Усы жылдың апрель айында Футбол
бойынша Өзбекстан чемпионаты 1-лига шеңбериндеги ойынлары басланды. Онда
Республика бойынша 15 команда қатнасып, жәми 28 ойын болып өтеди. Яғный
командалар 14 ойын сапарда ал 14 ойынды өз майданында ойнайды.
1-лиганың 1-тур ойынан орын алған«ЛОЧИН — АРАЛ» ойыны 9-апрель күни Ташкент ўәлаятында болып өтти. Ойын жүдә қызғын гүреслерге бай болды. Ойынның 7- ҳәм 8-минутларында Руслан Қалмағамбетов қарсыласларының дарўазасын еки рет соққыға алып биринши бөлимниң дәслепки 10-минутында есапты 2-0 көринисине алып келди.
Екинши бөлимниң 67-минутында Арал командасы футболшысы
Бехруз Зайниддинов 3-голды урды,
72-минутта болса Дамир Нызанов пенальтидан 4- голды урып жеңисти
беккемледи.
Ойын толық Арал командасының үстемлигинде өтти.
2-турда «АРАЛ» командасы Нөкис қаласындағы футбол академиясы стадионында Ташкент қаласының «ДЎСТЛИК» командасын қабыл етти.
Ойынның 13-минутында футболшымыз Ш.Дарябаев есапты ашты. 37-минутта Р.Аразов есапты 0:2 көринисине алып келди. 1-бөлим усы есап пенен жуўмақланды.
2-бөлимдиде
футболшыларымыз өзине исеним менен баслады ҳәм 47-минутта И.Қутыбаев 3-голды
урып есапты ири 0:3 көринисине алып келди.
Ойын қызғын гүреслерге бай болып, жоқары тепм ойын соңына шекем сақланып қалды ҳәм 81-минутта футболшымыз А.Өмирбеков 4-голды урып жеңисти беккемледи 0:4. Командамыз бул сапарыда үлкен парық пенен жеңиске еристи.
24-апрель күни Ташкент қаласында биринши лиганың 3-тур ойынлары болып өтти. Онда «АРАЛ» командамыз «БУНЁДКОР-ФАРМ» клубына қарсы сапарда майданға түсти.
Қызғын гүреслерге бай болған ойында «АРАЛ» ойыншысы Шамситдин Сағидуллаев 9-минутта есапты ашты. Бул голдан соң қарсылас команда «БУНЁДКОР-ФАРМ» дәрўазамыз алдында кескинликти асырды ҳәм 20-минутта жуўап голды киргизиўге еристи есап 1:1.
Командалар усы есап пенен биринши бөлимди
жуўмақлады.
Екинши бөлимди «АРАЛ» футболшылары исеним менен баслады ҳәм 61-минутта ойыншымыз Бегзод Ахмаджонов есапты 2:1 көринисине алып келди.
Ойын соңына шекем усы есап сақланып қалды ҳәм «АРАЛ» гезекти жеңисин қабыллап алды.
1-май күни 1-лигада жеңисли жүрисин даўам етип атырған «AРАЛ»
командасы 4-тур ойынлары шеңберинде Самарқанд ўәлаятының "UNIRED"
клубына қарсы өз майданында ойнады.
1-бөлимде қарсылас
команда ойыншылары прессинг қоллап дәслепки 15-минутта гол урыўға еристи есап
0:1. Командалар усы есап пенен 1-бөлимди жуўмақлады.
2-бөлимде мийманлар өзлериниң жеңиске ерисиўине толық исеним менен ҳәрекет ете баслады.
Оғада аўыр кешкен ойында Арал футболшылары характер көрсете алды. Екиниши бөлимниң дизгини толық Арал командасына өтти ҳәм ойынға екинши бөлимде қосылған А.Жумамуратов 69-85- минутларда гол урып, дубльге еристи. Есап 2:1.
Арал командамыз қыйын кешкен ойында исенимли жеңиске еристи.
5-тур ойыны Әндижан
ўәлаятының «ШАХРИХОНЧИ» клубына қарсы майданға түскен «АРАЛ» фуболшыларына бул
сапар әўмет күлип бақпады. «АРАЛ»
командамыз 1:3 есапта жеңилиске ушырады.
Деген менен футболшыларымыз тезден өзлериниң спорт формасына келди ҳәм Қашқадәрья ўәлаятының «НАСАФ-ФАРМ» клубына қарсы сапарда майданға түсти.
Ойынның дәслепки екинши
минутында пенальтидан Д.Нызанов есапты ашты. 35 минутта «НАСАФ-ФАРМ» ойыншылары
есапты 1:1 көринисине алып келди.
Биринши бөлимге қосып
берилген 1-минутта Д.Нызанов 2-голды урып есапты 2:0 көринисине алып келди ҳәм
командалар усы есап пенен тәнеписке кетти.
Екинши бөлимниң
56-минутында Р.Қалмағамбетов 3-голды урып жеңисти беккемледи. Усы 3:1 есабы
ойын соңына шекем сақланып қалды ҳәм Арал гезектеги жеңисин қабыллап алды.
Бүгинги күнге шекем «АРАЛ» клубы 15 очко топлап турнир кестесинде 1-орында келмекте. Соның менен бирге қарсыласлары дарўазасына 16 гол урып 6 голды өз дәрўазасынан алып шықты.
Гол өткерген командалар
ишинде ең жақсы көрсеткиш «АРАЛ» командасында.
Усы жылдың 22-май күни «АРАЛ»
клубы Ташкент қаласының «ЧИҒАТОЙ» клубына қарсы өз майданында ойнайды.
ҚР Министрлер Кеңесиниң
Мәлимлеме хызмети