы жумысын жүргизиў ушын
ижараға бериўдиң төмендегише тәртиплери белгилеп
қойылған:
Ижара ҳуқықын утып алыў ушын төленетуғын төлемниң ең
көп муғдарын усыныс еткен талабан үстемликке ийе болып, қалған нормалар бойынша
балл бериў тәртиби қолланылмайды;
Ашық
электрон таңлаў жеңимпазы ижара ҳуқықын утып алыў ушын төленетуғын төлемниң ең
көп муғдарының 50 пайызын төлеген дәўирден баслап, усы жер майданларына ижара
ҳуқықын үшинши шахсқа сатыўы ҳәм усы ҳуқықты коммерциялық банктен кредит алыўы
ушын гиреўге қойыўы мүмкин болатуғыны белгилеп қойылған.