Қарақалпақстан Республикасының Бозатаў, Қараөзек, Кегейли, Қоңырат,
Қанлыкөл, Мойнақ, Тақыятас, Тахтакөпир, Хожели, Шымбай, Шоманай районларында
бар болған жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығы ҳәм
исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дараматын
арттырыў соның менен бирге, қолайлы агробизнес орталығын жаратыў мақсетинде «Қарақалпақстан
Республикасының арқа районларында исбилерменликти раўажландырыўдың қосымша
ис-иләжлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-264-санлы
қарары қабыл етилди.
Бүгин Министрлер Кеңесинде усы қарардың мазмун-мәниси ҳәм оның
орынланыўы бойынша видеоселектор болып өтти.
Видеоселектор мәжилисине Өзбекстан Республикасы Бас министр орынбасары
Ш.Ғаниев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев,
район ҳәкимлери ҳәм тараў қәнигелери қатнасты.
Қарарда Қарақалпақстан Республикасының арқа районларында жайласқан бос турған
мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин сатыўдың бурынғысынан басқаша түрде аукцион
саўдаларындағы баҳасына қарамастан барлық қарыйдарларға сатып алыў төлемлерин 7
жыл мүддетте бөлип төлеў;
Аукцион саўдаларында сатылған
көшпес мүлк объектлери бойынша дүзилген алды-сатты шәртнамаларына муўапық
төлемлер 3 ай ишинде толық төленгенде шәртнама баҳасының 25 пайызына тең
муғдарда шегирме бериў;
Физикалық ҳәм юридикалық шахсларға исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге асырыў ушын аўыл хожалығына мөлшерленбеген бос турған жер участкаларына ижара ҳуқықын электрон онлайн-аукционда сатып алыў баҳасын 5 жыл даўамында бөлип төлеў имканиятын жаратыў белгилеп қойылған.