Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен Шаңарақлық
шыпакерлик пунктлери, шаңарақлық поликлиника ҳәм районлық (қалалық) көп
тармақлы орайлық поликлиникаларда күндизги стационар жумыс ўақты
саат 20:00 ге шекем создырылатуғыны және оларда ислейтуғын медицина
хызметкерлерине 2022-жыл 1 июньнен баслап қосымша үстеме ҳақы белгиленетуғыны көрсетилген.
Соның менен бирге алыс ҳәм шетки аймақлардағы шаңарақлық шыпакерлик
пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларда жумыс ислеп атырған барлық
шыпакерлердиң айлық мийнет ҳақысына қосымша 2 миллион
сум муғдарында ҳәр айлық үстеме белгиленеди және оларға ипотека
тийкарында турақ жай сатып алыўда турақ жай баҳасының 50 процентине
шекемги бөлеги, бирақ базалық есаплаў муғдарының 500 есесинен
аспаған муғдарда жергиликли бюджет қаржылары есабынан қаплап бериледи, алыс
ҳәм шетки аймақларда үзликсиз үш жыл ислеген шыпакерлер клиникалық ординатураға тест
сынақларысыз қабыл етиледи.